Елимизде санаат, энергетика, инфраструктура ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында көплеген ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Ҳәр бир аймақта жаңа турақ жай комплекслери, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, туризм ҳәм мәденият орайлары қурылмақта.

Мәмлекетимиз санаатының раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған 3-мыс байытыў фабрикасы да мине усындай кең көлемли жумыслардың, дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетиниң гезектеги нәтийжеси болды.

"Ёшлик-1" кәнин өзлестириў бағдарламасы шеңберинде 196 гектар майданда әмелге асырылып атырған 2,7 миллиард долларлық бул жойбар әпиўайы кәрхана емес, ал санаат потенциалын және де беккемлейтуғын, елимиздиң тәбийғый ресурсларын терең қайта ислеўди тәмийинлеўге хызмет ететуғын заманагөй санаат комплекси болып есапланады.

Жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў ҳәм 900 мың тоннаға шамалас мыс концентратын алыў қуўатлылығына ийе бул завод тек ғана Орайлық Азияда мыс ислеп шығарыў бойынша ең ири емес, ал дүньядағы ең ири байытыў заводлары қатарына киреди.

Жойбарды жәҳән стандартлары дәрежесинде әмелге асырыў ушын Италиядан Wood, Уллы Британиядан Worley Parsons сыяқлы компаниялар тартылды. Фабрикада дүнтяның жетекши компаниялары - Metso, FLSmidth, Weir Minerals ҳәм Siemens технологиялары енгизилген.

Бул жойбар ўәлаятта түрлес тараўлардың раўажланыўына да күшли түртки берди. Қурылыста қолланылған металл конструкциялар 10 Эйфель минарасын қурыў ушын, темир-бетон болса 2,5 Бурж Халифа минарасын қурыў ушын жетеди. Бул заводтың мегажойбар екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде завод аймағында кең көлемли көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм экологиялық дизайн шешимлери санаат ҳәм тәбият арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеўге қаратылған.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде кейинги жылларда таў-кән санаатында әмелге асырылған реформалардың нәтийжелерин атап өтип, келешектеги режелерди белгилеп берди.

Кәнлерди инвесторларға бериў бойынша ашық-айдын система жаратылғаны нәтийжесинде 9 жылда 10 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылған. Бүгинги күнде бул тармақта 65 жеке меншик кәрхана жумыс алып бармақта.

Нәтийжеде бул тармақта өндирис 1,7 есеге артып, өткен жылы 270 триллион сумға жеткен. Санаат көлеми ҳәм бюджет түсимлериниң төрттен бир бөлеги усы тармаққа туўра келеди. Итибарлы тәрепи, ең көп жоқары дәраматлы жумыс орынлары тараў кәрханаларында да жаратылмақта.

Сырт елли бирге ислесиўшилер менен жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў жолға қойылғаны ең әҳмийетли жетискенликлерден бири екени атап өтилди.

Атап айтқанда, Алмалықта Москва полат ҳәм араласпалар институтының филиалы, Алмалық мәмлекетлик техника институты, Ташкентте Ухань геология университети менен биргеликте Геология илимлери университети ҳәм Италияның Пиза университетиниң филиалы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Наўайы мәмлекетлик кәншилик технологиялары университети Россия, Канада, АҚШ, Франция ҳәм Чилидиң жетекши жоқары оқыў орынлары менен қоспа бағдарламаларды баслады.

Соның есабынан бурын қымбат баҳалы ҳәм реңли металлар тийкарынан қайта исленбеген ҳалда экспорт етилген болса, бүгинги күнде елимизде 100 мың тонна мыс қайта исленип, жоқары қунлы өнимлер ислеп шығарылмақта. Қысқа ўақытта зергерлик санаатында өндирис көлеми 3,3 есеге көбейип, 13 триллион сумнан артты.

Президентимиз быйыл иске қосылатуғын жойбарлар есабынан мысты терең қайта ислеў қуўатлылығы 240 мың тоннаға жеткерилетуғынын атап өтти. Бул көрсеткишлер келеси еки-үш жылға мөлшерленген жаңа жойбарларды әмелге асырыў есабынан және де артып барады.

