Жеке меншик басылымлар, телерадиоканаллар, интернет ресурслары көбейип, олардан пайдаланыўшылар қатары барған сайын кеңейип бармақта. Сол себепли, дүнья көлеминде ҳәр қыйлы қураллар арқалы тарқалып атырған мәлимлеме ағымын тосып қойыў ямаса жылаўлаўдың имканияты қалмай атыр.
Балалар медиа өнимлерди ең көп қабыл ететуғын сегмент есапланады. Солай екен, ҳәр бир ул-қызымыз медиа базарының "ишин", яғный сырларын билип, аңлап өсиўи керек. Қалаберди, бул интеллектуаллық мәлимлеме әсири талабы, заманагөйлик шәрти. Соның ушын ЮНЕСКО медиа тәрбияны XXI әсир педагогикасының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеген.
Хабардарлық, әлбетте, керек ҳәм бул бүгинги күн ушын да зәрүр. Бирақ тарқалып атырған мәлимлемениң ҳәммеси де пайдалы емес және ҳәмме де тек пайдалы контентлерди көрип атырған жоқ. Сонлықтан, пуқараларды, әсиресе, балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў, оларға қарсы тура алатуғын қуралларды табыў ҳәм қолланыў бүгинги күндеги тийкарғы ўазыйпаларымыздан бирине айланбақта. Президентимиз мине усы мақсетте усы жылдың май айында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилисинде балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў бойынша көп жумыслар исленип атырғаны ҳәм бул бағдарда айрықша нызам қабыл етилгенин атап өтти. Соның ишинде, "Дурыс, бүгинги күнде жаслар мәнаўияты менен ҳәмме шуғылланбақта. Бирақ зыянлы хабарларға қарсы тура алатуғын миллий контент жаратыў, оларды үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша профессионал шөлкем жоқ", деп айрықша атап өтти. Усы жыл 15-майда мәмлекетимиз басшысының "Балалар ушын мөлшерленген миллий контентлерди жаратыў ҳәм оларды ғалаба ен жайдырыўды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарарының қабыл етилиўи мине усы мәселениң шешимин табыўда әҳмийетли қәдем болды. Себеби, бул қарарға муўапық, ҳәзирги ўақытта Балалар ушын мөлшерленген миллий контентлер жаратыўды муўапықластырыўшы кеңес жумыс алып бармақта. Оның қурамына Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты да киргизилгени, өз гезегинде, илимий жәмәәтимизге үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Буннан тысқары, қарар менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди. Жаңа орай, тийкарынан, балалардың тәрбиясы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсир ететуғын мәлимлеме мәканындағы контентти таллайды, сырт ел контентлериниң ең сайланды ҳәм пайдалы үлгилерин өзбек тилине аўдарады, балалар ушын зыянлы мәлимлемелер тарқалыўының алдын алады. Балалар ҳәм ата-аналардың медиа саўатлылығын арттырады, сырт елдеги ўатанлас балалар арасында миллий контентти ғалаба ен жайдырады, балалар ушын пайдалы болған контентти усыныс ететуғын социаллық тармақ бетлери ҳәм жасалма интеллект системаларын енгизеди.
Қалаберди, балалар ушын мөлшерленген миллий контентлерди жаратыўға сырт ел қәнигелерин тартады, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте қоспа жойбарлар таярлап, оларды әмелге асырады. Балаларға миллий мәденият, көркем өнер, әдебият, тарийх ҳәм руўхый қәдириятлар ҳаққында түсиниклер беретуғын, оларда экологиялық мәдениятты қәлиплестиретуғын, саламат турмыс тәризи көнликпесин раўажландырыўға хызмет ететуғын миллий контентлер жаратыўға байланыслы жойбарларды енгизеди. Сондай-ақ, балалардың өзбек тилинде дурыс сөйлеў ҳәм имла қәтелерисиз жазыў көнликпесин раўажландырыўға мөлшерленген интерактив бағдарламалар ислеп шығады, жергиликли дөретиўшилерге миллий контент жаратыў бойынша буйыртпа береди, тараўда кадрлар таярлаўды шөлкемлестиреди.
Қарарға муўапық, 2030-жылға шекем балалар ушын мөлшерленген миллий контентлер, соның ишинде, басылым өнимлери пайда салығынан азат етилди, социаллық салық болса 1 процент муғдарында белгиленди, қосымша қун салығын қайтарыў тәртиби де енгизилди.
Мәмлекет көлеминде бундай кең көлемли илажлардың әмелге асырылып атырғаны, әлбетте, бийкарға емес. Себеби, бәршемиз реал турмыста балаларымызда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўге ҳәрекет етип атырмыз. Бирақ негедур виртуал турмыста бундай болмай атыр. Бул болса айырымларда интернетфобияны пайда етпекте. Олар "Балаларымызды интернеттен қорғаўымыз керек. Интернет балаларымызды бузып атыр," дейди. Негизинде болса "Биз өзимиз интернеттен қалай пайдаланыўды үйренбегенбиз. Балаларымызға үйретпедик. Оларды қалай қадағалаўды билмеймиз. Соның ушын биз берип атырған пулдан балаларымызға пайда орнына зыян келип атыр", делинсе дурыс болады. Себеби интернеттеги жақсы ресурсларды қойып, жаманларынан пайдаланса, сондай болады-ғо.
Интернет - улыўма инсаныйлық трендте ҳәм солай болып қалады. Интернет - базар. Оны критикалаў пайдасыз. Оннанша, баламызға бул базардан нени, қалай алыўды үйретейик. Дәслеп өзимизди, кейин балаларымызды медиа мәденият пенен қуралландырайық. Әне сонда интернет бизди емес, биз интернетти жеңемиз: аз пул сарыплап, интернеттен үлкен пайда алып жасаймыз.
Британиялы медиапедагог Д.Букингем "Мәлимлемелескен жәмийетте жаслар медиа өнимлерди пассив қабыл етеди ҳәм оның қурбанына айланады. Сол себепли, медиапедагогика баланың өзин орайға қояды. Баладағы медиабилим ҳәм тәжирийбеге сүйенеди", дейди. Солай екен, жасларға медиа өнимлерди таңлаў ҳәм олардан пайдаланыўды үйретиў бүгинги күнниң тийкарғы шәртлеринен бирине айланды. Машқала сонда, айырым жағдайларда ата-аналар, ҳәттеки айырым оқытыўшылар да өз перзентлерине медиа мәдениятты үйрете алмай атыр. Оның үстине, мәлимлеме технологиялары соншелли тез раўажланбақта, оған ҳәттеки жаслардың өзи де жетип бара алмай атыр.
Президентимиздиң қарарына бола, Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтына Балалар контентин раўажландырыў орайына илимий жақтан жәрдемлесиў ўазыйпасы да жүкленди. Бул бийкарға емес. Себеби институттың шөлкемлестирилгенине жаңа бир жыл толып атырған болса да, усы қысқа ўақыт ишинде балалар контентин толтырыў бойынша белгили жумыслар исленди. Мәселен, мектеп оқыўшыларының китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға қаратылған, оларды турмыслық көнликпелер, шет тиллер ҳәм кәсип-өнерге үйрететуғын "қалта китапшалар"ды (pocket books) енгизиў бойынша инновациялық жойбар әмелге асырылды. Бул, өз гезегинде, оқыўшыларға турмыслық көнликпе, шет тиллер ҳәм кәсип-өнер үйретиўде инновациялық қурал, сондай-ақ, оларды келешекте емес, бүгин турмыслық көнликпелерден пайдаланып, табысқа ерисиўге үйретиўши (skill book) китапша ўазыйпасын атқарады.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 6 миллионнан аслам оқыўшы ҳәм 1 миллионнан аслам студент дем алысқа шықты. Мине усындай "қалта китапшалар" жаз айларында жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўде руўхый қурал ўазыйпасын атқармақта.
Ҳәзирги ўақытта институтымыз жәмәәти бундай инновациялық жойбарларды және де кеңейтиў ҳәм раўажландырыў үстинде жумыс алып бармақта. "Ўатанға муҳаббат", "Тил үйрениўдиң аңсат жоллары", "Кәсиплер дүньясы", "Дөретиўши бала", "Не ислесем достым көп болады?", "Мобил телефонның пайдасы ҳәм зыяны", "Заманагөй қыз бала", "Мен исенимди ақлайман", "Меҳрибанларым", "Исбилермен оқыўшы", "Мениң ерк-ықрарым", "Кеңпейиллик", "Мийнет сүйгиш балалар" атамаларында жаңа "қалта китапшалар"ды таярлаў ҳәм мине, усы тийкарда Балалар контентин раўажландырыў орайы менен биргеликте балалар ушын мөлшерленген миллий контентлер жаратыў ҳәм оларды ғалаба ен жайдырыўды режелестиргенбиз.
Институтымыз илимпазлары 1-11-класс оқыўшылары ушын "Мениң руўхый жолдасым" рубрикасында ҳәр бир класс оқыўшыларының реал турмыслық тәжирийбелерине сәйкеслеп, заманагөй мазмунда 11 қолланба таярлады. Бул қолланбалар да, өз нәўбетинде, балалар ушын мөлшерленген миллий контент сыпатында хызмет етеди.
Биз еле мәҳәлледеги тәрбиялық имканиятлардан толық пайдалана алғанымыз жоқ. Бирақ бул бағдарда жумыслар баслап жиберилген. Әне усы мақсетте "Мәҳәлле педагогикасы" рубрикасында халық, әсиресе, жаслар арасында ҳүжданлы мийнет етиў, исбилерменлик, кәсиплик-мәнаўий көнликпелерди үйретиў, инновациялық пикирлеў, интакерлик, пидайылық пазыйлетлерин тәрбиялаўда мәҳәллелердиң социаллық-тәрбиялық имканиятларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған бағдарламалар ислеп шығыўға киристик. Бул бағдарламалар, өз гезегинде, балалар ушын мөлшерленген миллий контентлерди жаратыўға тийкар болады.
Мәмлекетимиз көлеминдеги бундай кең көлемли илажлардың тийкарында бирден-бир мақсет жәмленген: жаңа Өзбекстанды қуратуғын, Үшинши Ренессанс тийкарын қалайтуғын жасларды, келешегимиз кепили болған бәркамал әўладты тәрбиялаўдан ибарат.
Халбай ИБРАГИМОВ,
Қори Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты директоры,
педагогика илимлери докторы, академик