Мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәлле институтының үнлеслик тийкарында трансформацияланыўы нәтийжесинде реформалар анық әмелий нәтийжеге айланды.
Басқарыўда миллий мәмлекетшилик тарийхы, миллий менталитет, қәдирият, үрп-әдет, дәстүрлерге сүйенген мәмлекет, сөзсиз, перспективалы басқарыўға ийе болады. Усы көзқарастан, мәҳәлле миллий мәмлекетшилигимиз тарийхында өз орны ҳәм абырайына ийе болып келмекте. Жаңа Өзбекстанда да өткен он жылда мәҳәлле системасы реформаланып, басқарыўда оның орны ҳәм ролин арттырыўдың ҳуқықый механизмине мәмлекетлик көлемде итибар қаратылды. Бул ҳәрекет бүгин нәтийжесин бермекте.
Нызамшылығымызға бола, мәҳәлле пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы болып есапланады. Бирақ ол өзиниң адамларды бирден-бир мақсет, жақын қоңсышылық, мийрим-шәпәәт ҳәм миллий қәдириятлар тийкарында бирлестириў сыяқлы тарийхый миссиясы себепли мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигине мүнәсип үлес қоспақта. Әсиресе, жасларды ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў ямаса жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли функциялары мәҳәллениң мәмлекетлик басқарыўда салмақлы тәсир ҳәм орынға ийе екенин көрсетеди.
Мәмлекетлик сиясаттың тәсири дәслеп адамлардың санасы ҳәм минез-қулқында, соң мәҳәллелерде көринеди. Буның мәниси сонда, кейинги он жылдағы реформалардың нәтийжесин ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ ҳәм мәҳәлле күнделикли турмысында сезинбекте. Президентимиз Мүрәжатында атап өткениндей: "... бул жумысларды баслағанымызда халқымыздың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. Кредит, субсидия, компенсация сыяқлы 100 ден аслам хызметлер арқалы социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын жолға қойғанымыз ҳәм оларды мәҳәлледеги "жетилик"тиң өзине бергенимиз нәтийжесинде 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық 2 есеге қысқарды. Нәтийжеде үш жыл алдын кәмбағаллықты 2026-жылдың ақырына шекем 2 есеге қысқартыў бойынша алған мақсетимизге усы жылдың өзинде еристик".
Мине, мәҳәллениң мәмлекетлик басқарыўдағы тәсири, нәтийжеси ҳәм әмелде нелерге уқыплы екенлигиниң дәлили. Бул реал нәтийже, әмелий факт, халықтың машқалаларын шешиўдиң тийкары болып есапланады.
Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери және нызамлы мәплерин тәмийинлеўде мәҳәлле бәршемиз ушын ҳәм ата, ҳәм ана. Сонлықтан, мәҳәлле ҳуқықый жақтан пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен кепилленген жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерин өз мәплеринен, раўажланыўдың тарийхый өзгешеликлеринен, сондай-ақ, миллий ҳәм руўхый қәдириятлардан, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерден келип шыққан ҳалда шешетуғын бийғәрез структура болып есапланады.
Президентимиз Мүрәжатында ўатан мәпи - халқымыздың мәпи, деген уллы идеяны алға қойды. Бул уллы мақсетти әмелге асырыўда мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири шексиз екенлиги және мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекетимиз раўажланатуғынын және бир мәрте атап өтти. Усы көзқарастан, 2026-жыл мәмлекетимизде Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы деп жәрияланды. Билдирилген пикир ҳәм баслама мәмлекетлик басқарыўда стратегиялық әҳмийетке ийе әҳмийетли трансформация процеси болып есапланады. Себеби бундай трансформация себепли мәмлекетлик басқарыўдың экономикалық, социаллық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-ағартыўшылық тийкарғы бағдарлары және де реформаланып, жоқарылаўына тиккелей тийкар жаратылады.
Мәмлекетимиз жетекшиси Мүрәжатта мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәлле трансформациясының өз-ара үйлесимлилиги бағдарындағы пикирлерин даўам еттирип, "Журт абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Әйне мәҳәлледеги жол, суў, электр ҳәм транспорт тәмийнаты, бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникадағы шараятларға қарап, адамлар реформаларымызға баҳа береди. Сол себепли мәҳәлле системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалады", деди.
Усы жерде мәҳәлле системасын трансформациялаў нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыў арқалы елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның абатлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеўге ерисиўди итибардан шетте қалдырмаў керек.
Сөзимизди тийкарлаў ушын және Мүрәжаттағы мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәлле трансформациясының өз-ара үйлесимлилиги бағдарындағы төмендеги пикирге сүйенемиз: "Депутатларға өз округиндеги машқалаларды шешиў ушын 500 миллиард сум, ҳәр бир депутатқа 3,3 миллиард сумнан берип атырмыз. Бул бағдарда "жасыл аймақ", "жасыл бағ" жаратыў бойынша ҳәр бир депутаттың басламасына қосымша 330 миллион сумнан қаратамыз. Бундай қатнас арқалы 2030-жылға шекем барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көринисин алып келемиз".
Ҳақыйқатында да, бул механизмди жолға қойыў арқалы мәмлекетлик басқарыўдағы реформаларды әйне мәҳәллелер арқалы төменги система ҳәм реал турмысқа енгизиў нәзерде тутылып атырғанын көриў мүмкин. Яғный трансформация уйғынласпақта.
Жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәлле трансформациясы нәтийжелилигин арттырыўдың анық механизми де Мүрәжатта өз көринисин тапқан. Онда мәмлекетлик басқарыўды орайластырыў, аймақларды басқышпа-басқыш раўажландырыўға итибар қаратылады: "...район бюджети дәраматларын кеминде 2 есеге көбейтиўге шараят жаратып бериў зәрүр. Усы мақсетте, 2026-жыл 1-январьдан баслап, қосымша қун салығынан түсимниң Ташкент қаласында 5 проценти, қалған аймақларда 20 проценти қалдырылып, бул қаржының ярымы районлардың бюджетине өткериледи.
Буннан тысқары, дәраматлардың прогнозға салыстырғанда арттырып орынланған бөлегиниң 50 проценти, егислик жерлерди ижараға бериў ҳәм базарлардан түсимлер де толық район бюджетине бериледи".
Буның мәниси сонда, трансформация процеси жоқарыдан төменги буўынға қарай дәслеп ҳуқықый, экономикалық ҳәм сиясий әҳмийетке ийе болып барады. Мәмлекетлик бюджет есабынан районларға берилип атырған бундай ҳуқық - экономикалық ресурс - сиясий еркинлик тийкарында халықтың машқалаларын сапластырыў ҳәм абаданлығын арттырыў мақсети тур. Мәмлекетлик басқарыўда орайдан аймақларға еркинлик ҳәм имканият берилиўи мәҳәллениң трансформацияланыўын тезлестиреди. Пикиримизди кеңирек тийкарлаў ушын Мүрәжаттағы төмендеги ўазыйпаға итибар қаратыўды зәрүр деп таптық: "Ўәлаят, район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин қайталайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халықтың арасында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға рухсат етиледи. Бул арқалы районлардың бюджетинде жылына 5 триллион сумлық қосымша дәрек қәлиплеседи ҳәм ол мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады".
Бул жерде де сөз мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәллениң трансформациясы ҳаққында бармақта. Басқаша етип айтқанда, мәмлекетлик уйымлар мәҳәллениң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолында өз жумысын жетилистириўге жуўапкер болмақта.
Жоқарыдағылардан мәҳәллениң трансформациясы тек ғана мәмлекетлик уйымлар арқалы тиккелей емес әмелге асырылады, деген бир тәреплеме жуўмаққа келиў керек емес. Мәселениң бул тәрепи де Мүрәжатта машқаланы шешиўдиң анық шешими сыпатында белгилеп қойылған: "Келеси жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сумды ўәлаятлардың өзине берип атырмыз. Ең әҳмифетлиси, бул қаржылардың ҳәр бир сумы халқымыз ушын қосымша қун жаратыўы зәрүр. Соның ушын бул пуллар улыўма қайсыдур район ушын емес, ал мәҳәлледе жумыс орынларын жарататуғын, халықты дәраматлы ететуғын анық жойбарларға қаратылады.
Мәрҳамат, қайсы мәҳәллениң баслығы, ҳәким жәрдемшиси ҳәм мәҳәлле банкири жойбар ислеп, оны тийкарлап берсе, зәрүр қаржыны алсын. Сонда әдиллик болады".
Бул ҳуқықый механизм белгили ўақыт өткеннен соң, реал әҳмийетке ийе болып, нәтийже беретуғыны сөзсиз. Себеби бул трансформациядан мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәҳәлле институты, халқымыз бирдей мәп көреди.
Мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәҳәлле трансформациясының өз-ара үйлесимлилиги тиккелей заман талабы - адамлардың талап ҳәм мәплеринен келип шығып атырғаны ушын да әҳмийетли. Усы көзқарастан бул трансформация процесинде төмендеги тийкарғы бағдарларға итибар қаратыў әҳмийетли:
Бириншиден, мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы әйне мәҳәлледен басланады. Усы логикадан келип шығып, мәҳәллени адамлардың ҳәр қыйлы бағдардағы машқалаларын шешетуғын системаға айландырыў зәрүр.
Екиншиден, мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаў нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыўды кең көлемде трансформациялаў және мәҳәллениң елдиң раўажланыўындағы орны менен ролин буннан былай да арттырыўға тийкарғы ўазыйпа сыпатында қараў керек.
Үшиншиден, пуқаралардың экономикалық, социаллық, ҳуқықый ҳәм мәдений тараўдағы машқалаларын шешиў мәселесине комплексли қатнасты енгизиў зәрүрлиги сезилмекте.
Төртиншиден, бул комплексли қатнасты дәслепки таңлап алынған субъектлерде тәжирийбе түринде сынақтан өткериў ҳәр тәреплеме өзин ақлайды.
Эшмуҳаммад ҚАДИРОВ,
юридика илимлери докторы, профессор