Жер астынан пайдаланыў тараўында ашық-айдынлық механизмлериниң енгизилиўи ҳәм нызамшылық базасының жетилистирилиўи Өзбекстанды глобал минераллар базарының әҳмийетли қатнасыўшысына айландырды, стратегиялық халықаралық бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратты.

Бул бағдарда 2026-жылдың басында Вашингтон қаласында болып өткен ири халықаралық илаж шеңберинде Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасында қол қойылған стратегиялық ҳүжжетлер топламы айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул келисимлер тараўдағы еки тәреплеме қатнасықларды декларациялық басқыштан әмелий-санаат дәрежесине өткериўде әҳмийетли бурылыс болды. Өз гезегинде, 2024-жыл сентябрь айында Өзбекстан Республикасы ҳәм АҚШ Ҳүкимети арасында әҳмийетли шийки зат тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумының қол қойылғаны еки тәреплеме шерикликтиң институционаллық тийкарларын беккемледи.

Ҳәзирги ўақытта жәҳән экономикасы ҳәм энергетикалық өтиў процесслери ушын үлкен әҳмийетке ийе стратегиялық ресурслар - оғада әҳмийетли минерал шийки зат (Critical Raw Materials) ҳәм сийрек ушырасатуғын минераллар тек ғана еки мәмлекет ушын емес, ал глобал санаат қәўипсизлиги ҳәм жоқары технологиялардың раўажланыўы ушын да фундаменталлық әҳмийетке ийе болмақта.

Соннан келип шығып, Өзбекстанда қазып алыў ҳәм қайта ислеўден баслап жоқары қосымша қунлы таяр өним ислеп шығарыўға шекем болған толық технологиялық циклди қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын «upstream–midstream–downstream» принципи тийкарында баҳа жаратыў шынжырын раўажландырыў тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген.

Traxys и Cove Capital сыяқлы халықаралық компаниялар менен инвестиция ҳәм саўда тараўында жолға қойылған шериклик Өзбекстанның глобал жеткерип бериў шынжырларын диверсификациялаўдағы стратегиялық ролин және де беккемледи. Бул бирге ислесиўлер тек ғана ресурсларды қазып алыў жойбарлары емес, ал жоқары қосымша қун шынжырлары тийкарында минерал-шийки зат базасын раўажландырыўға қаратылған узақ мүддетли экономикалық стратегияның қурамлық бөлеги болып есапланады.

Атап айтқанда, сөйлесиў жуўмағында "Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты" АЖ ҳәм Cove Capital компаниясы арасында инвестициялық бирге ислесиў бойынша Түсинисиў меморандумына қол қойылды. Ҳәзирги ўақытта бул бирге ислесиў шеңберинде кәнлерди өзлестириў ҳәм жаңа перспективалы участкаларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Тараўды модернизациялаў ҳәм технологиялық процесслерди локализациялаў шеңберинде дүньяның жетекши аўыр техника ислеп шығарыўшысы - Caterpillar компаниясы ҳәм оның рәсмий шериги Zeppelin Uzbekistan менен ерисилген келисимлер айрықша әҳмийетке ийе. Өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша республикамыздың кәншилик кәрханалары ушын заманагөй техникаларды жеткерип бериў, жоқары сапалы сервис хызметин көрсетиў, ең әҳмийетлиси, комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаў бойынша биргеликтеги бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, FLSmidth компаниясы менен ерисилген келисимлер Алмалық кән-металлургия комбинатының өндирислик қуўатлылықларын түп-тийкарынан кеңейтиў ҳәм алдынғы технологиялық шешимлерди енгизиў имканиятын жаратады. Бул бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары технологиялық үскенелерди локализациялаў ҳәм комплектлеўши бөлеклерди тиккелей республика аймағында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, технологиялық үскенелерге ерисиў мақсетинде қәнигелестирилген сервис орайларын шөлкемлестириў болып есапланады.

Қаржыландырыў тараўында ири тармақ жойбарларын алға қойыўда халықаралық финанслық инструментлерден пайдаланыўды кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, АҚШтың жетекши финанс институтлары - Раўажланыўды қаржыландырыў халықаралық корпорациясы (DFC) ҳәм АҚШ Экспорт-импорт банки (EXIM Bank) менен түрли дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм мәсләҳәтлесиўлер өткерилди. Бул басламалар тараўдың инвестициялық тартымлылығын және де арттырыўға хызмет етеди.

Тараўдың перспективалы раўажланыўы илим ҳәм жоқары технологиялар интеграциясы менен тиккелей байланыслы. Геология илимлери университети ҳәм дүньяның жетекши жоқары оқыў орынларынан бири - Colorado School of Mines арасындағы бирге ислесиў шеңберинде белгиленген стратегиялық бағдарлар бул бағдарда жаңа имканиятларды ашпақта. Бул интеграция шеңберинде геологиялық қурамалы аймақларда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда жаңа кәнлерди анықлаўға қәнигелескен заманагөй Компетенциялар орайын шөлкемлестириў, излеў процесслерине санлы шешимлер ҳәм аэрогеофизикалық технологияларды енгизиў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, ТМК ҳәм Массачусет технология институты (MIT) арасында хызметкерлерди заманагөй санлы ҳәм мәлимлеме технологиялары, интеллектуаллық өндирис, автоматластырыў, турақлы ҳәм перспективалы технологиялар бағдарлары бойынша MIT Horizon платформасында онлайн оқытыўға қаратылған бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.

Усы илимий-техникалық, санаат ҳәм инвестициялық жетискенликлерди өндирис әмелиятына енгизиў Өзбекстанның минерал-шийки зат тараўын инновациялық раўажландырыўға ҳәм оның глобал көлемдеги бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге хызмет етеди.