Онда Ислам цивилизациясы орайы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшы-хызметкерлери, жетекши илимпазлар, көркем өнертаныўшылар, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер "Ағартыўшылық кәрўаны" илажларының нәтийжелилиги, мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти. Орынларда өткен илажларда мәмлекет зыялыларының бир идея астында бирлескени, жәмийеттиң раўажланыўы жолында оларды бир жерге жәмлегени айрықша атап өтилди. Бул дәстүр жадид бабаларымыздан мийрас екени, бул болса, тийкарынан, Үшинши Ренессанстың тийкары екени атап өтилди. "Ағартыўшылық кәрўаны" илажларын келеси жылдан баслап жылына төрт мәрте өткериў усынысы берилди.
"Ағартыўшылық кәрўаны" үгит-нәсиятлаў илажлары бул ата-бабаларымыздан қалған жоқары ағартыўшылық мийрасты үгит-нәсиятлаў менен бирге, жасларды бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардан хабардар етиўди өз алдына мақсет еткен, -деди Ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқов. - Ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға үнлес түрде жаңаша форматларда ислеўимизди дәўирдиң өзи талап етпекте. Және бир жаңалықты сизлер менен бөлисиўди қәлер едим. Күни кеше СNN, Euronews ҳәм дүньяның жетекши телеканалларында Ислам цивилизациясы орайы ҳаққындағы медиа өнимлер көрсетилип киятырғаны туўралы жақсы хабарды еситтик. Енди тек ғана миллий емес, ал жәҳән стандартларына сәйкес контентлерди де жаратыўымыз керек. Алдымызда жүдә көп ҳәм үлкен ўазыйпалар турыпты. Миллий ағартыўшылығымызды арттырыўымызға хызмет ететуғын бундай ийгиликли жумысларды орайымызда жумыс алып барып атырған 50-60 илимпаз ҳәм хызметкерлер менен әмелге асырыў қыйын.
Соның ушын биз "Ағартыўшылық кәрўаны" атамасы астында мәмлекетимиз бойлап жүзлеген ағартыўшы инсанларды жыйнадық ҳәм үгит-нәсият жумысларына тарттық. Мақсетимиз, мәмлекетимиз басшысы билдирген исенимди ақлаў ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаларды мүнәсип әмелге асырыўдан ибарат. Биз мине, усындай жоқары мақсетлер жолында бирлеспектемиз.
Мағлыўмат орнында "Ағартыўшылық кәрўаны" илажларын шөлкемлестириў ушын Республикадан қатнасатуғын илимпазлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлардан ибарат жәми 68 адамнан ибарат республикалық үгит-нәсиятлаў топары ағзалары қәлиплестирилди. Бул илажларға 14 аймақтан 80 мыңға шамалас қатнасыўшы қамтып алынды. Әнжуман соңында ағартыўшылық илажларда белсене қатнасқан бир топар илимпазлар сыйлықланды.
- Жаслардың қолынан телефонды алып қойып болмай атырған болса, демек, биз олардың телефонының ишине кирип барыўымыз керек, - деди Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Отабек Ҳасанов. - Сапалы медиа контентлердиң санын көбейтип, миллий интернет сегментин раўажландырыўымыз керек. Заманға бейимлесиўимиз керек. Ҳәзирги күнде жасалма интеллект ғалаба ен жаймақта. Мен оны пышаққа уқсатаман. Ол аспаздың қолына түссе, оның жәрдеминде мазалы аўқат таярлаўы мүмкин. Жаўыз нийетли адамның қолына түссе, оннан бузғыншылық жолында пайдаланыўы мүмкин. Орайымызда стартап жойбарлар ушын арнаўлы бөлим шөлкемлестирмекшимиз. Ол жерде жаңа идеялар, заманагөй усыныслар тыңланып, әмелге асырылады. Бүгинги жасларды ҳайран қалдырыў қыйын. Оларға не керек екенлигин билмеймиз. Соның ушын, идеяларды олардан алып, және өзлерине нәтийжели көринисте қайтарамыз. Келешекте өткерилетуғын "Ағартыўшылық кәрўаны" илажларының және де тартымлы ҳәм рәңбәрең өтиўинде бул стартап жойбарлар жәрдем береди, деп ойлайман.
Илаж даўамында Ислам цивилизациясы орайының мега-жойбары бойынша видеоролик көрсетилди. Онда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы бойынша әмелге асырылған жумыслар: әҳмийетли халықаралық байланыслар, ойлап табыў ҳәм ашылыўлар, ири халықаралық илажлар сыяқлы ўақыялар сәўлеленген.