Шавкат Мирзиёев Иран портындағы жарылыў бойынша мәмлекет президентине кеўил билдириў хатын...
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Иранның Бандар-Аббос қаласындағы Шаҳид-Ражоий порты аймағында жүз берген жарылыў ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны ҳәм аўыр жарақат алғаны, үлкен апатшылықлар көрилгени мүнәсибети менен Президент Масъуд Пезешкиёнға кеўил айтыў хатын жоллады.