25-26-декабрь күнлери сапар шеңберинде мәмлекетимиз жетекшиси ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес саммити ҳәм Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң (ЖЕЭК) гезектеги мәжилисинде қатнасады.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы ҒМДАның дәстүрий саммитлеринде қатнасып, Өзбекстан Дослық Аўқамының мақсет ҳәм ўазыйпаларына садықлығын көрсетип келмекте. Бундай форматларда қатнасыў республикамызға жақын шериклер менен жедел бирге ислесиў, күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди биргеликте додалаў ҳәм өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған усынысларды алға қойыў имканиятын бермекте.
Өзбекстан қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосыў арқалы ҒМДА шеңберинде белсенди позицияны ийелеп келмекте. Мәмлекетимиз экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли басламаларды турақлы алға қойып келмекте. Өзбекстанның ҒМДА шеңбериндеги тийкарғы бағдарлары қатарына интеграцияны тереңлестириў, биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ҳәм регионда турақлылықты тәмийинлеў киреди.
Өзбекстан ушын ҒМДАдағы шериклер менен саўда-экономикалық шериклик әҳмийетли орын ийелейди. Республика экспорт-импорт қатнасықларын жедел раўажландырып, миллий өнимлерди сатыў базарын кеңейтпекте, регионның транспорт-логистика инфраструктурасын жақсылаўға қаратылған жойбарларда да белсене қатнаспақта. ҒМДА мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў халықтың абаданлығы дәрежесин арттырыў ҳәм Өзбекстанның исенимли шерик сыпатындағы абырайын беккемлеўге әҳмийетли фактор болмақта.
Өзбекстанның ҒМДА менен байланыслары республиканың Евразия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) менен бирге ислесиўи менен тығыз байланыслы.
Евроазия экономикалық аўқамы Бажыхана аўқамы ҳәм Бирден-бир экономикалық мәкан тийкарында дүзилген халықаралық интеграциялық экономикалық бирлеспе есапланады. Аўқам 2014-жыл 29-майда Астана қаласында (Қазақстан) Беларус, Қазақстан ҳәм Россия мәмлекет басшылары тәрепинен қол қойылған Евроазия экономикалық аўқамы ҳаққындағы шәртнама күшке киргеннен соң 2015-жыл 1-январьдан жумыс баслады. 2015-жылы Армения ҳәм Қырғызстан шәртнамаға қосылды.
Өзбекстан 2020-жылы ЕАЭАда бақлаўшы мәмлекет статусын алған. Куба ҳәм Молдова да ЕАЭАда усындай статусқа ийе.
Бирлеспениң режесине бола, бақлаўшы статусына ие мәмлекетлер ЕАЭА уйымлары мәжилислеринде қарар қабыл етиў ҳуқықысыз қатнасыўы, сондай-ақ, Евроазия экономикалық комиссиясына мәмлекеттиң ўәкилин тайынлаўы мүмкин.
Өзбекстанның ЕАЭА менен бирге ислесиўин усы форматта раўажландырыў миллий мәплерге жуўап береди ҳәм тең ҳуқықлылық, сондай-ақ, қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланады.
Өзбекстан Президенти мәмлекетимиз бақлаўшы статусын алғанынан берли бул бирлеспе Жоқары Кеңесиниң алты мәжилисинде қатнасты.
Өзбекстан Бас министри басшылығында ЕАЭА мәмлекетлери ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы менен бирге ислесиў бойынша уйымлараралық жумысшы топар дүзилген. Жумысшы топар ЕАЭА менен өз-ара бирге ислесиўди муўапықластырады, экономикалық байланысларды талқылайды ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша усыныслар ислеп шыгады.
2024-жыл 1-октябрьде Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси тастыйықланды, деп хабар береди "Дунё" ХА.
ЕАЭА платформасында бақлаўшы мәмлекет сыпатында қатнасыўы арқалы Өзбекстан әҳмийетли басламаларды алға қойып келмекте. Аўқамға ағза барлық мәмлекетлер менен жедел бирге ислеспекте, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырмақта. Бул факторлар болса турақлы өсиў пәтлерин көрсетпекте.
Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан Президентиниң Санкт-Петербург қаласында болып өтетуғын ҒМДА ҳәм ЕАЭА саммитлеринде қатнасыўы, өз-ара пайдалы байланысларды кеңейтиўге жаңа пәт бағышлаў менен бирге, Дослық Аўқамы ҳәм бирлеспе мәканындағы мәмлекетлер және халықлар арасындағы дослық байланысларын беккемлеў жолындағы және бир әмелий қәдем болып хызмет етеди.