Арал теңизи түбинде жоқары дәрежедеги шорланыўға шыдамлы өсимлик сынақтан өткерилди

    15 мамыр 2025 725

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде Арал теңизи қурыған түбинде сынақлар өткерилмекте.

    Изертлеў жумыслары министрликтиң Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтының хызметкерлери тәрепинен аўыл хожалығы илимлериниң докторы Зиновий Новицский басшылығында алып барылмақта.

    Жойбардың тийкарғы мақсети шорланыў дәрежеси жоқары болған шараятларға ең шыдамлы ҳәм теңиз түбиндеги экстремал шараятларға бейимлесе алатуғын өсимлик түрлерин анықлаўдан ибарат.

    Жоқары шыдамлылықты көрсеткен перспективалы өсимлик түрлеринен бири бул Арундо донах болды - бул гигант қамыс түри болып, тәбиятынан ығаллы орталықты жақсы көрсе де, шорланған шараятларға да жоқары дәрежеде бейимлесе алатуғыны менен белгили. Дала изертлеўлери даўамында өткерилген топырақ қазыў жумыслары нәтийжесинде сынаў аймағында жер асты суўлары шама менен 2 метр тереңликте жайласқаны анықланды. Итибарлысы сонда, Арундо донах тамырлары биринши жылдың өзинде-ақ усы тереңликке жетип барады, бул болса өсимликке жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланып, өсиўди даўам еттириў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў имканиятын береди.

    «Арундо донах шорланған шараятларда аман қалыў дәрежесин арттырыў ушын изертлеўшилер топары тәрепинен сийрек ушырасатуғын технология ислеп шығылды. Бул усылдың мәниси - ана өсимликтен кеминде бир метр тереңликтен алынған тамыр бүртиклери арқалы нәл егиўде. Бундай бүртиклер шорланыў дәрежеси Аралдың қурыған ултанына уқсас аймақлардан - Үргенш ҳәм Қарақалпақстаннан алып келинди. Нәтийжелер күтилгенинен де жоқары болды: өсимликлердиң аман қалыў дәрежеси 90 проценттен кем емес» - деп атап өтти З.Новицский.

    Илимпаздың сөзлерине бола, өсимликлерди орталыққа бейимлестириў бойынша әйне усындай қатнас келешекте де қолланылады. Арундо донах тамыр системасы тек ғана тереңлик бойынша (1 метр ҳәм оннан артық биринши жылдың өзинде) өсиўди көрсетип қоймастан, ал горизонталь бағытта да кең тарқалады - 2 метрге шекем. Бул болса топырақтың турақлылығын тәмийинлеўге ҳәм оның және де деградацияға ушыраўының алдын алыўға хызмет етеди.

    Өткерилген сынақлар Арал теңизиниң қурыған ултанын биологиялық жол менен тиклеў бағдарында жаңа имканиятлар жаратпақта. Бул усыл кең көлемли көклемзарластырыў, шаң боранларына қарсы гүресиў, сондай-ақ, климат өзгериўи ҳәм экологиялық кризис шараятында пүткил регионның экосистемасын тиклеў ушын әҳмийетли тийкар болыўы мүмкин.