Бир неше онлаған мың жумысшы-қәниге мийнет етип атырған ири кәрханалар қатарында киши ҳәм орта бизнес структуралары да көбейип бармақта. Олар жумыс алып барып атырған тараў ҳәм бағдарлар да жыл сайын жетилисип бармақта.
Ыссыхана хожалығы мине усындай өзине тән тармақлардан бири. Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде елимизде 5100 гектар ыссыхана бар. Кейинги жети жылда оларда жетистирилетуғын өнимниң көлеми 110 мың тоннадан 546 мың тоннаға жеткен. Әлбетте, экономикамызда бундай жаңа тармақлардың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы, бәринен бурын, экономикалық-социаллық раўажланыў, азық-аўқат қәўипсизлигине ерисиў, қалаберсе, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен имканият жаратпақта.
Ыссыханалар жумысының раўажланыўы нәтийжесинде ҳәттеки қыстың суўық күнинде де базарларымызға помидор, қыяр сыяқлы жаңа пискен, таза палыз өнимлери, мийўелер, пайдалы элементлерге бай көк шөплер жеткерип берилмекте. Қалаберди, шақасынан жаңа үзилген қулпынай, лимон сыяқлы жазғы өнимлерди татыў мүмкин. Бирақ бул процесс тәбийғый турақлылыққа сәйкес пе, деген сораў ҳаққында ҳәмме де ойлап көре бермейди.
Мағлыўматларға бола, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында жумыс алып барып атырған 7290 ыссыхананың 7138 и қыста өним жетистириў ушын көмирден пайдаланбақта. Улыўма, ыссыханалар бир мәўсимде 235 мың тонна көмир жағыўы нәтийжесинде ҳаўаға 21,1 мың тонна шығынды шығарылған. Сондай-ақ, бул өндирис тармақларында ҳаўаға шығарылып атырған зыянлы газлерди услап қалыўшы фильтр жоқ.
Көмир глобал ысыўға себеп болып атырған ең үлкен патасландырыўшы дәреклерден бири. Оннан тарқалатуғын зәҳәр көмирди қазып алыў, тасыў ҳәм пайдаланыўға шекемги процессте қоршаған орталық, ҳаўа, топырақ ҳәм суўды патаслайды. Бундай жанылғыдан пайдаланыў елимиздиң экологиясына да унамсыз тәсир етеди. Ҳаўаның патасланыўы инсан саламатлығына зыян жеткерип, аллергия, дем алыў, жүрек-қан тамыр системасы кеселликлерин келтирип шығаратуғын себеплерден бири болып есапланады. Сонлықтан, бундай жағдайлардың алдын алыў, өндирис тармақларында тәбиятқа зыян жеткермейтуғын усылларды енгизиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.
2025-жыл елимизде "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика жылы", деп жәрияланды. Бул бағдарда мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылып, әмелге асырылмақта. Бул илажлар даўам еттирилип, елимизде кем углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм "жасыл" қаржыландырыў миллий бағдарламасы ислеп шығылды. Инвестициялық жойбарларда "жасыл" компонентлер көбейтилип атыр. 2030-жылға шекем зыянлы шығындыларды 35 процент қысқартыў ҳәм бул миннетлемени турақлы арттырып барыў режелестирилген.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде қала аймағының кеминде 30 процентин көклемзарластырыў нәзерде тутылған. Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды 100 процент енгизиў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Тез пәт пенен өсип баратырған экономиканың энергетикаға талабын толық қаплаў ушын "жасыл" энергия дәреклери жедел раўажландырылмақта.
Атап айтқанда, өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы тартылды. Нәтийжеде 9,6 гигаваттлы заманагөй энергия қуўатлылығы, соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш, самал электр станциялары ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системасы иске қосылды. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Соның менен бирге, өндирис тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў, санаат кәрханалары, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда ресурс үнемлейтуғын, тәбиятқа зыян жеткермейтуғын усылларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, ыссыхана хожалықларының жумысын буннан былай да раўажландырыў да турақлы итибарда.
Усы жыл 30-июль күни Президентимиздиң басшылығында мийўе-овош ҳәм азық-аўқат экспортын көбейтиў мәселелерин додалаў бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы жумыслар да ҳәр тәреплеме талланып, тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди. Буннан былай ыссыханалар категориясына қарамастан, жер салығын аўыл хожалығы жерлери ставкасында төлеўи, 2028-жылға шекем ыссыхана жумысшылары ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсирилиўи әҳмийетли жаңалықлардан болды.
Видеоселекторда, сондай-ақ, исбилерменлер кредит жүгиниң аўырлығы, төгин баҳасының қымбатлығы, үзликсиз газ тәмийнатының жоқлығы себепли қыйыншылыққа ушырап атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, 600 гектардан аслам майдандағы ыссыхана жумысын тоқтатқан, 128 гектары қарыздарлық себепли банктиң ықтыярына өткен.
Сонлықтан, ыссыхана хожалықларын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Енди ишки базар менен бирге экспортқа да өним жеткерип бериў миннетлемесин алған, тәбийғый газ жәрдеминде ислейтуғын ыссыханалар қысқы мәўсимде жанылғы менен кепилликли көлемде тәмийинленеди. Көмир ямаса басқа да альтернатив жанылғыға өткен ҳәм экспорт миннетлемесин алған ыссыханаларға да тәбийғый газге қайтыў имканияты бериледи. Айланыс қаржы жетерли болыўы ушын алдын ала төлем октябрь-март айларына 50 процент етип белгиленеди. Онда ыссыханалар газ жеткерип бериў кәрханалары менен 1-октябрьге шекем шәртнама дүзеди.
Көмир ямаса басқа альтернатив ысытыў системасына өткен ыссыханаларға ажыратылған кредит мүддети создырылады. Ыссылық насослары технологиясы тийкарында ыссыхана шөлкемлестиргенлерге қәрежетиниң 20 процентке шекемги бөлеги, бул жумыслар кредит есабынан болса, кредит ставкасының 4 проценти қаплап бериледи.
Салық комитетине ыссыханалардан қысқартылған газ қайсы тараўларға бағдарланғаны ҳәм олардың нәтийжелилигин таллаў ўазыйпасы тапсырылды. Егер ол тармақта қосымша қун аз болса, газ ыссыханаларға бағдарланады.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта. Енди Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында көмирде ислеп атырған 7138 ыссыхана тәбийғый газге өткериледи. Буның ушын талап етилетуғын қосымша 114,4 миллион метр куб тәбийғый газ ишки экономика есабынан қапланады. Ҳәзирги ўақытта жуўапкер структуралар тәрепинен ыссыханаларды газ тармағына жалғаў ушын техникалық шәртлер белгиленип, әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
- Кәрханамыз дүзилгенине 10 жылдан асты, - дейди Қибрай районындағы "Ҳәрекет агро сервис" ЖШЖ баслығы Баҳром Рисқулов. - 30 гектардан аслам майданда бағ ҳәм жүзимзарлық жаратқанбыз. Соның ишинде, 2 гектарда ыссыхана да шөлкемлестирилген. Онда тийкарынан помидор жетистирип, елимиз базарларына жеткерип беремиз, сырт елге де экспорт етемиз. Қыста ыссыханада тийкарынан көмир жағылатуғын еди. Соңғы жыллары елимизде шаң-тозаңлы күнлердиң көбейип баратырғаны, климат өзгериўи менен байланыслы машқалалар биз, исбилерменлерди де тәшўишке салды. Сонлықтан, өндиристе экологиялық зыянсыз усыл ҳәм қуралларды енгизиў бойынша турақлы излениўдемиз. Мақсетимиз - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурс үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиў бағдарындағы илажларға өз үлесимизди қосыў.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы