Презентацияда исбилерменлерге финанслық жәрийма қолланыў бойынша әмелдеги тәжирийбеде бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, көпшилик жағдайларда жәриймалар ўәкилликли уйымлар тәрепинен қолланылып, қалған жағдайлар судлар тәрепинен әмелге асырылып атырғаны тараўда суд қадағалаўын күшейтиў зәрүрлигин көрсетпекте.
Усы мүнәсибет пенен усы жылы 1-октябрьден финанслық жәриймаларды ықтыярлы төлеўди хошаметлеўдиң жаңа ҳәм бирден-бир тәртибин енгизиў усыныс етилди. Оған бола, исбилерменлик субъекти ўәкилликли уйымның қарары тапсырылған күннен баслап бир ай мүддетте жәрийма суммасының 50 процентин төлесе, қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.
Буннан тысқары, жәрийманы алты ай даўамында тең үлеслерде төлеў имканияты нәзерде тутылмақта. Онда, қарар тапсырылғаннан кейин бир ай мүддетте жәрийманың алтыдан бир бөлеги муғдарындағы дәслепки сумма төленсе, бундай тәртип автомат түрде қолланыла баслайды.
Суд қадағалаўын күшейтиў мақсетинде ўәкилликли уйымның финанслық жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарары суд тәрепинен бийкар етилген ямаса ҳақыйқый емес деп табылған жағдайларда өндирилген қаржыларды 15 күн ишинде қайтарыў механизмин белгилеў усыныс етилди. Егер усы мүддет бузылса, кешиктирилген ҳәр бир календарь күн ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер есапланыўы нәзерде тутылады.
Қаржылай жәриймаларды қолланыў процесслерин санластырыўға да айрықша итибар қаратылды. Бизнес-омбудсман тәрепинен жүргизилетуғын "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында исбилерменлик субъектлерине қолланылған финанслық жәриймалардың электрон реестрин енгизиў усынысы билдирилди.
Ўәкилликли уйымлардың қарарлары қабыл етилгеннен кейин бул системаға киргизилиўи ҳәм электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланыўы шәрт болады. Мәлимлеме системасына киргизилмеген ҳәм электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланбаған қарарлар ҳақыйқый емес деп есапланады ҳәм олар тийкарында жәрийма өндириўге жол қойылмайды.
Сондай-ақ, қаржылай жәриймалардың есабын жүргизиў, мониторинг етиў ҳәм оларды мобил қосымша арқалы онлайн төлеў имканиятын жаратыў, мәпдар уйымлардың мәлимлеме системаларын интеграциялаў зәрүрлиги атап өтилди. Финанслық жәриймалар ҳаққындағы қарарлар үстинен исбилерменлик субъектиниң жеке кабинети арқалы онлайн шағым етиў, шағым берилген ўақыттан баслап қарардың орынланыўын автоматикалық түрде тоқтатып қойыў механизмин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда сондай-ақ, бундай илажларды қолланыў тәртибин бирдей етиўге қаратылған "Ҳуқықый тәсир илажлары ҳаққында"ғы нызам жойбарын ислеп шығыў усынысы алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, нызамға әмел еткен ҳалда олардың жумысын хошаметлеў, жәрийма қолланыў әмелиятында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенин атап өтти.
Жуўапкерлерге билдирилген усынысларды пуқта ислеп шығыў, суд қадағалаўын күшейтиў, санластырыўды жеделлестириў, тараўда бирден-бир, анық ҳәм әдил ҳуқықый механизмди қәлиплестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.