Буннан тысқары, мәмлекет басшылары тәрепинен төмендеги әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди:

- 2027-2028-жыллар дәўиринде БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы емес ағзалығына Қырғыз Республикасының кандидатурасы бойынша БМШға ағза мәмлекетлерге мүрәжат;

- Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында Әзербайжан Республикасының толық ҳуқықлы қатнасыўы ҳаққында қарар;

- Орайлық Азияда регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық концепциясы;

- 2026-2028-жылларда Орайлық Азия қәўипсизлиги ушын қәўип-қәтерлер каталогы ҳәм олардың алдын алыў илажлары.