Жаңа Ташкенттеги илим ҳәм билимлендириў орынлары - жасларға инвестиция

    Ҳүкимет 28 желтоқсан 2024 803

    Усы жылы 3-апрель күни Жаңа Ташкент қаласында дәслепки имаратлардың қурылысы басланған еди. Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен жойбар илим ҳәм билимлендириў дәргайларынан басланып атырғанына итибар берип, "булар ағартыўшы жәмийет қурыў идеямыздың тийкары ҳәм үлгиси болады", - деген еди.

    Бүгин Президентимиз бул комплекслердиң қурылысын барып көрди.

    Олардан бири - Өзбекстан Миллий китапханасы. 4 қабатлы комплекс өз атына сай миллий дизайнда болады. Жәми 30 мың квадрат метр майданда бир ўақыттың өзинде 1 мың 420 китапқумарға сапалы хызмет көрсетиледи.

    Бул жерде китапхана фондындағы әдебиятларды мүнәсип сақлаў, есаптан өткериў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм стерилизациялаўға мөлшерленген арнаўлы әсбап-үскенелер орнатылады. Сондай-ақ, комплекс көп функционал болады. Мийманлар ушын 300 орынлық кафе, галерея, жеңил спорт ойынлары ҳәм басқа да қолайлықлар шөлкемлестириледи.

    - Мен алдын айтқанымдай, бизлердиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш үстинимиз бар: бири - экономика болса, екиншиси - мәнаўият. Руўхый жақтан уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады. Билимли жаслар ата-бабаларымызға мүнәсип кең пикирли, миллий мақтанышлы, жетик инсанлар болады. Соның ушын жаңа қаламызды қурыўды ағартыўшылық орынларынан баслап атырмыз. Булар жүз жылға мүнәсип мәнаўият, ағартыўшылық, илим ошағы болыўы керек, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Заманагөй китапханада хызметкерлер де соған мүнәсип болыўы, алдынғы мәлимлеме технологиялары ҳәм хызметлерин жақсы билиўи керек екенлиги атап өтилди. Сол себепли Өзбекстан Миллий университети ҳәм басқа да оқыў орынларында китапханашылар таярлаў сапасын арттырыў ўазыйпасы қойылды. Мәмлекетимиздиң 14 қаласында китапхана филиалларын шөлкемлестирип, аймақлардағы халықтың да китап оқыўына қолайлық жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Қалада Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм "Жаңа Өзбекстан" университети ушын заманагөй комплекслер де қурылмақта. Президентимиз олардың қурылыс процесин көзден өткерди.

    Ҳәзирги күнде Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң жети факультети ҳәр жерде жайласқан. Имаратлардың көпшилиги гөнерген.

    Соның ушын университет ушын қырқ гектарлық майданда 20 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары қурылады. Сондай-ақ, 5 мың орынлық жатақхана, 300 орынлық бақша, 616 орынлық мектеп, 588 орынлық академиялық лицей, спорт ҳәм мәденият сарайлары, амфитеатр ҳәм басқа да имаратларды өз ишине алады. Бир сөз бенен айтқанда, жоқары рейтингли сырт ел жоқары оқыў орынларының тәжирийбеси тийкарында "бақша - мектеп - университет" пүтинлигиндеги инновациялық педагогикалық кластер шөлкемлестириледи.

    Комплексте педагог ҳәм студентлер ушын ең заманагөй қолайлықлар таярланады. Сабақлар бир сменада өткерилиўи, дуал билимлендириў жолға қойылыўы есабынан оқыў ҳәм әмелият сыпатында өсиў болады.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген "Жаңа Өзбекстан" университети жоқары билимлендириў системасында жаңа дәреже болды. Оның оқыў бағдарламалары дүнья рейтингинде жоқары орында турған университетлердиң профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда, Германия стандартлары тийкарында ислеп шығылған.

    Бул жерде оқыў тилегинде болған жаслардың саны жылдан-жылға артып бармақта. Бүгинги күнде мекемеде мыңнан аслам студент билим алмақта.

    Университет ушын жаңа имарат қурылысы үш басқышта алып барылады. Дәслеп оқыў объектлери ҳәм ректорат имаратының қурылысы нәзерде тутылған.

    Ең соңында он мың студентти қамтып алатуғын бес факультет, бир ўақыттың өзинде сегиз мың студентке хызмет көрсететуғын ректорат имараты бой тиклейди. Китапхана, музей, көргизбе залы, мультимедиа ханасы, спорт комплекси, жүзиў бассейни шөлкемлестириледи.

    Сондай-ақ, оқытыўшылар ушын 286 орынлық турақ жай, студентлер ушын 2 мың орынлық жатақхана қурылысы режелестирилген.

    Мәмлекетимиз басшысы бул комплекслердиң келешектеги әҳмийетине тоқтап, оқыў процесин ақылға уғрас шөлкемлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

    - Бул ағартыўшылық дәргайлары - жасларымызға инвестиция. Олардағы жөнелислер, бағдарламалар, билимлендириўдиң сапасы ҳәм кәсиплерде Жаңа Өзбекстандағы шеклер жәмленген болыўы керек. Бүгин билим алып атырған жаслар келешекте мәмлекетимизди алға баслайтуғын, машқалаларды шешетуғын "гилт", - деди Президент.
    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates