Илажда шөлкемге ағза мәмлекетлердиң монополияға қарсы гүресиў уйымларының басшылары ҳәм делегациялардың ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис алдынан Монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңес баслығы Максим Шаскольский, Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы Халилулло Тўрахўжаев буннан алдынғы мәжилислерден кейин әмелге асырылған жумыслар, бул гезектеги мәжилис күн тәртибинен орын алған мәселелер ҳаққында айтылды.
Атап айтқанда, Х.Тўрахўжаев бүгинги күнде санлы технологиялар талапларына жуўап бериў ушын монополияға қарсы механизмлерди жетилистириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди тереңлестириў зәрүрлигин атап өтип, бул экономикалық өсиў ҳәм халықларымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Мәжилис қатнасыўшылары алдынғы мәжилис қарарларының орынланыўын, дослық аўқамына ағза мәмлекетлерде бәсеки сиясатының тийкарғы тәреплери, ҳәм нызамбузылыўының алдын алыў бойынша есабатты көрип шықты. Шығып сөйлегенлер бәсеки сиясатын раўажландырыў бойынша өз мәмлекетлеринде әмелге асырылып атырған басламалар ҳаққында мағлыўмат берип, монополияға қарсы гүресиў бойынша өз тәжирийбелери менен бөлисти. Заманагөй санлы экономика шараятында жаңа көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди.
– Монополияға қарсы гүресиў ҳәм бәсеки орталығын жақсылаў мәмлекет экономикасына унамлы тәсир көрсетип, раўажланыўға хызмет етеди, – дейди Қырғыз Республикасы Монополияға қарсы гүресиў ҳәм тәртипке салыў хызметиниң басшысы Женали Ўразбаев. – Бул ҳәр бир мәмлекеттиң өз экономикалық сиясатынан келип шықса-да, улыўма мақсет ҳәм көзқарасларымыз ортақ. Соның ушын, Монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңесиниң мәжилислеринде бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасып, алдынғы жумыс усылларын үйренемиз. Бир-биримизге байланыслы экономикалық қатнасықлар бойынша нызамшылықты жетилистириў бойынша пикирлесип аламыз. Самарқандта өткерилген гезектеги мәжилисимизде де бул бағдарда бир қатар келисимлерге еристик.
Кеңес ағзалары бәсеки орталығын раўажландырыў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм санлы базарларды тәртипке салыў мәселелерин толық додалады. ҒМДА мәмлекетлериниң бәсекини қорғаў ҳәм әдалатлы базар орталығын жаратыў жолында биргеликте әмелге асырылып атырған ҳәрекетлери регионда экономикалық турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары Фарруx Карабаев комитет жумысы, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм мәмлекетимиздиң жәҳән саўда шөлкемине қосылыў процеси ҳаққында презентация етти. Презентацияда мәмлекетимиз терең санлы трансформация процесинен өтип атырғаны ҳәм санлы платформаларды тәртипке салатуғын жаңа қағыйдалар енгизилгени, бәсеки нызамшылығын бузғанлығы ушын жәрийма муғдары арттырылғаны ҳәм комитеттиң усынысына бола мәмлекет тәрепинен 13 эксклюзив ҳуқықтың бийкар етилгени айрықша атап өтилди.
Илаж шеңберинде бәсеки сиясатын раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм антимонопол мәселелерди нәтийжели шешиўдеги табыслары ушын мәжилис қатнасыўшыларының бир топары Монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңес ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң монополияға қарсы уйымларының сыйлықлары тапсырылды.
Монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңестиң 57-мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша тийисли ҳүжжетлер қабыл етилди.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы.