Дәслеп, 2023-жылы Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрасы объектлериниң дизими тастыйықланып, оған 185 объект киргизилген еди. 2024-2025-жыллардағы кең көлемли изертлеўлер даўамында Дизим жаңаланып, оған жаңа объектлер қосылды ҳәм ҳәзирги ўақытта 212 ден ибарат.
Дизимге төмендегилер киреди:
Биологиялық объектлер (23) - тоғай массивлери, шыршазарлар, тоғайлар ҳәм тәбият зоналары;
Гидрологиялық объектлер (101) - 49 булақ, 23 көл, 13 дәрья, 12 сарқырама, 4 сай ҳәм Арал теңизи;
Геологиялық объектлер (33) - 8 үңгир, 5 сай, 14 таў ҳәм сийрек ушырасатуғын жартас, 6 шөл ҳәм бархан;
Тәбият қубылыслары (2);
Палеонтологиялық объект (1) - "Динозавр изи".
Сондай-ақ, дизимге 7 мәмлекетлик қорықхана, 1 комплексли буйыртпахана, 13 буйыртпахана, 13 миллий тәбият бағы ҳәм 8 тәбият естелиги киргизилген.
Айырым миллий мийрас объектлери халықаралық тән алынған:
ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине трансшегаралық объектлер киргизилген: Батыс Тянь-Шань (2016-жыл) ҳәм Туран орташа шөллери (Үстирт платосы, 2023-жыл).
Чотқол (1978) ҳәм Төменги Әмиўдәрья (2021) биосфера мәмлекетлик қорықханалары ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән биосфера резерватлары тармағына киргизилген.
Өзбекстаннан халықаралық әҳмийеттеги суў-батпақлы жерлер дизимине (Рамсар конвенциясы) 5 объект киргизилген: Теңизкөл (2002), Айдар-Арнасай көллер системасы (2008), Тўдакөл ҳәм Қуйимазар суў бассейнлери (2008), Судочье көли (2023) ҳәм Жылтырбас көли (2024).
Тәбийғый мийрасты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде 2025-жылдың 10-19-декабрь күнлери Ташкент фотосүўретлеў үйинде "Өзбекстанның тәбийғый мийрасы" атамасында фотокөргизбе болып өтти. Сондай-ақ, көргизбеден Миллий комитеттиң "Өзбекстанның тәбийғый мийрасы" ҳәм "Өзбекстан тәбияты мәўсимлерде" атамасындағы китап-альбомлары да орын алды.