Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларымызда 1 миллион 489 мыңнан аслам студент билим алмақта. Соннан 782 мың, яғный 52,5 проценти ҳаял-қызлар. Магистратура басқышында оқып атырған студентлер болса 37 мың 839, олардың 23 мың 628 и - 62,44 проценти студент-қызлар болып есапланады. Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызлардың коньтракт төлеми 2022-жылдан берли толық мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап берилмекте. Соңғы үш жылда бул мақсет ушын 285,8 миллиард сум қаратылды.
Илим докторы ҳәм философия докторы илимий дәрежесине ийе ҳаял-қызлардың саны барған сайын көбеймекте. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта елимизде 1 200 ден аслам жас илимпаз илимий излениўде. Олардан 400 и техника, медицина ҳәм тәбийғый илимлер бағдарында жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, ҳаял-қызлар ушын илимий грантлардың саны арттырылған. Соның ишинде, Ҳаял-қызлар инновациялық жойбарлары бағдарламасы шеңберинде 2022-2023-жылларда 150 ден аслам жас илимпаз қаржылай қоллап-қуўатланған. Илимпаз ҳаял-қызлардың басшылығында улыўма баҳасы 82,6 миллиард сумлық 101 илимий жойбар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызлардың 25,5 миллиард сумлық 68 стартап жойбары қаржыландырылды.
2024-жыл жағдайына бола, жергиликли ҳәм республика дәрежесиндеги мәмлекетлик басқарыў уйымларында ислеп атырған ҳаял-қызлардың саны 38 мыңнан артқан. Сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына жаңадан сайланған депутатлардың 38 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Бул Өзбекстан тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Ҳүкимет қурамында да бир неше ҳаял министрликлер ҳәм комитетлерди басқарып келмекте.
Мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў бойынша системалы ҳәм басқышпа-басқыш қатнас 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясында белгилеп берилген. Бул стратегия БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес тәризде ислеп шығылған. Стратегия билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономикалық белсендилик, сиясий қатнас, ҳуқықый қорғаў, санлы трансформация ҳәм социаллық стереотиплерди сапластырыў сыяқлы тийкарғы бағдарларды өз ишине алады. Әсиресе, ҳаял-қызлардың билим алыўға кириў имканиятын кеңейтиў айрықша мақсет сыпатында белгиленип, төмендегилерге итибар қаратылғаны дыққатқа ылайық:
- 2030-жылға шекем қызлардың мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўын 100 процентке жеткериў;
- орта ҳәм жоқары билимлендириўде гендер айырмашылығын сапластырыў ҳәм әсиресе, STEM (илим, технология, инженерлик, математика) бағдарларында оқып атырған қызлардың үлесин 1,5 есеге арттырыў;
- ҳаял-қызлар ушын исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, оларға финанслық ҳәм техникалық жәрдем көрсетиў арқалы өз жумысын баслаўға шараят жаратыў;
- ҳаял-қызлардың басшылық лаўазымларында 30 процентлик қатнасыўына ерисиў;
- қызлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын санлы саўатлылықты арттырыў, интернеттен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў арқалы билимлендириў ресурсларына теңдей кириўди тәмийинлеў;
- гендер зорлыққа қарсы гүресиў бойынша профилактика ҳәм реабилитация орайларын ҳәр бир ўәлаятта шөлкемлестириў;
- ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бойынша бийпул тренинглер ҳәм мәсләҳәт хызметлерин кеңейтиў.
Өзбекстанда ҳаял-қызлардың билимлендириўге қызығыўшылығын арттырыў, кәсиплик потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм экономикалық белсендилигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда кең көлемли басламалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, ҳаял-қызларды кәсипке үйретиў, оларды жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелерине тартыў және социаллық қорғаў бойынша ерисилип атырған нәтийжелер салмақлы. 2023-2024-жылларда Сурхандәрья, Қашқадәря, Наўайы, Жиззақ, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы тийкарында нәтийжелилик артты. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында бир жылда 8200 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды, олардан 2300 и "Ҳаял-қызлар дәптери" арқалы жеңиллетилген кредитлер тийкарында өз жумысын баслады. Қашқадәрьяда болса 5 мыңнан аслам ҳаял-қызлар заманагөй кәсиплер - компьютер саўатлылығы, график дизайн, тигиўшилик, агротехника ҳәм косметология бойынша қысқа мүддетли курсларды табыслы тамамлады. Ферғана ўәлаятында "Қызлар академиясы" жойбары шеңберинде 1500 ден аслам мектеп питкериўшиси ушын жоқары билимлендириўге таярлық көриўге жәрдемлесетуғын бийпул курслар шөлкемлестирилди.
Ҳаял-қызлардың билим алыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде аралықтан билимлендириў платформалары арқалы оқытыў жолға қойылған. Мысал ушын, “ZiyoNET”, “Online-maktab”, “Bilim.uz”, “Coursera” ҳәм “Udemy” платформалары арқалы 2022-2023-жылларда 20 мыңнан аслам ҳаял-қызлар онлайн тәризде заманагөй кәсиплерди ийеледи. Республикамызда жумыс алып барып атырған 1 300 ден аслам китапханада болса қызлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын өз алдына оқыў ҳәм тренинг аймақлары шөлкемлестирилмекте.
"Ҳаял-қызлар дәптери" арқалы социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған ямаса ўақтынша жумыссыз ҳаяллар анықланып, олар кәсип-өнер үйрениў, психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў, оқыў орайларына бағдарланбақта. Еки жыл ишинде бул система арқалы 180 мыңға шамалас ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленди.
"Ҳаял-қызлар академиясы" шеңберинде жоқары билимлендириўге қамтып алынбаған, бирақ интеллектуаллық потенциалы жоқары қызлар ушын бийпул таярлаў курслары шөлкемлестирилип, оларға тест сынақларына таярлық көриў ушын зәрүр ресурслар (китаплар, интернет, менторлар) ажыратылмақта. 2023-жылы усы академиялар арқалы 5 мыңға шамалас қызлар жоқары оқыў орынларына оқыўға кирди.
2023-жылдан баслап социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын аймақлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2 000 нан аслам мәмлекетлик грант ажыратылыўы жолға қойылды. Бул грантлар арқалы қамтып алынған жаслардың ярымынан көби аўыллық жерлерде жасайтуғын қызлар болып есапланады.
Өзбекстанда ҳаял-қызлардың билимлендириўге кеңнен тартылыўында тек ғана мәмлекетлик мәкемелер емес, ал мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (МКШ), пуқаралық жәмиети институтлары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң де орны бар. Олардың жумысы көпшилик жағдайларда инновациялық жойбарлар, грант бағдарламалары, техникалық жәрдем ҳәм мәсләҳәт хызметлери арқалы әмелге асырылмақта. Қәбилетли ҳаял-қызлардың сырт елде тәжирийбе арттырыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткен жылы 105 жас илимпаздың илимий стажировкасы қаржыландырылды. Олар Уллы Британия, Түркия, Россия, Венгрия, Беларусь, Италия, Испания, АҚШ, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлерде тәжирийбе арттырып қайтты.
БМШтың Ҳаял-қызлар ушын экономикалық имканиятлар бағдарламасы шеңберинде 2021-2023-жылларда 10 мыңнан аслам ҳаялды қамтып алған кәсиплик оқыў курслары шөлкемлестирилди. Оқығанлардың 60 проценти жумысқа жайласты. UNICEF қызлардың мектептен кейинги билимлендириўге үзликсиз өтиўин тәмийинлеў бойынша “Girls Empowerment Initiative” жойбарын жолға қойды. 30 мыңға шамалас оқыўшы қызды қамтып алған бул бағдарлама 5 ўәлаятта тәжирийбе түринде әмелге асырылмақта.
Германия халықаралық бирге ислесиў қоры (GIZ) Ташкент, Бухара ҳәм Наманган ўәлаятларында "Ҳаял-қызлар STEMде" жойбарын жолға қойып, техникалық ҳәм санлы бағдарларда оқып атырған 2 500 жас ҳаял-қызға грант ажыратты.
Жеке меншик оқыў орайлары, мәселен, “IT Park”, “Tech Academy” ҳәм “Step Academy” ҳаял-қызларды IT, график дизайн, программаластырыў, санлы маркетинг сыяқлы заманагөй кәсиплерге үйретип, оларды қәниге сыпатында жумысқа таярламақта.
Буннан тысқары, Уллы Британияның “Chevening”, Германияның DAAD, АҚШтың “Fulbright”, Европа Аўқамының “Erasmus+” сыяқлы бағдарламалары арқалы өзбек ҳаял-қызларының сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў имканияты артпақта. Булардың барлығы соңғы жыллары Өзбекстанда ҳаял-қызлар билимлендириўин раўажландырыў, олардың илимий, кәсиплик ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында әҳмиетли қәдемлер қойылғанынан дәрек береди. Ҳәрекетлер тек ғана ҳаял-қызлардың индивидуал өсиўине емес, ал пүткил жәмийеттиң интеллектуаллық ҳәм экономикалық потенциалына унамлы тәсир көрсетпекте.
Бирақ, бул бағдарда итибар қаратыў зәрүр болған тәреплер де жоқ емес. Мәселен, аймақлық теңсизликлерди сапластырыў ушын шетки орынларда жасайтуғын қызлар ушын өз алдына грантлар, аралықтан оқыў имканиятлары ҳәм стипендияларды кеңейтиў зәрүр. Қызларды техника, инженерлик ҳәм IТ тараўларына бағдарлаў ушын мектеп дәўиринен баслап мақсетли бағдарламалар ислеп шығыў керек.
Жас илимпазлар ушын миллий ҳәм халықаралық грантлардың санын көбейтиў, олардың илимий жумысын институтлар дәрежесинде хошаметлеў де мақсетке муўапық. Қалаберди, гендер сиясатына байланыслы барлық бағдарламалардың нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден-бир системаны ислеп шығыў мақсетке және де жақынластырады.
Ҳаял-қызлар билимлендириўине итибар - жәмийеттиң ертеңги күнине инвестиция киргизиў менен бир қатар баслама. Солай екен, қызыңыз, қарындасыңыз, ҳаялыңыз бола ма - ҳәммесин бул бағдарда қоллап-қуўатлаң.
Камола МУҲИТДИНОВА,
экономика илимлериниң докторы, профессор