Реже министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери (республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары) жумысындағы финанслық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, Республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымында қәўиплер Қәўиплерди басқарыў комитети тәрепинен басқарылады.

Қәўиплер төмендеги тәртипте баҳаланады:

- қәўип тәсирин анықлаў;

- қәўип итималлығын анықлаў;

- қәўип тәсири ҳәм итималы нәтийжелерин өз ара бир-бирине көбейтиў арқалы қәўип дәрежесин есаплаў.

Қәўип тәсирин анықлаўда төмендеги факторларға белгиленген өлшемлер тийкарында 1-3 балл бериледи:

- қәўипти басқарыў бойынша шөлкем қадағалаўы;

- шөлкемниң усы қәўип жүзеге келиўи мүмкин болған функциясының автоматластырылғанлығы;

- қәўиптиң жүзеге келиўинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги бослықлардың бар екенлиги.

Бунда 3 балл тийисли қәўип тәсириниң ең жоқары дәрежесин ҳәм 1 балл ең төмен дәрежесин билдиреди.