Бирақ, бул әмелият даўамында халықтың ҳақылы наразылықлары келип шыққан. Атап өтилиўинше, айырым мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық банклер кредит карталары менен операцияларды әмелге асырыўда коммуналлық хызметлер, билимлендириў, медицина, қамсызландырыў ҳәм салық төлемлерин нақ пул алыўға теңлестирип, оның ушын қосымша процентлер ҳәм комиссияларды өндирип келмекте.
Усы жағдайларды есапқа алып, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4, 12, 19, 21 ҳәм 23-статьяларына муўапық Орайлық банкке рәсмий сораў жиберип, төмендегилерди усыныс етти:
кредит карталары бойынша процентлер ҳәм комиссияларды есаплаў бойынша мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес банклердиң жумысын үйрениў;
тутыныўшылардың мәплерин есапқа алған ҳалда усы операцияларды әмелге асырыў тәртибин қайта көрип шықсын;
тийкарсыз услап қалынған комиссияларды қайтарыў илажларын көриў.
Бул мәселениң көрип шығылыўы ҳәм көрилген илажлар ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи.




