Илимий-изертлеў станциясында жәми 24 контейнер орнатылған болып, соннан 20 сы жасаў ушын, 1 ўи асхана, 2 ўи ҳәжетхана, 1 ўи қараўылхана сыпатында үскенеленген.

Аймақ таза ишимлик суўы, электр энергиясы, интернет байланысы, турақлы видеобақлаў системасы менен толық тәмийинленген.

Жойбарлар шеңберинде аймақтың топырақ-ықлым шараятына бейимлескен өсимликлерди жетистириў, оларды күтиў, кеселлик ҳәм зыянкеслерден қорғаў, шорланған топырақлардың өнимдарлығын тиклеў, дуз ҳәм қумның көшиў бағдарларын үйрениў, биологиялық, метеорологиялық ҳәм геологиялық изертлеўлер алып барылады.

Бул жумыслар Аралбойында экологиялық жағдайды жақсылаў, биологиялық көп түрлиликти тиклеў, сондай-ақ, шөл шараятында флора ҳәм фаунаны раўажландырыўға илимий тийкарда жәрдемлесиўге қаратылған.