Глобал геосиясий кескинлик шараятында инвестицияларды тартыў ушын бәсеки күшеймекте. Бай тәбийғый ресурслар ҳәм экономикалық потенциал, әмелге асырылып атырған реформалар елимиздиң бул тараўда үлкен үстинликке ийе болыўын тәмийинлемекте.
- Көплеген халықаралық компаниялар регионаллық қәўип-қәтерлерди баҳалап, жаңа базарларды үйрениўди баслап жиберди. Бул биз ушын тарийхый имканият. Бундай жағдайда пурсатты қолдан бермей, тез пурсатта халықаралық финанс компанияларын өзимизге тартыўымыз керек, - деди Президент.
Усы жылы 50 миллиард доллардан аслам инвестицияларды тартыў бойынша белгиленген мақсетке ерисиў ушын инвесторлардың Өзбекстан базарына кириўин жеңиллетиў, оларға заманагөй инфраструктура, халықаралық стандартларға сай ҳуқықый режим, қосымша преференциялар ҳәм ең әҳмийетлиси, исенимли ҳәм ашық-айдын исбилерменлик орталығын жаратыў зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда елимиздиң инвестициялық тартымлылығын буннан былай да арттырыўға қаратылған үш тийкарғы бағдар - халықаралық финанс ҳәм санлы технологиялар орайларын шөлкемлестириў ҳәм ислам қаржыландырыў хызметлерин енгизиў мәселелери көрип шығылды.
Ташкент халықаралық финанс орайын додалаў процесинде бул орай жаңа түрдеги инвестицияларды тартыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўдиң нәтийжели қуралына айланатуғыны атап өтилди. Есап-санақларға бола, 2030-жылға барып қаржы орайы экономикаға қосымша 20-25 миллиард доллар тартыў, жылына жалпы ишки өнимниң қосымша 1 процентке шекем өсиўин тәмийинлеў, 15 мыңға шекем жоқары маманлықтағы жаңа жумыс орынларын жаратыў, 10 мың қәнигениң маманлығын арттырыў имканиятын береди.
Орайдың жумысы ушын айрықша ҳуқықый режим енгизиў режелестирилген. Атап айтқанда, Англия ҳәм Уэльс улыўма ҳуқық нормаларының орай ҳаққындағы нызамға қайшы келмейтуғын бөлеги қолланылады, орайдың басқарыў уйымлары өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қабыл етиў ўәкиллигине ийе болады, Ташкент халықаралық коммерциялық суды ҳәм келиспеўшиликлерди көрип шығыўға қәнигелескен халықаралық арбитраж орайының жумысы жолға қойылады.
Орай резидентлери ушын капиталдың еркин ҳәрекети ҳәм репатриациясы, еркин валюта операцияларын әмелге асырыў, заманагөй төлем қуралларынан пайдаланыў, соның ишинде, санлы активлер менен ислесиў, жеңиллетилген салық режими ҳәм әпиўайыластырылған виза тәртиби сыяқлы кең имканиятлар жаратыў нәзерде тутылған.
Орай жумысының тийкарғы бағдарлары финанслық-инвестициялық ҳәм банк жумысы, қамсызландырыў, санлы активлер ҳәм баҳалы қағазлар менен операциялар, төлем системалары ҳәм хызметлер, финанслық технологиялар менен байланыслы сервислер болады.
Екинши бағдар - «Enterprise Uzbekistan» бренди астында Санлы технологиялар халықаралық орайын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў.
Презентацияда бул орай ушын 2100-жылға шекем арнаўлы ҳуқықый режим нәзерде тутылғаны ҳаққында мәлимлеме берилди. Орайдың "тартипке салыў қум қутысы" шеңберинде жаңа шешимлерди сынақтан өткериў, мийнет ҳақыны сырт ел валютасында төлеў, халықаралық мийнет стандартларын енгизиў, жеке мағлыўматларды халықаралық стандартлар ҳәм булытлы технологиялар тийкарында қайта ислеў имканияты жаратылады. Интеллектуаллық мүлк, инвестиция, стартап ҳәм экспортты қорғаў ушын қолайлы шараятлар жаратылады, бажыхана ҳәм салық жеңилликлери бериледи.
Жасалма интеллект технологиялары, санлы трансформация, изертлеўлер ҳәм қолланбалар, сертификатлаў, стартаплар ҳәм дата-орайлар бул орайдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленген.
2030-жылға шекем бул орай арқалы 1 мыңға шекем кәрхананы тартыў, 300 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў, экспортты 5 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. Ҳәзирги ўақытта бир қатар ири халықаралық технологиялық компаниялар бул басламаға қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.
Үшинши бағдар сыпатында елимизде ислам банкингин енгизиў мәселеси көрип шығылды.
Товарларды бөлип-бөлип сатыў арқалы қаржыландырыў - муробаҳа, пайданы бөлистириў ямаса пул қаржыларын тартыў шәрти менен қаржыландырыў - музораба, агентлик шәртнамасы арқалы пул қаржыларын бериў ямаса тартыў - вакала, товарларды алдыннан төлеў арқалы қаржыландырыў - салам, биргеликтеги жумыс арқалы қаржыландырыў - мушарака, ислам ижарасы ҳәм нызамшылыққа қайшы келмейтуғын басқа да ислам қаржыландырыў қураллары сыяқлы операцияларды енгизиў нәзерде тутылмақта.
Онда товар бойынша маржаға қосымша қун салығы есапланбаўы, инвестициялық үлеслерден алынатуғын дәрамат ҳәм салықтан азат етилиўи, ислам лизинг шәртнамалары финанслық ижара ҳәм лизингке теңлестирилиўи нәзерде тутылған.
Бул тараўда системалы басқарыўды тәмийинлеў мақсетинде Орайлық банк жанында Ислам қаржыландырыў кеңеси дүзиледи. Ислам қаржыландырыў хызметлерин көрсетиўши банклерде де өз алдына кеңеслер шөлкемлестириледи. Бул кеңеслер стандартларды ислеп шығыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўға жәрдемлесиў, тартыслы мәселелер бойынша түсиниклер бериў, шәртнамалар ҳәм ишки ҳүжжетлерди көрип шығыў, орынланыўын қадағалаў менен шуғылланады.
Усы жылы кеминде бир коммерциялық банкте ислам "айна"сының жумысын жолға қойыў, 2026-2030-жылларда болса толық ислам банк жумысын әмелге асыратуғын еки банкти шөлкемлестириў режелестирилген. Улыўма, тараўдағы жаңалықлар арқалы 2026-2030-жылларда қосымша 1 миллиардқа шамалас инвестиция ҳәм депозитлерди тартыў имканияты жаратылатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул үш бағдар мәмлекетимизде заманагөй финанслық ҳәм технологиялық экосистеманы қәлиплестириўге хызмет ететуғынын атап өтип, оларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.