Реже майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлер ҳәмде жеке меншик бәнтлик агентликлерине төмендеги қоллап-қуўатлаў илажларын усыныў тәртибин белгилейди:
бәнтликке көмеклесиў субсидиясы;
жумыс орынларына бейимлестириў субсидиясы.
Режеге бола, "Майыплығы болған шахслардың бәнтлигине жәрдемлесиў электрон реестри" мәлимлеме модули жүргизиледи.
Бәнтликке көмеклесиў субсидиясы төмендеги талапларға жуўап беретуғын исбилерменлерге ажыратылады:
электрон реестрде турған I ҳәм (ямаса) II топар майыплығы болған шахсты кеминде 3 ай даўамында үзликсиз рәсмий бәнтлигин тәмийинлеген;
усы дәўирде оған ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2 есесинен кем болмаған муғдарда мийнет ҳақы төлеген.
Жумыс орынларына бейимлестириў субсидиясы бәнтлиги тәмийинленген I ҳәм (ямаса) II топар майыплығы болған шахслар ушын сурдоаўдармашы, психолог ямаса жолдаслық хызметин шөлкемлестирген исбилерменлерге 50 млн сумға шекемги муғдарда ажыратылады.
Субсидияның ҳәр айлық муғдары төмендегише:
сурдо аўдармашы хызмети ушын БЕМның 8 есеси;
психолог хызмети ушын БЕМның 10 есеси;
жолдаслық хызмети ушын БЕМның 5 есеси.
Исбилерменлер бул субсидияларды алыў ушын "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы ямаса БИМХП (my.gov.uz) арқалы электрон сораўнаманы толтырыў арқалы мүрәжат етеди.








