Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышланып, "Бир ўатан, бир халық болып, жаңа өмир ҳәм келешек жаратамыз!" сүрени астында өткерилген бул әнжуман мәмлекетимиздиң жас шайырлары, жазыўшылары ҳәм сүўретшилерин бирлестирген, ана Ўатанымызды, ең уллы ҳәм ең әзиз болған ғәрезсизлигимизди тән алыў ушын оларға дөретиўшилик орталық ҳәм шараят жаратып бергени әйне ҳақыйқат.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қутлықлаў сөзи менен ашып, жақын үш жыл
даўамында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын
экономикалық-социаллық раўажландырыў бойынша жетпис сегиз пәрман ҳәм қарарлар
қабыл етилгенин айрықша атап өтти.
Халықтың электр энергиясына талабын толық
тәмийинлеў ҳәм энергетика тараўын және де раўажландырыў мақсетинде Беруний,
Қоңырат районларында самал электр станциялары қурылмақта.
Қыпшақ жағасында Әмиўдәрья үстинде саўлатлы
темир жол көпири қурылды. Кең ҳәм шексиз елимизди арқа ҳәм арқа-батыс
мәмлекетлер менен байланыстыратуғын әҳмийетли саўда-экономикалық әҳмийетке ийе
болған бул халықаралық жолда 100 километрден аслам аралық қысқарды.
Қарақалпақстанда санаат тараўы раўажланбақта. Ысытыў батареялары заводы ҳәм
Нөкис базальт талшығын ислеп шығарыў заводы иске қосылды. Жақын жылларда 3,5 миллиард
долларлық инвестиция киргизиледи.
Мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме
қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Әййемги
ҳәм наўқыран Елликқала районында бәҳәр гүллеген мәўсимде шағалалар емин-еркин ушып
жүрген Ақшакөл жағасында өткерилген таңлаў өз гезегинде жасларға байланыслы
реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин
жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы,
Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен
көркем әдебиятты раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетимизде
әдебият ҳәм руўхыйлық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға айрықша
тоқтап өтти.
Пүткил өмири ҳәм дөретиўшилиги даўамында
азатлықты әрман еткен, халықтың мәплерин ойлаған ҳәм халыққа хызмет етиўди
жырлаған Бердақ шайыр айтқанындай бахытлы-шадлы, талантлы, ҳәр исти пуқта
ойлайтуғын, если-ҳушлы, халқымыздың сүйениши болып, мақтаныш пенен көклерге көт еретуғын жасларымыз бар.
Мәмлекетимиз басшысының жоқары итибары ҳәм
ғамқорлығы себепли өзбек-қарақалпақ әдебий байланысларының раўажланыўы жаңа
басқышқа көтерилди. Ташкент қаласында қурылған "Жазыўшылар
қыябаны"нда өзбек классик ҳәм заманагөй әдебиятының уллы тулғалары менен
биргеликте қарақалпақ әдебиятының да үш уллы ғайраткери ‒ Бердақ, Ибрайым
Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновқа саўлатлы естелик монументлер орнатылды,
Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби ашылды.
2024-жылы мәмлекетимиз басшысының "Белгили
қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын
кеңнен белгилеў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Усы тарийхый қарарға
муўапық Әжинияздың толық "Шығармалар" китабы өзбек ҳәм қарақалпақ
тиллеринде басып шығарылды, Әжинияздың ибратлы өмири ҳәм дөретиўшилигин
сәўлелендирген көркем фильм сүўретке алынды. 2019-жылы Өзбекстан Қаҳарманлары
Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күниниң 90 жыллығы
кеңнен белгиленди. Ҳәр еки уллы дөретиўшиниң "Таңламалы шығармалары"
көркем түрде басып шығарылды. "Түркий әдебият дүрданалары" 100 томлық
китаплар топламының 34, 35, 36, 37 ҳәм 38-томлары қарақалпақ әдебиятына
бағышланған.
2021-жылы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы
тәрепинен "Назм бостаны" дүркиминде Бердақтың "Журт ғамхоры керек
маған", Кеңесбай Кәримовтың "Масофалар", Бахтияр Генжамураттың
"Жүректиң өртли аспаны", Сағынбай Ибрайымовтың "Жол ортасы"
атлы қосықлар топламлары, жас дөретиўшилердиң "Биринши китабым"
жойбары тийкарында Сарбиназ Мусатдинованың "Кәрўан жоллары" (2011),
Аллаяр Дарменовтың "Ай дос" (2017) атлы қосық топламлары өзбек
тилинде басып шығарылды.
Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан
халық шайыры Кеңесбай Кәримовтың "Ағабий" романы (2020),
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Шарап Уснатдиновтың "Ибрайым Юсупов" роман-эссеси
(2022) өзбек тилинде басып шығарылды. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының
"Жазыўшы ҳәм жәмийет" атамасындағы дүркин китаплар жойбары тийкарында
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Абдиевтиң "Бургут чўққи"
атамасындағы роман, повесть ҳәм гүрриңлер топламы өзбек тилинде басып
шығарылды.
2026-жылы Өзбекстанда хызмет көрсеткен
мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың
"Таңламалы шығармалар" китабы басып шығарылып, өзбек китапқумарларына
саўға етилди.
***
Илаж мүнәсибети менен Ақшакөл бойында
Елликқала районы аўыл пуқаралар жыйынлары, көркем өнер мектеплери, улыўма билим
бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери миллий тағамлар,
кестелер, халық әмелий көркем өнери үлгилери көргизбелерин көрсетти. Ақшакөлдиң
абат етилген, дем алыў орны ҳәм тамаша орнына айландырылған жағасы бойлап қатар
қойылған ағаш сыпаларда отырған пири бай ана ҳәм аталар ел-журт тынышлығын
тилеп, пәтия етти, келиншеклер дастурхан жайып, шай демлеген, жас-желең
дәстярлар хызметке таяр. Ақшакөл жағасы халық сейили менен толы. Елликқала
елимиздиң көп миллетли районларынан бири. Өзбек, қарақалпақ, түркмен, қазақ,
татар, рус, әзербайжан миллий кийимлери көзди жайнатады. Карнай-сурнайлар, нағара
ҳәм доиралар, қобыз ҳәм дуўтарлар, шынқобызлар, рубаб ҳәм тарлар музыкасы
кеўилди шад етеди. Бир қапталда Ахалтекин нәсилли сийрек ушырасатуғын тулпарлар
минген шабандозлар ҳасыл тайлардың сулыўлығын көрсетип, ат үстинде мардыйып
турыпты. Ақшакөл аспаны үстинде бултлар кәрўаны. Үрлеп ескен самал көл суўларын
бир қәлипте толқытқан. Шағырласқан шағалалар сулыў жамалы менен суўдың
толқынларына көрик бағышлайды. Көлдиң ортасында жүзип баратырған ақ кеме
жүректи елжиретеди.
Бул көринислерди этюдке жайластырған жас
художниклер май бояўы менен сүўретлеўге кирискен. Шайырлардың еринлери
сыбырланып қосық қатарларын тоқыўға бейимлескен. Жазыўшылар жазылажақ
гүрриңлери ушын көринислерди ядына мөрлеп қойыўға умтылған. Қулласы,
дөретиўшилик орталық қайнаған сайын қайнады.
Жағаға тигилген ақ отаўлар ергенеклери
қонақлар ушын қарақалпақтың ақ көкирегиндей ашық.
