Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысы және де раўажландырылады

    25 маусым 2025 1735

    Президент Пәрманы (ПП-98-санлы, 23.06.2025 ж.) менен "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў" концепциясы тастыйықланды.

    Концепцияға бола, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары системасын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлери ҳәм тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди.

    Жергиликли Кеңеслер, олардың уйымлары ҳәм депутатларының қадағалаў жумысын жетилистириў, бюджет ҳәм аймақларды режелестириў процесслериндеги қатнасын күшейтиў;

    халықтың машқалалары ҳәм аймақ мәплерине байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиўди "мәҳәлле жетилиги" - район (қала) Кеңеси - ўәлаят Кеңеси - Сенат" принципи тийкарында күшейтиў;

    Жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилиги тараўындағы жумысын жетилистириў, қарарлар ислеп шығыўда кең жәмийетшиликтиң кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў;

    Жергиликли Кеңеслер депутатларының статусы ҳәм жумысының тийкарғы кепилликлерин және де күшейтиў;

    Жергиликли Кеңеслер жумысының шөлкемлестириўшилик-институционаллық тийкарларын жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў;

    Жергиликли Кеңеслердиң жумысында өз-ара ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў;

    Жергиликли Кеңеслердиң жумысын толық санластырыў, “E-Kengash” электрон платформасын жетилистириў.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates