Мәмлекетлик бағдарламада "жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў, халықтың саламатлығын жақсылаў, тәбийий ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелерге айрықша итибар қаратылған.
Депутатлар "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәм "Мениң бағым" жойбары шеңберинде 200 миллион түп терек ҳәм путалар егиў, "Саялы сейил көшелери" тармағын жаратыў, Арал теңизи түбинде 100 мың гектар "жасыл майдан" жаратыў ҳәм Аралбойы регионындағы тоғайзарларды 2,1 миллион гектарға, тоғай менен қапланған майданларды 4,1 миллион гектарға жеткериў бойынша белгиленген ўазыйпалар фракцияның бағдарламалық мақсетлерине үнлес екенин атап өтти.
Додалаўлардан соң, Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша системалы түрде депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырып барыўға келисип алынды.
Гезектеги мәселе - халықты қәлбеки өнимлерден қорғаў ҳәм санлы маркировкалаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары болды.
Бул нызам жойбарында исбилерменлерге маркировкалаў қурылмаларын сатып алыў қәрежетлериниң суммасына пайда, айланыстан алынатуғын салық ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын дәрамат салығын азайтыў ҳуқықы берилмекте. Сондай-ақ, пиво өнимлерин сатыў жумысы салық уйымларын хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыс түрлери дизимине киргизилмекте.
Фракция ағзаларының айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи санлы маркировкалы өнимлердиң усақлап сатыўды әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, салық жеңилликлериниң нәтийжели қолланылыўы, жасырын экономиканың алдын алыўға хызмет етеди.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.