Буған олардың имканиятлардан үнемли пайдаланып атырғаны себеп болмақта. Соның ишинде, аймақта жасаўшы Ислам Қурбанов көп жыллардан берли шарўашылық пенен шуғылланады. Ҳәзир 22 бас қарамал бағып турақлы дәрамат таппақта. Оның келешектеги режелери де үлкен. Жумысын кеңейтип, ири шарўашылық хожалығын шөлкемлестириў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў нийетинде.

Усы мәҳәлледеги Ҳайитбай Жуманиязов пал ҳәррешилик пенен шуғылланады. Ҳәзир оның 100 қуты пал ҳәрреси бар. Шаңарақлық жумысы нәтийжесинде руўзыгершилиги бәрқулла пүтин, экономикалық имканияты барған сайын артып бармақта.

Қысқасы, Әмиўдәрья районының Дүрмен аўылы ири аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын, халқы мийнет сүйгишлиги, аўызбиршилиги менен ажыралып туратуғын аўыллардан. Жыллар даўамында қәлиплескен дийқаншылық ҳәм шарўашылық дәстүрлери бүгин заманагөй көзқараслар менен үйлесип, аўылдың раўажланыўының әҳмийетли факторына айланбақта.

"Мәҳәлле жетилиги" ўәкиллериниң нәтийжели ҳәм системалы жумысы нәтийжесинде аймақта социаллық-экономикалық раўажланыў избе-из тәмийинленбекте. Аўылда 514 шаңарақ бар. Оларда 2677 адам жасайды. 2 мектеп, 1 бақша, 3 азық-аўқат дүканы, шаштәрезхана ҳәм ишимлик суўын тазалап, жеткерип бериў шақапшасы жумыс алып бармақта.

Әмелге асырылған системалы ҳәм мәнзилли жумыслардың нәтийжесинде өткен жылы аўылда жасайтуғын 26 жумыссыз пуқараға 470 миллион сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылды. Соның менен бирге 86 пуқара өзин-өзи бәнт еткен болса, 91 адам турақлы жумыс орнына ийе болды. Сондай-ақ, жыл басынан берли 8 жаңа исбилерменлик суъектиниң жумысы жолға қойылды. Булардың барлығы аймақтың экономикалық потенциалын және де беккемлемекте.

Аўылда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында да итибарға ылайық жумыслар әмелге асырылмақта. Бир ғана мысал: Муқаддас Аҳмедова 5 жылдан берли тигиўшилик пенен шуғылланады. Ол 10 нан артық шәкирт таярлаған. Усы тәризде исбилермен ҳаял шаңарағының абаданлығын тәмийинлеў менен бирге көплеген ҳаял-қызлардың жумыслы болыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Аймақта шаңарақлық исбилерменлик те раўажланып бармақта. "Хийўа шайханасы" шаңарақлық кәрханасында нан ҳәм нан өнимлери және миллий тағамлар таярланып, базарға шығарылмақта. Бул искерлик арқалы шаңарақтың барлық ағзалары жумыс пенен бәнт болып келмекте.

Негизинде наманганлы Мухамадали Толыбаевқа Қоңырат районының халқы меҳир ҳәм ҳүрмет пенен қарайды. Қаҳарманымыз бул итибарға нанбайшылық өнери, ҳадал мийнети арқалы ерискен.

- Дәслеп шаңарақ ағзаларымыз бенен нанбайшылықты басладық. Дәслеп бир, кейин ала үш жумыс орнын аштық. Ҳәзир 5 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлегенбиз. Усының өзи-ақ жумысымыздың көлеми барған сайын кеңейип, раўажланып атырғанын тастыйықлайды, - дейди исбилермен. - Қарыйдарларымыз күн сайын көбеймекте. Сонлықтан, жумысымызды және де кеңейтип, жаңа жумыс орынларын ашыўды режелестиргенбиз.

Кегейли районында жумыс алып барып атырған "Кегейли мебель" кәрханасы да үлгили исбилерменлик субъектлеринен бири. Онда ислеп шығарылып атырған 23 түрдеги мебель Қазақстанның Ақтаў қаласына экспорт етилмекте. Бул район тарийхында мебель қурылысы тараўындағы дәслепки экспорт болып есапланады. Оның тийкарында жаңа Өзбекстанда жергиликли өндиристи раўажландырыў, экспорт потенциалын арттырыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибар жәмленген.

Соның менен бирге мәмлекетимизде халықтың турмыслық машқалаларына шешим табыў бағдарында да кең көлемли жумыслар исленбекте. Соның ишинде, Кегейли районында инфраструктура менен байланыслы машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар илажлар көрилмекте. Аймақтағы Халқабад қалашасындағы "Халқабад дийқан базары" реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды. Базар аймағында 5,2 миллиард сумлық реконструкция жумыслары орынланып, сатыўшы ҳәм қарыйдарлар ушын қолайлы шараят жаратылды. Буның ушын жабық саўда орынлары, жаңа дүканлар қурылып, дийқан базары заманагөй көриниске ийе болды.

Тахтакөпир районында жаңадан жумыс баслаған “Kauser Digirman” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ири жойбарды жолға қойды.

- Ун ислеп шығаратуғын заманагөй завод аймақтың экономикасын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе, - дейди район ҳәкими Жамбыл Адилов. - Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы шеңберинде жәмийет 2024-жылы жеңиллетилген кредит алды. Бул қаржы есабынан шарўашылықты раўажландырыў ҳәм сүтти қайта ислеў бойынша улыўма баҳасы 32 миллиард сумлық жойбар әмелге асырылды. Атап айтқанда, сырт елден 120 бас нәсилли қарамал алып келинип, шарўашылық потенциалы беккемленди. Жойбар шеңберинде улыўма баҳасы 500 миллион сумлық сүтти қайта ислеў кәрханасы иске қосылып, 7 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

Бүгин мәмлекетимиздиң қайсы мүйешине бармаң, раўажланыўдың гүўасы боласыз. Соның ишинде, Қарақалпақстан да жаңа келбетке енбекте. Мәҳәллелерде исбилерменлердиң қатары кеңейип, жаңа жумыс орынлары көбейип бармақта. Буның нәтийжеси болса ҳәр қәдемде ушырасып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларында айқын көзге тасланады. "Мәҳәлле өзгерсе, жәмийет өзгереди" дегени усы болса керек.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы