Соның ишинде, быйылғы байрам салтанатлары "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идея астында белгиленеди ҳәм орынларда Ғәрезсизлик байрамының елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетине бағышланған кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириледи.
Соңғы жыллары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси жәмийеттиң барлық тараўларында айқын көзге тасланбақта. Әсиресе, соңғы сегиз жылда барлық тараў ҳәм тармақлар, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, илим, спорт, мәлимлеме технологиялары, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларында бақланып атырған унамлы өзгерислер мәмлекетимиздиң интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалының және де артыўына тийкар жаратпақта.
Денсаўлықты сақлаў тараўына бир нәзер
Бир ғана денсаўлықты сақлаў бағдарын алып қарайтуғын болсақ, онда бәринен бурын, инсан қәдири, саламатлығы ҳәм елдиң келешеги ушын әмелге асырылған көплеген унамлы өзгерислердиң гүўасы болыўымыз мүмкин.
Денсаўлықты сақлаў тараўындағы ең әҳмийетли жетискенликлерден бири - медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм халыққа қолайлы, оператив жәрдем көрсетиў системасының қәлиплестирилгени болды. Бүгин орынларда жаңа поликлиникалар ҳәм диагностика орайлары қурылмақта, шыпакерлердиң маманлығын арттырыў бағдарламалары енгизилди.
Әсиресе, онкология, кардиология ҳәм балалар медицинасы сыяқлы әҳмийетли бағдарларда халықаралық стандартларға сәйкес, жоқары технологиялы емлеў усыллары әмелиятқа кеңнен енгизилмекте. Ең тийкарғысы, елимизде күннен-күнге заманагөй медициналық технологиялар, әсбап-үскенелер менен тәмийинленген жаңа емлеўханалардың көбейиўи, ең шетки ҳәм алыс аўылларда да медициналық хызмет көрсетиў имканиятларының кеңейтилиўи тараўдың раўажланыўына мүнәсип тийкар жаратпақта.
Нәтийжеде балалар ҳәм аналар өлими сезилерли дәрежеде азайды, халықтың улыўма саламатлығы болса жақсыланды. Онда орынлардағы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде 8,4 миллион ҳаял-қызлар медициналық тексериўден өткерилгени, олардан дерлик 2,5 миллионы амбулатор ҳәм стационар шараятта саламатландырылғаны үлкен нәтийже берди.
Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў, материаллық-техникалық базасын жақсылаўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар, халықтың медициналық мәденияты ҳәм саўатлылығын арттырыў жолында алып барылып атырған ҳәрекетлердиң барлығы ўатанласларымыздың денсаўлығын, социаллық турмысын жақсылаўға қаратылғаны менен әҳмийетли болмақта.
Инновация ҳәм санлы келешекке қәдем
Санластырыў, IТ ҳәм инновациялар бүгин Өзбекстанда мәмлекет раўажланыўының ең әҳмийетли стратегиялық бағдарларынан бирине айланып үлгерди. Бул тараўлар экономика, мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў, медицина ҳәм басқа да көплеген тараўларда түпкиликли өзгерислер, мәмлекетлик уйымлар және пуқаралар ушын бирдей қолайлықларға жол ашпақта, деп айтыў мүмкин.
Мәселен, санластырыў себепли оператив ҳәм ашық-айдын мәмлекетлик хызметлер саны артты. Нәтийжеде жанлы гезеклер саны қысқарып, электрон хызметлерде инсан факторы азайып, ашық-айдынлық артып бармақта. Ҳәр бир тараўға санлы шешимлер енгизилип, санлы билимлендириў платформалары көбеймекте.
Илимий изертлеў институтларына мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор қаржылары кеңнен тартылып, жаслар арасында стартап мәденияты қәлиплеспекте. IТ-парклер ҳәм технопарклердиң саны көбейди, халықаралық IТ-компаниялар менен бирге ислесиў кеңейди. Ең әҳмийетлиси, балалар ҳәм жасларды программаластырыў, робототехника, жасалма интеллект сыяқлы тараўларға кеңнен тартыў мақсетинде арнаўлы билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Бул - мәмлекетимиздиң санлы экономикаға қарай жедел қәдем таслап атырғанын аңлатады.
Бүгинги жетискенликлеримиздиң барлығы - елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ақылға уғрас сиясат және халқымыз, әсиресе, жаслардың тырысқақлығы ҳәм жоқары потенциалының көриниси болып есапланады.
Олимпиада ҳәм футбол тарийхымызда жаңа бет ашылды
Быйылғы жыл Өзбекстан спорты тарийхы ушын өзине тән бурылыс дәўири болды. Париж Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында спортшыларымыз биринши мәрте ең күшли 15 команданың қатарына кирди. Бул нәтийже тек ғана спортшылардың машақатлы мийнети емес, ал мәмлекет тәрепинен жаратылған кең имканият ҳәм заманагөй спорт инфраструктурасының нәтийжеси болып есапланады.
Және бир толқынландырыўшы ўақыя - Өзбекстанның 17 жасқа шекемги жас өспиримлер сайланды командасы ҳәм футбол бойынша миллий сайланды командамыз қолға киргизген тарийхый нәтийжелер болды. Жас өспиримлеримиз континентимизде теңсиз екенин дәлиллеген болса, сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Итибарлысы, бул дүньялық ўақыяны миллионлаған футбол сүйиўши халқымыз бир неше жыллардан берли интизарлық пенен күтип атырған еди. Ақырында, футбол ықласбентлери ҳәм халқымыздың әрманлары орынланды.
Бул үлкен жетискенлик - мәмлекетимизде балалар ҳәм жаслар арасында футболды раўажландырыў, инфраструктураны жаңалаў ҳәм тренерлерди таярлаў системасының дурыс ҳәм мақсетли жолға қойылғанынан дәрек береди. Спортшыларымыздың дүнья спорт ареналарында ерисип атырған ҳәр бир жетискенлиги халықаралық майданда жаңа Өзбекстанның унамлы имиджин және де арттырыў, абырайын беккемлеўге хызмет етеди.
Руўхыйлық айнасы және де айдынласпақта
Мәденият тараўында ерисилип атырған жетискенликлер де итибарға ылайық. Олардың тийкарында түрли аймақларда жаңа театрлар, музей ҳәм мәденият орайлары ашылып атырғаны, талантларды жүзеге шығарыў бағдарында нәтийжели жумыс алып барып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Әдебият тараўында да жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, жаңа шығармаларды басып шығарыў ҳәм үгит-нәсиятлаў жолында көплеген дөретиўшилик жойбарлар әмелге асырылмақта. Миллий кино ҳәм музыка бағдарларында халықаралық фестивалларда мүнәсип қатнасып атырғаны Өзбекстанның мәдений имиджин беккемлемекте. Көркем өнер арқалы елимиздиң тарийхы ҳәм бүгинин дүньяға танытыў бағдарында да анық қәдемлер тасланбақта.
Мәдений дипломатия бүгин Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды. Елимиздиң мәденияты, халқымыздың үрп-әдетлери, әсирлерден әсирлерге өтип киятырған миллий қәдириятлары менен дәстүрлерин сәўлелендириў ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеў мақсетинде мақам, бақсышылық, өнерментшилик сыяқлы түрли бағдарларда халықаралық фестиваллар шөлкемлестирилип атырғаны сырт елли туристлер, көркем өнертаныўшыларда қызығыўшылық оятыў менен бирге, өзбек мәдениятын дүньяға танытпақта. Буннан тысқары, Өзбекстанның сырт елдеги мәденият орайларында өзбек мәденияты күнлери, миллий кинофильмлеримиздиң көрсетилиўи сыяқлы илажлар өткерилмекте. Сырт ел кинотеатрларында көрсетилип атырған алтын фондымыздағы "Сүйинши", "Мәҳәлледе дуў-дуў гәп" сыяқлы миллий кинофильмлеримиз арқалы мәмлекеттиң тарийхы, дәстүрлери ҳәм заманагөй турмысы ҳаққында айтып берилмекте.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин мәдений дипломатия халықаралық майданда бийтәкирар миллий липасларымыз, өзбек асханасы тағамлары ҳәм тартымлы аяқ ойынларымыз арқалы "Өзбекстан бренди"ниң жаратылыўына имканият жаратпақта.
Келиң, бир ойланып көрейик. Миллий мийрас объектлериниң қайта тиклениўи, театр, кино, әдебият ҳәм сүўретшилик тараўларында жаңа шығармалар жаратылыўы, жаңа ҳәм креатив шығармалар жаратыўды мақсет еткен жас дөретиўшилерге мәмлекетлик грантлар және абырайлы сыйлықлардың берилиўи... Булардың барлығы елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўында алып барылып атырған жумыслардың әмелий жемиси болып есапланады.
Көп миллетли жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы, әлбетте, бизиң бийбаҳа байлығымыз. Мәмлекетимиздиң Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, бирге ислесиў ҳәм интеграция процесслерин күшейтиўдеги орны ҳәм абырайы артып бармақта. Жаңа Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигинде ашық, демократиялық ҳәм дүньялық мәмлекет сыпатындағы абырайы ҳәм статусы барған сайын жоқарылап атырғаны кейинги жылларда ерисилген үлкен жетискенликлеримизден бири болып есапланады.
Ўатанымыз ғәрезсизлиги салтанатлары ҳәр жылы мәмлекетимиз басшысының айрықша қарары менен кеңнен белгилениўи бийкарға емес. Себеби, ҳәр қандай миллет ҳәм халық ушын ең муқаддес қәдирият бул, сөзсиз, еркинлик, өз тәғдирин өзи белгилеў ҳуқықы болып есапланады.
Ғәрезсизлик қәдири қаншелли бийтәкирар, уллы жемис екенин сөз бенен жеткериў қыйын, әлбетте. Әсиресе, бүгин геосиясий жағдай изден шығып, мәмлекетлердиң қәўипсизлигине қәўиплер күшейген бир ўақытта Ғәрезсизлик деген уллы жемистиң қәдири қаншелли уллы екенин жүректен сезип атырмыз. Сонлықтан, кекселеримиз бәрқулла Өзбекстан ғәрезсизлиги мәңги болыўын, тынышлық ҳәм татыўлық даўамлы болыўын тилеп пәтия етеди.
Усы әзиз елдиң перзенти, миллий нызамшылығымыздың дөретиўшиси сыпатында илим, мәденият, денсаўлықты сақлаў, спорт ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы әҳмийетли бағдарларда алып барылып атырған ҳәрекетлер, өзгерислер бизди және де анық ҳәм үлкен мақсетлерге жетеклейди.
Реформалар - бул процесс. Оны нәтийжели даўам еттириў ушын тек ғана атқарыў уйымлары емес, ал халық ўәкиллериниң белсендилиги де үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда бизиң ең үлкен үмитимиз - халық исеними. Биз мине усы исенимди ақлаў, ҳәр бир тараўдағы жетискенликлерди беккемлеў ҳәм жаңа имканиятлар жаратыў жолында бар билим, күш-ғайратымызды жумсаймыз. Ғәрезсизликтиң отыз төрт жыллық байрамы биз жоқарыда атап өткен табысларымыз, орынланып атырған арзыў-нийетлеримиздиң салтанаты сыпатында турмысымыздың умытылмас демлерине айланатуғынына гүман жоқ.
Зуҳра МИРҒОЗИЕВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты