Инсаният келешегине қәўип салып атырған қәўип-қәтерлер көлеми кеңейип баратырған дәўирде жасап атырмыз. Арыз дүньясы кирпиктеги жастай қалқып тур: қәпелимде бир қыймылдан өз көшеринен шығып кетиўи ҳеш гәп емес. Неше сынақлардан аман шыққан ғарры дүнья да жаңа дәўирдиң аласапыранларынан албырағандай.
Қәўип-қәтерлердиң түри, көриниси көп. Пикир ҳәм қәлем ийелерин ең көп тәшўишке салып атырғаны, сөзсиз, миллий өзликке қарсы қаратылған қәўип-қәтерлер болып есапланады.
Зыялылар, барсыз ба, аманбысыз?..
Батыстың илим, технологиялар тараўындағы үлкен жетискенликлерин бийкарламастан, раўажланған дүнья руўхыйлық, әдеп-икрамлылық жағынан кризиске ушырап атырғанын атап өтиўди қәлер едик. Батыс ойшылларының өзлери де бул жағдайды "Батыс қуяшының батыўы", деп атайды. Бир динлилик ағартыўшылығы, ислам цивилизациясы булақларынан суў ишкен Шығыс мәмлекетлери, соның ишинде, Өзбекстан да мисли көрилмеген руўхый-идеологиялық қәўип-қәтерлерге дус келмекте. Шебер көз байлаўшы, шебер мәрт мысалында адамзатты илим ҳәм данышпанлықтан алжастырып атырған қүдиретли күшлер, туўры жолдан адастырып атырған бай исбилерменлердиң нийети анық: миллетлерди өзлигинен, әдеп-икрамлылығынан, ағартыўшылығынан айырып алыў! Мағзадан айырылған миллетлерди басқарыў, ҳәр қыйлы жолға салыў әдеўир аңсат болатуғыны белгили.
Ҳәзир пүткил дүньяда инсанлардың санасын ҳәм ой-пикирин басып алыў ушын аяўсыз гүрес кетпекте. Себеби, империалистлик урыслардың мазмун-мәниси де редакторланған: ески тонын шеберлик пенен жаңасына алмастырған неомустабидлер мәмлекетлердиң аймағын емес, ал адамлардың санасын ийелеўди гөзлейди.
Буннан тысқары, экстремизм, терроризм, фундаментализм, "ғалабалық мәденият" нықабындағы жат идеялар және де күшейип, миллий қәдириятларымыз, дәстүрлеримиз ҳәм турмыс тәризимизге унамсыз тәсир көрсетпекте, жәмийетте бөлеклениў қәўпин пайда етпекте. Интернет ҳәм социаллық тармақларда саат сайын ҳәўиж алып атырған мәлимлеме ҳүжимлери де теңсалмақлықты бузбақта.
Тарийх гүўа: ел басына ис түскен, сынақ келген пайытта бәрқулла миллет ағлалары көкирегин қалқан етип шыққан. Шын зыялылар илим ҳәм дөретиўшилик, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жәрдеминде ел-халыққа, пуқараға ҳақыйқатты жалғаннан, ақты қарадан ажыратып көрсеткен, душпан алдында қорқыў, қәўипке түспеўге шақырған, бирликке, аўызбиршиликке шақырған.
Кейинги ўақытлары миллетимиз ағартыўшыларының ҳаўазы бәлент, батыл жаңламай атыр. Көпшилик зыялыларымыз турмыс тәшўишлери, үй жумыслары менен бәнт болып қалды ма, жәмийет, мәмлекет ушын өмир-өлим әҳмийетине ийе мәселелерге бийпәрўа сыяқлы. Зыялылар раўажланыўға тосқынлық етип атырған иллетлер, айдын келешегимизге сая салып атырған қәўип-қәтерлер ҳаққында бәрқулла жар салыўы керек ғой!
"Үй-руўзыгершилиги толық болмаған адамға өзгелердиң тәшўиши қызық емес", деп өзимизди ақлаўға асықпайық, достым! Жақын тарийхымызға нәзер таслайық. Ағартыўшы жадид бабаларымыз ҳәзлик-парахатшылықтан ўаз кешип, ғәплет уйқысындағы миллетти оятыў жолында ҳәрекет етпеди ме?! Бул жолда бар-жоғын, жанын пидә қылмады ма?! "Шарқы кажрафтордың диалекти", деп қайсы зыялы пуқаралар тәшўишинен өзин шетке алыпты, айтың! Егер усындай жол тутқанлар болса... демек, олар ҳақыйқый зыялы емес.
Ҳәзирети Әлийшер Наўайының бәршемизге яд болып қалған қатарлары бар: " Адамды адам деме, оның халық ғамы менен иси болмаса". Бул ҳикмет зыялыларға берилген ең жетик тәрийп болып табылады, нәзеримде. Ҳақыйқатында да, халықтың қайғысын өз қайғысы деп билмеген, елдиң аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиў жолында жанкүйерлик көрсетпеген адамды зыялы деп атаў надурыс...
Жадидлерден үлги алып...
Әҳмийетли мәселелерди кеңесип шешиў халқымызға тән әзелий әдет, қәдирият болып есапланады. Мәсләҳәт, кеңес ҳәм кеңести басқарыўдың тийкарғы арқаны деп билген Саҳыпқыран Амир Темур өз ҳүкимдарлығы даўамында мәмлекетлик әҳмийетке ийе мәселелерди шешиў ушын бир неше мәрте қурылтай шақырған еди. Мәселен, 1370-жылы июньде Самарқандта өткерилген қурылтайда жүдә әҳмийетли мәселелер шешилгени белгили.
Сондай-ақ, жадид ағартыўшылары илим, билимлендириў, әдебият, көркем өнер, мәденият мәселелерине байланыслы көплеген әнжуман, мәсләҳәтлер өткерген еди.
Биз де тарийхый, миллий дәстүрге муўапық, Өзбекстан зыялылары қурылтайын шақырыўды усыныс етпекшимиз. Хош, қурылтай қандай темада, қандай формада өткериледи?
Глобалласыў дәўиринде миллий өзликти аңлаў ҳәм беккемлеў ҳәр бир мәмлекет, атап айтқанда, Өзбекстан ушын әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Бундай қыйын шараятта зыялылардың жәмийетте миллий өзликти аңлаў, тарийхый естелик ҳәм руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаў және жас әўладты руўхый қәўип-қәтерлерден қорғаўдағы орны шексиз.
Бизиңше, "Миллий өзликти беккемлеў тийкарлары ҳәм руўхый-идеологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў машқалалары" атамасындағы елимиз зыялылары қурылтайында шайыр-жазыўшылар, көркем-өнер ғайраткерлери, руўхыйлық, ағартыўшылық ҳәм билимлендириў тараўының жанкүйерлери, илимпаз ҳәм изертлеўшилер, соның ишинде, мәденияттаныўшылар, филологлар, философлар, сиясаттаныўшылар, социологлар, психологлар, тарийхшылар, диний тараў ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер қатнасыўы зәрүр.
Әнжуманның тийкарғы мақсети - Өзбекстан зыялыларын бирден-бир идея әтирапында бирлестирген ҳалда миллий өзликти беккемлеўдиң илимий-теориялық ҳәм әмелий тийкарларын ислеп шығыў, руўхый-идеологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў механизмлерин жетилистириў, бул бағдарда жаңа қатнасларды белгилеп алыўдан ибарат. Қурылтайда миллий өзлик ҳәм глобалласыў; тарийхый яд ҳәм миллий мақтаныш; тил ҳәм миллий өзлик; әдебият, көркем өнер ҳәм миллий руўхыйлық; диний исеним ҳәм миллий қәдириятлар; мәлимлеме технологиялары ҳәм қәўипсизлик сыяқлы бағдарларда баянат, додалаў, пикир алысыўлар өткериледи.
Мәсләҳәтке жетекшилик қәбилетине ийе, социаллық белсенди ҳаял-қызлар, еркин пикирлеў тәризи менен жәмийетшилик арасында абырай-итибарға ерискен жаслар, өз тараўында мектеп жаратқан ветеранлар, яғный жәмийеттиң түрли әўлад, түрли қатламға тийисли зыялыларды тартыў оғада әҳмийетли.
Зыялылар қурылтайының жыл - он еки ай өткерилетуғын ҳәр қыйлы илимий-әмелий әнжуманлардан айырмашылығы неде? Бәринен бурын, қурылтай даўамында миллий өзлигимизге қәўип салып атырған руўхый-идеологиялық қәўип-қәтерлер илимий тийкарда изертленеди ҳәм классификацияланады және оларға қарсы гүресиў стратегиялары ислеп шығылады. Сондай-ақ, заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникация қуралларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда қәўип-қәтерлерге қарсы руўхый иммунитетти қәлиплестириў жоллары усыныс етиледи. Медиа ҳәм мәлимлеме мәканында миллий мәплерди қорғаў бағдарында да илимий-әмелий басламалар қәлиплестириледи. Бул бағдарда алдыңғы халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм Өзбекстан шараятына бейимлестириўге итибар қаратылады. Пленар мәжилис, секция мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, эксперт панеллери, жас зыялылар форумы сыяқлы форматларда өткерилетуғын қурылтай жуўмағында миллий өзликти беккемлеў ҳәм руўхый-идеологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирден-бир концептуаллық көз-қарас ислеп шығылады. Қысқасы, қурылтай мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўы, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай тасланып атырған исенимли қәдемлерде үлкен әҳмийетке ийе болып, зыялылардың бул бағдардағы орны ҳәм жуўапкершилигин және де арттырыўға хызмет етеди.
Беллесиў емес, бирлесиў заманы
Тарийх уллы устаз. Алыс ҳәм жақын өтмиш ҳәдийселерин таллап көрсек, өз-ара гүрес, ишки пытыраңқылық себепли көп мәрте душпанларға жеңилгенимизге исеним пайда етемиз. Бүгин де Өзбекстан азат ҳәм абат, абадан мәмлекет қурыў бағдарында тарийхый имканиятқа ийе болып тур. Ҳәзирги ўақытта миллий өзлигимиз ҳәм мәмлекетшилигимизге қәўип салыўшы қәўиплер көп. "Бирлескен күш - күш, бирикпеген күш - бослық", дейди дана халқымыз. "Көптиң күши - кәрамат", дейди ескилер. Ҳақыйқатында да, ҳәзир халқымыз, атап айтқанда, зыялыларымыз өз-ара тартысып-таласатуғын емес, ал бир жағадан бас шығаратуғын, бир жаға, бир жең болатуғын заман болып есапланады.
Президентимиз жаңа Өзбекстанның раўажланыў тийкарын жаратыўда зыялыларды мәмлекеттиң ең жақын жәрдемшиси деп атап, оларды жоқары пазыйлетлери менен ҳәммеге өрнек болыў, жаўызлыққа қарсы гүресиўде белсендилик көрсетиўге шақырып келмекте. Мәмлекетимиз басшысы Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң 2023-жыл 22-декабрь күни болып өткен кеңейтилген мәжилисинде де зыялылар алдындағы әҳмийетли ўазыйпаларға итибар қаратып, "Бүгин руўхыйлық басқа тараўлардан он қәдем алдында жүриўи, руўхыйлық жаңа күшке, жаңа ҳәрекетке айланыўы керек", деген еди.
Бизиң пикиримизше, руўхый-ағартыўшылық тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларды жуўмақлаў, миллий өзликти қорғаўға байланыслы мақсет-шекти белгилеп алыў ушын да өз-ара мәсләҳәтлесиўге үлкен талап бар. Мәмлекет зыялыларының қурылтайы әйне усы ийгиликли мақсетке хызмет етсе, әжеп емес.
Алымжан ДАЎЛЕТОВ,
Социаллық-руўхый изертлеўлер институты директоры,
филология илимлериниң философия докторы