Күнниң екинши ярымында әнжуман
қатнасыўшылары Елликқала районы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби аймағында
қурылған "Абдулла Арипов" бағына көшти. "Ақшакөл илҳамлары"
таңлаўының тырнақ тасын қалаған устаз Абдулла Арипов атындағы бағ қурылғаны
әйне мақсетке муўапық. Бағқа киреберисте елимиз ардағындағы шайыр тулғасы
түсирилген сүўрет астына устаздың белгили төртлиги жазылғаны бәршениң дыққатын
тартты:
Гүлден гүлге қонып таң ўақтынан
Балалары пал жыйнар гүлден, даладан.
Шайыр да баласы болғанда,
Исин баслар еди Елликқаладан.
Абдулла Арипов бағы символикалық мәниде
гүллеп-жаснап атырған поэзия бағы, әдебият бағы болып есапланады. Бул бағ,
әлбетте, Ташкентте қурылған Жазыўшылар қыябаны менен тығыз байланыслы. Оның
гүллери ҳәм нәллери Жазыўшылар қыябанынан алып келинген, десек асыра айтқан
болмаймыз. Жазыўшылар, шайырлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери жақсы нийетлер менен
Елликқала топырағына мийўели терек нәллерин екти.
Ҳәр тараўда жаңалық, ҳәр жерде бәҳәр, ҳәр
майданда гүллеп-жаснаў дегендей Елликқалада әмелге асырылған дөретиўшилик
жумыслары илаж қатнасыўшыларына және де көтериңки руўх, дөретиўшилик заўық
бағышлады.
Әсиресе, Елликқала районындағы Мәденият
сарайында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Абдулла Ариповтың
бюстиниң ашылыўына бағышланған илаж бәршени толқынландырды. Устаз Абдулла
Ариповтың естелик бюсти бүгинги әўладқа қарап турған нурлы келбети: "Бул
уллы Ўатанның қәдирине жетиңлер!" деп нәсиятлап турғандай. Ериксиз устаз шайыр
тири ўақтында "Ақшакөл илҳамлары" әнжуманына киятырып, Әмиўдәрья
көпири үстинде айтып жиберген қосығы ядымызға түсти:
Кимлигимди азырақ билер едим,
Билген едим сүйиклилигимди.
Әмиўдәрьяны көргенде бирақ,
Билип қалдым уллылығымды!
Әнжуман шеңберинде мийманлардың
Елликқаладың дыққатқа ылайық орынлары, тарийхый естеликлери, жаңадан қурылған
дөретиўшилик объектлери менен танысыўы илаждың мазмунын және де байытты. Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты Елликқала факультетинде шөлкемлестирилген
Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф музейиниң экспонатлары менен танысыў,
Бостан қалашасында Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Матназар
Абдулҳакимниң "Сабақтан соң" қосығы тийкарында қурылған "Устазға
ҳүрмет" естелигине зыярат жас дөретиўшилерде умытылмас тәсирлер қалдырды.
Елликқала районы бойлап шөлкемлестирилген
саяхаттан соң жас дөретиўшилер райондағы көркем өнер мектебиниң
сабақханаларында таңлаўдың тийкарғы шәрти бойынша дөретиўшилик жарысты даўам
еттирди. Оларға қырық бес минут даўамында Ақшакөл темасында жаңа қосық, жаңа
гүрриң ямаса көркем қатар жазыў ўазыйпасы тапсырылды. Жарыс оғада қызықлы ҳәм
қызғын болды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайырлары болған устазлардан
дүзилген төрешилер қурамы жас дөретиўшилердиң жазба жумысын үйренип шықты ҳәм
мүнәсип баҳалады. Ең әҳмийетлиси, Ўатан темасында жаңа қосықлар, жаңа прозалық
шығармалар, жаңа сүўретлеў шығармаларына тырнақ қаланды, шараят жаратылды.
Ертеңине район орайындағы көркем өнер
сарайында "Ақшакөл илҳамлары" республикалық таңлаўының жеңимпазларын
сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илаж алдында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының
баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид шығып сөйлеп, мәмлекетимизде
жас дөретиўшилерге көрсетилип атырған итибар, жаратылып атырған шараятлар,
мәмлекет көлеминде шөлкемлестирилген "Ақшакөл илҳамлары" таңлаўының
әҳмийети ҳәм күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында айтып өтти:
- Алтын кәнинен алтын шығады, дегениндей
сөз дарғаларына бесик болған бул диярда әлбетте, Әлийшер Наўайы, Бердақ,
Әжинияз, Еркин Ваҳидов, Абдулла Арипов, Ибрайым Юсупов мийрасхорлары әлбетте
жетисип шығатуғынына исенемиз. Ибрайым ағаның "Айт сен Әжинияздың
қосықларынан" атлы қосығында бул ийгиликли нийеттиң әмелге асыўына толық
исеним билдирилген. Оны устаз Абдулла Арипов өзбек тилине аўдарған.
Мен оны тыңласам, қалмай тақатым,
Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған.
Мен оны тыңласам, туўған елатым
Жер жәннети болып көринер маған.
Жулдызларды жерге үңилтпек
болсаң.
Жаман
шайырларды түңилтпек болсаң,
Егер
мен өлгенде тирилтпек болсаң,
Айт
сен Әжинияздың қосықларынан!
Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына
ағзалыққа қабыл етилген қарақалпақстанлы дөретиўшилерге ағзалық гүўалықлары
тапсырылды.
Өзбекстан халық шайыры Маҳмуд Тоир,
Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай
Каримов ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасарлары Фарида Афроз
ҳәм Ғайрат Мажид шығып сөйлеп, жеңимпазларды қутлықлады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан
халық шайыры Абдулла Ариповтың өмирлик жолдасы Ҳанифа Мустафоева "Абдулла
Арипов бағы" дөретиўшилерине, Абдулла Арипов бюсти дөретиўшилерине,
устаздан мийрас болып қалған "Ақшакөл илҳамлары" таңлаўын жаңадан
шөлкемлестирген шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Төрешилердиң жуўмағына бола, таңлаўда ең
талантлы дөретиўшилер анықланды. Республиканың барлық аймақларынан келген 44
қатнасыўшының ҳәр бирине диплом, статуэтка, естелик саўғалары ҳәм китаплар
топламы тапсырылды.
Көркем өнер ғайраткерлери қосық ҳәм аяқ
ойынлары менен илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.
Бизиңше, таңлаўда қатнасқан барлық
дөретиўши жеңимпаз болды. Олар жарқын тәсирлер ҳәм толқынланыў қушағында
Ақшакөлде шарықлап ушып жүрген шағалалар менен хошласып, үйлерине кеўилли ҳәм
масайрап қайтты.
Биз де усы таңлаўдан өзгеше тәсирлер менен
қайтып киятырғанымызда, кеўлимизде төмендеги қосық қатарлары оянды.
Жанды бәҳәр Елликқала қойнында,
Бүлбил сайрар Ақшакөлдиң бойында.
Ғәзел тоқыр бүлбилзибан шайырлар,
Өзбек пенен қарақалпақ тойында.
Кеўилде ҳәўиж алды Ақшакөл илҳамлары,
Тилде уллы устазлардың атлары:
Ибрайым ҳәм Абдулла Ариф қосығы,
Атажанның "Сувора" саўғалары.
Әўлийелер Бостанға дем урған -
"Суф":
Жамалынан қуяш болған кусуф.
Аспанларда мәңги наўқыран қосық -
Елликқала қусы Мухаммед Юсуф.
Алтын қосық жаңлап тур, саз алтын,
Журт гиминин жырлаған ҳаўаз алтын.
Ақшакөл илҳамларына ҳәўиж берген
Валижан ҳәм де устазы Неъматулла.
Гүл ашылып жайнай берсин Бостаным,
Елликқала ең гөззал гүлистаным.
Қосық жаңлар Ақшакөлдиң бойында,
Бахытым мениң, жаным Өзбекстаным!
Рустам МУСУРМОН,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери,
Қарақалпақстан халық шайыры