Мыс санаат, энергетика, электротехника, санлы экономика, жасалма интеллект ҳәм "жасыл" раўажланыў ушын стратегиялық шийки затқа айланғаны атап өтилди.

- Мыс санаатында жоқары қосымша қун шынжырын қурған адам келешек санаатының тийкарын жаратады. Бул шийки затты терең қайта ислеў ушын турақлы инфраструктура жаратқан мәмлекет мыңлаған шаңарақларға дәрамат, аймақларға раўажланыў, мәмлекетке күш-қүдирет алып келеди. Соның ушын реформаларымыздың дәслепки күнлеринен-ақ геология-излеў жумысларына айрықша итибар қаратып, бар резервлерди ҳәм оларды иске қосыў бойынша имканиятларымызды анықладық, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жылдың өзинде бир ғана "Ёшлик-1" кәнинде 20 миллион тонна руда қазып алынады. Келеси еки жылда бул көрсеткиш 60 миллион тоннаға жетеди.

Улыўма, "Ёшлик-1" ҳәм "Кальмакыр" кәнлеринде 45 миллион тонна мыс ҳәм 5 мың тоннадан аслам алтын резервлери бар екени, олар тараўды кеминде 100 жыл кепилленген шийки зат пенен тәмийинлейтуғыны атап өтилди. Бул таў жынысларының қурамындағы молибден, селен, теллур, рений сыяқлы сийрек ушырасатуғын металлар жаңа инновациялық бағдарлардағы жойбарлар ушын беккем тийкар жаратады.

3-мыс байытыў фабрикасы толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, Алмалық комбинатында мыс концентратын ислеп шығарыўдың күнлик көлеми ҳәзирги 2,4 мың тоннадан 5 мың тоннаға шекем артады. Соның менен бирге, жойбар шеңберинде 6 мыңнан аслам жаслар жоқары дәраматлы жумыс орынларына ийе болады. Заводта АҚШ, Германия, Россия, Қытай ҳәм Финляндияның таў-кән санаатының ең алдынғы технологиялары енгизилмекте.

Барлық технологиялық процесслер санластырылып, жасалма интеллект тийкарында бирден-бир басқарыў системасына бирлестириледи. Бул арқалы энергия жумсалыўы 10 процентке, өзине түсер баҳасы 15 процентке азаяды, мийнет өнимдарлығы 10 процентке артады.

Буннан тысқары, баҳасы 2,5 миллиард доллар болған жаңа мыс еритиў заводын қурыў жумыслары басланған.

Улыўма, бул еки ири қуўатлылық есабынан мыс катод ислеп шығарыўдың жыллық көлеми 148,5 мың тоннадан 300 мың тоннаға, алтын 20 тоннадан 33 тоннаға, гүмис 161 тоннадан 203 тоннаға, молибден 850 тоннадан 1,7 мың тоннаға артатуғыны атап өтилди. Соның менен бирге, уран қазып алыўда ҳәм химия санаатында орнын баспайтуғын шийки зат - сульфат кислота ислеп шығарыў 3 есеге артады.

Президентимиз 4-мыс байытыў фабрикасы бойынша жойбар алды жумыслары жедел алып барылып атырғанын, бул көрсеткишлерди 1,5 есеге арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Өзбекстан 2030-жылға шекем алтын қазып алыўды 175 тоннаға, гүмисти 500 тоннаға, уранды 15 мың тоннаға, мысты 500 мың тоннаға жеткериўди мақсет еткен. 22 миллиард долларлық жойбарлар шеңберинде шөлкемлестирилетуғын 40 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орны жасларымыз ушын үлкен имканият болады.

Мәмлекетимиз басшысы заводтың қурылысында белсене қатнасқан барлық жумысшыларға, өз тәжирийбеси ҳәм кәсиплерин жасларға үйреткен қурылысшы ҳәм механиклерге, инженер ҳәм технологларға, геолог ҳәм кәншилерге, мийнет ветеранларына, жойбарға үлес қосқан сырт елли шериклерге терең миннетдаршылық билдирди. Заводтың жаңа жәмәәтине алдағы жумысларында үлкен табыслар тиледи.

Завод жумысшылары, мийнет ветеранлары, профессор-оқытыўшылар менен сәўбетлести.

Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, фабриканың жумысына старт берди.