Бүгинги күнде креатив экономика көплеген мәмлекетлерде өсиўдиң тийкарғы драйверлеринен бирине айланбақта. Дүнья жалпы ишки өниминиң 3-7 проценти усы тараўдың үлесине туўра келеди. Мәмлекетимизде 2024-жылы креатив экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлеси 3,7 процентти ямаса 56,8 триллион сумды қурап, экспорт көлеми 770,6 миллион долларға жеткен, тараўда 319 мыңнан аслам адам бәнт болған.
Халықтың 60 проценттен асламын жаслар қурайтуғыны, сондай-ақ, санлы инфраструктураның жедел раўажланып атырғаны ҳәм бай мәдений мийрастың бар екени бул тараўда "үлкен секириў" ушын беккем тийкар жаратпақта.
Усы мақсетте 2024-жылы креатив экономика ҳаққында өз алдына нызам қабыл етилип, бул тараў ушын ҳуқықый тийкарлар жаратылды. "Креатив индустрия парки" шөлкемлестирилип, оның резидентлери ушын айрықша салық режими енгизилди. Атап айтқанда, дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкасы 12 проценттен 6 процентке түсирилди. Тараўдағы исбилерменлерге және бир қатар жеңилликлер берилди.
Бул илажлар есабынан 2030-жылға барып, "креатив экономика"ның жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке ямаса 145 триллион сумға жеткериў, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў ҳәм бул тараўда 500 мыңнан аслам халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген.
Презентацияда Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын "Креатив индустрия парки" концепциясы да көрип шығылды. Оның аймағында бағ, көркем өнер объектлери, Халықаралық программаластырыў тармағының Ташкент мектеби, бук-кафе, спорт майданшалары, көркем дөретиўшилик павильонлары, коворкинг ҳәм офис ханалары, кино ҳәм видео ислеп шығарыў зоналары, сес жазыў студиясы, креатив индустрия кампусы, жаслар ҳәм дөретиўшилер ушын мийманхана шөлкемлестириледи. Жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылады.
Жаңа Ташкент қаласы ҳәм Нөкис қаласында да креатив парклер шөлкемлестириў режелестирилген.
Жаңа Ташкенттеги бағда креатив резидентлер ушын ижара имаратлары, студиялар, медиа ҳәм конференция заллары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайластырылады, Нөкис қаласындағы "Истиқлол" бағындағы павильон реконструкцияланып, көп тармақлы жәмийетлик-мәдений орайға айландырылады.
Нөкис қаласындағы креатив парк жойбары "ЭКСПО-2025" көргизбесинде көрсетилип атырған Өзбекстан миллий павильонының орнатылыўы менен әҳмийетли. Оның жанында заманагөй китапхана қурылады.
Мәденият орайларының жумысы сын көзқарастан талланды.
Атап өтилгениндей, республикадағы 800 ден аслам мәденият орайының ярымынан көби оңлаўға мүтәж. Орайлардың көпшилиги елеге шекем ески усылда жумыс ислеп, тийкарынан байрам илажларын өткериў менен шекленип атырғаны атап өтилди.
Бул бағдарда мәденият орайларын заманагөй стандартлар тийкарында раўажландырыў бойынша тәжирийбе жойбары ислеп шығылды. Жойбар Ташкент, Қоқанд, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларындағы 4 орайды өз ишине алады, олардың бириншиси Ташкент қаласындағы "Гулшан" мәденият орайы тийкарында шөлкемлестирилмекте. Онда "мәденият - билимлендириў - дем алыў - пикирлесиў" принципи тийкарында ҳәр қыйлы бағдарларда дөгереклер, устаханалар, студиялар ҳәм дөгереклер шөлкемлестириледи.
Презентацияда Уллы Британия Короллик қорының мектеби тәжирийбеси тийкарында Ташкент қаласында дәстүрий көркем өнер жоқары мектебин шөлкемлестириў режелери көрип шығылды.
Бул жоқары билимлендириў мәкемесинде гүлалшылық ҳәм гербиш жумысы, нағыс ойыў, ағаш оймакерлиги, архитектуралық каллиграфия, геометриялық ҳәм биоморфлық нағыслар бойынша бакалавр ҳәм магистрлер таярланады. Билимлендириў еки жыллық бағдарлама тийкарында инглис тилинде алып барылады. 2027-жылға шекем 50 қәниге, 2031-жылы болса жылына 80 маман кадр таярлаў режелестирилген.
Презентацияда Миллий реставрация институтын шөлкемлестириў, Самарқандтағы Бибиханым мешитин реставрациялаў, "Түркстан" көркем өнер сарайының жазғы амфитеатрын оңлаў жойбарлары да көрип шығылды. Жойбарлаў ҳәм реставрациялаў жумыслары ЮНЕСКО менен толық келисилген ҳалда әмелге асырылыўы керек екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы креатив экономиканы раўажландырыў мәденият тараўы ушын да, улыўма экономика ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтип, белгиленген жойбарларды сапалы әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.