Дүньяда халықтың саны артып, қалалар кеңейип, санаат ҳәм санлы технологиялар жедел пәтлерде раўажланып атырған бир ўақытта, энергияға болған талап та турақлы артып бармақта. Бурынлары электр тәмийнаты тек ғана өндирис ямаса турмыслық қолайлық пенен байланыслы деп қаралған болса, бүгин ол миллий қәўипсизлик, экономикалық турақлылық ҳәм социаллық абаданлықтың ажыралмас бөлегине айланды. Бир қарағанда көзге тасланбайтуғын санлы процесслер - мағлыўматларды сақлаў, интернет тармақларының жумысы, электрон төлемлер, жасалма интеллект системалары - барлығы үлкен көлемдеги энергияға таянады. Демек, энергия енди тек ресурс емес, ал цивилизация ҳәрекетин тәмийинлеўши қан тамырына айланды.
Бирақ раўажланыўдың бул тезлиги тәбият имканиятлары
менен тең салмақлылықта емес. Әсирлер даўамында нефть, газ ҳәм көмир сыяқлы
дәстүрий дереклерге сүйенип келген энергетика модели инсаниятқа санаат
революциясы ҳәм экономикалық өсиў имканиятын берди. Бирақ бул модель тәбият
ресурсларының шекленгенлиги ҳәм экологиялық ақыбетлерди жетерли дәрежеде есапқа
алмады. Атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер, глобал климат өзгериўи,
тәбийғый апатшылықлар санының артыўы - булардың барлығы энергия ислеп шығарыў
ҳәм тутыныў мәденияты менен байланыслы. Енди мәселе тек ғана энергияны көбирек
ислеп шығарыўда емес, ал оны қандай деректен, қандай принцип тийкарында ҳәм
қандай жуўапкершилик пенен ислеп шығарыўда көринбекте.
Усы көзқарастан қарағанда, инсаният алдында
стратегиялық ҳәм соның менен бирге руўхый таңлаў турыпты. Яғный тәбиятты
аўырластыратуғын, қысқа мүддетли мәплерге тийкарланған ески моделди даўам
еттириў ямаса турақлы, таза ҳәм келешек әўлад мәплерине хызмет ететуғын
"жасыл" энергия жолын таңлаў. Бул әпиўайы технологиялық алмасыў емес,
ал раўажланыў философиясының өзгериўи болып есапланады. Бул инсанның тәбият
үстинен ҳүкимдарлық етиў идеясынан оны қәстерлеп сақлаў ҳәм бирге ислесиў
идеясына өтиўи.
Дүньядағы көплеген мәмлекетлер әллеқашан турақлы энергетикаға
өтиўди стратегиялық мақсет етип белгилеп алған. Елимиз де бул глобал процесстен
шетте емес. Қуяш ҳәм самал энергетикасын раўажландырыў, заманагөй энергия
үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар
мәмлекетимиздиң келешекке қаратып атырған исенимли қәдемин көрсетеди. Турақлы энергетикаға
өтиў тек ғана экономикалық диверсификация емес, ал экологиялық ҳадаллық, руўхый
жуўапкершилик ҳәм келешек әўлад тәғдирине болған жоқары итибардың көриниси
болып есапланады.
Себеби, энергетика сиясаты бүгин экономикалық
есап-санақлар шеңберинен шығып, цивилизациялық таңлаў дәрежесине көтерилди.
Қайсы жолды таңлаўымыз қандай жәмийет қурыўымыз, қандай тәбиятты сақлап
қалыўымыз ҳәм қандай келешекти мийрас етип қалдырыўымызға тиккелей байланыслы.
"Жасыл" энергетика болса, мине, усы жоқары ҳәм жуўапкершиликли
таңлаўдың көриниси сыпатында пайда болмақта.
Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан
халқына Мүрәжатында усы жыл ушын экологиялық турақлылықты тәмийинлеў,
"жасыл" энергетиканы раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас
пайдаланыў бесинши тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп қойылғаны бийкарға емес.
Бул, бәринен бурын, глобал климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм энергия
қәўипсизлиги сыяқлы машқалалар барған сайын кескин түс алып атырған ҳәзирги
шараятта мәмлекетимиз алдында турған стратегиялық ўазыйпалар анық ҳәм пуқта
аңланғанынан дәрек береди.
Себеби экологиялық
турақлылық мәселеси енди тек ғана тәбиятты қорғаў шеңбериндеги ўазыйпа емес. Ол
экономикалық өсиў пәтлери, халықтың абаданлығы, аўыл хожалығының нәтийжелилиги
ҳәм улыўма, миллий қәўипсизлик пенен тығыз байланыслы мәселеге айланды. Суў
ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия ислеп шығарыўда қайта
тикленетуғын дәреклердиң үлесин арттырыў, атмосфераға шығарылып атырған зыянлы
шығындыларды қысқартыў - булардың барлығы мәмлекет раўажланыўының узақ мүддетли
тийкарын беккемлеўге қаратылған системалы көзқарас болып есапланады.
Кейинги жыллары бул бағдарда кең көлемли реформалар
әмелге асырылмақта. Қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, энергияны
үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, санаат кәрханаларында экологиялық
стандартларды күшейтиў, суўды үнемлеўге қаратылған инновациялық шешимлерди
әмелиятқа енгизиў сольардың қатарына киреди. Ең әҳмийетлиси, бул процесс бир
мәртелик акция ямаса ўақытша баслама емес, ал анық стратегия ҳәм узақ келешекке
қаратылған мәмлекетлик сиясатқа айланбақта.
Бесинши тийкарғы бағдар сыпатында "жасыл"
раўажланыўды белгилеў тек ғана бүгинги талапларды емес, ал келешек әўладлардың
мәпин де есапқа алған ҳалда қабыл етилген қарар екенин көрсетеди. Себеби,
турақлы энергетика ҳәм экологиялық тең салмақлылық экономикалық раўажланыўдың
заманагөй модели, руўхый жуўапкершилик ҳәм цивилизациялық таңлаўдың көриниси
болып есапланады.
Кейинги бес жылда 6 мың мегаваттлы қуяш, самал ҳәм
гидроэлектр станцияларының иске қосылыўы әпиўайы инфраструктураны кеңейтиў
емес, ал миллий энергетика моделиниң өзгериўиниң басланыўы болып есапланады.
Егер итибар берсек, бул қуўатлықлар мәмлекетимиз улыўма электр генерациясында
"жасыл" энергия үлесин 30 процентке жеткерди. Демек, ҳәр үш
киловатт-саат электр энергиясының кеминде биреўи қайта тикленетуғын дәреклердиң
үлесине туўра келмекте. Бул болса энергетика системасын диверсификациялаў,
яғный дәреклердиң ҳәр түрлилигин тәмийинлеў арқалы қәўипсизликти беккемлеў
дегени.
Энергетика қәўипсизлиги бүгин тек ғана электр
үзилислериниң алдын алыў менен өлшенбейди. Ол ресурслар турақлылығы, баҳалар
турақлылығы ҳәм сыртқы факторларға байланыслылық дәрежеси менен де баҳаланады.
Қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлеси артыўы тәбийғый газ ҳәм басқа да
углеводород ресурсларына ишки басымды азайтады. Бул болса оларды қосымша қун
жарататуғын тармақларға бағдарлаў ямаса экспорт потенциалын арттырыў имканиятын
береди.
Жақында 3,5 мың мегаваттлы, баҳасы 4 миллиард 200
миллион доллар болған жаңа "жасыл" жойбарларға старт берилиўи
стратегиялық избе-изликти көрсетеди. Бул инвестициялар тек ғана электр ислеп
шығарыў көлемин арттырып қоймастан, ал мәмлекетке алдынғы технологиялардың
трансфери, жаңа жумыс орынлары ҳәм инженерлик мектеплериниң қәлиплесиўине
хызмет етеди. Энергетика тараўындағы ҳәр бир ири жойбар әтирапында қурылыс,
логистика, хызмет көрсетиў ҳәм билимлендириў тармақлары раўажланады. Демек,
"жасыл" энергетика мультипликатив экономикалық тәсирге ийе.
Усы жылдың өзинде 7 миллиард куб метр тәбийғый газдиң
үнемлениўи режелестирилип атырғаны айрықша итибарға ылайық. Бул көлем айырым
мәмлекетлердиң жыллық тутыныўына тең. Үнемленген ресурс қосымша экономикалық
имканият, бюджет турақлылығы ҳәм экспорт түсимлериниң өсиўи дегени. Соның менен
бирге, 11 миллион тонна зыянлы шығындылардың атмосфераға шығарылыўының алдын
алыў экологиялық жақтан үлкен жетискенлик болып есапланады. Бул тек ғана климат
өзгериўине қарсы гүресиў емес, ал халықтың саламатлығын қорғаў, медициналық
қәрежетлерди азайтыў ҳәм турмыс сапасын арттырыўға да хызмет етеди.
Әҳмийетлиси, бул процесс санлардың артында қалып
кетпеўи керек. "Жасыл" энергетикаға өтиў экономикалық есап-санақлар
менен бир қатарда цивилизациялық қатнас болып есапланады. Яғный мәмлекеттиң
раўажланыўы тәбият пенен қарама-қарсылық емес, ал үнлеслик тийкарына байланысып
атыр. Энергия ислеп шығарыў усылының өзгериўи жәмийеттиң санасының өзгериўин де
талап етеди: үнемлеў мәденияты, экологиялық жуўапкершилик ҳәм узақ мүддетли
пикирлеў қәлиплеседи.
Усы көзқарастан қарағанда, соңғы жылларда әмелге
асырылған жумыслар ҳәм режелестирилген жойбарлар мәмлекетимиздиң энергетика
сиясатында сапа жағынан жаңа дәўир басланғанын көрсетеди. Бул дәўирде энергия
тек ғана қуўат емес, ал турақлы раўажланыў, экономикалық ғәрезсизлик ҳәм экологиялық
әдиллик тымсалына да айланбақта.
Бүгин "жасыл" энергетикаға өтиў мәселеси
таңлаў зәрүрлигине айланды. Дүнья көлеминде жүз берип атырған климат
өзгерислери, ресурслардың жетиспеўшилиги ҳәм экологиялық машқалалар инсаниятты
раўажланыўдың жаңа моделин излеўге ийтермелемекте. Сонлықтан, қайта тиклениўши
энергия дәреклерин раўажландырыў тек ғана экономикалық реформа ямаса
технологиялық жаңаланыў емес, ал жәмийеттиң сана-сезиминдеги терең өзгерис
болып есапланады.
Кейинги жыллардағы кең көлемли жумыслар
"жасыл" раўажланыўға өтиў қатаң сиясий ерк-ықрар ҳәм пуқта стратегия
тийкарында болып атырғанын көрсетпекте. Қуяш ҳәм самал станцияларының қурылысы,
энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары, суў ресурсларынан ақылға уғрас
пайдаланыўға қаратылған бағдарламалар - булардың барлығы турақлы келешек
тийкарын беккемлеўге хызмет етпекте. Ең әҳмийетлиси, бул процесс экономикалық
мәп пенен экологиялық жуўапкершиликти үйлестириўге қаратылған.
"Жасыл" энергетика тәбиятқа ҳүрмет, келешек
әўлад алдындағы парыз ҳәм миллий мәплердиң узақ мүддетли қорғаўы болып
есапланады. Үнемленген ҳәр бир куб метр газ, атмосфераға шықпай қалған ҳәр бир
тонна зыянлы элемент тек ғана сан емес, ал саламат орталық, турақлы экономика
ҳәм абадан жәмийетке қойылған қәдем болып есапланады.
Себеби, энергетика сиясаты бүгин экономикалық
есап-санақ шеңберинен шығып, руўхый ҳәм цивилизациялық әҳмийетке ийе болмақта.
Қайсы деректен энергия алатуғынымыз қандай келешекти таңлайтуғынымызды
билдиреди. "Жасыл" энергетика болса мине усы таңлаўдың ақылға уғрас,
жуўапкершиликли ҳәм перспективалы жолы сыпатында көринбекте.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы