Усы күнлерде ўатанласларымыз мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли тарийхый ўақыя - халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларында белсене қатнаспақта. Усы жылдың 15-январынан 28-февралына шекем даўам ететуғын улыўма миллий илаж шеңберинде елимиздеги ҳәр бир пуқара белгиленген ўақытта дизимнен өтиўи керек. Буның ушын зәрүр шараят жаратылған: дизимге алыў еки басқышта - онлайн ҳәм үйме-үй жүрип әмелге асырылады.

Сайлаў илажларының биринши басқышы 2026-жыл 15-январьда рәсмий түрде басланды. Онда ўатанласларымыз 15-31-январь күнлери census.stat.uz арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы онлайн дизимнен өтеди. Рәсмий мәлимлеме системасы 8 тилде ислеп шығылған. Оның веб-платформа ҳәм мобил версиялары иске қосылған. Халық OneID системасы жәрдеминде мине усы платформаға жайластырылған мағлыўматлар ҳәм сораўнаманы толтырыў арқалы дизимнен өтпекте. Әмелият Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сондай-ақ, сырт елде ўақтынша болып турған ўатанласларымыз ушын да жолға қойылған, олар қәлеген жерде census.stat.uz сайты арқалы дизимнен өтиў имканиятына ийе.

Бул әмелият мәмлекетимиз турмысында жаңалық болғаны ушын, халық арасында үлкен қызығыўшылық оятыўы менен бирге көплеген сораўларды да пайда етпекте. Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген колл-орай ҳәм арнаўлы ботқа ҳәр күни мыңлаған сораўлар жиберилмекте ҳәм қәнигелер оларға жуўап берип бармақта. Тийкарғы сораўлар болса дизимнен өтиў тәртиби ҳәм мағлыўматлар қәўипсизлиги менен байланыслы.

Бул бойынша тийисли қолланба ислеп шығылған ҳалда мағлыўматлар турақлы берип барылмақта. Оған бола, онлайн дизимнен өтиўде халық тийисли сораўларға жуўап киргизиўи керек. Сораўнама 71 сораўдан ибарат болып, олардың 54 и халыққа, 17 си аўыл хожалығына байланыслы. Сораўнамада бирнеше варианттағы жуўаплар жазылған ҳәм қатнасыўшы кетекшелерге тек өзине сәйкес мағлыўматларды киргизеди. Кирисиў бөлиминде республика аймағында турақлы ямаса ўақтынша жасаўға қарап улыўма категория таңланады. Кейин жасаў мәнзили ҳәм үй хожалығы ағзаларының дизими толтырылады. Турақ жай түри (ҳәўли, квартира ямаса басқа) танланғаннан соң, платформада бир қатар параметрлер пайда болады. Респондент олардан өзине тийисли вариантларды белгилеўи керек.

Қәнигелердиң түсиндириўинше, платформаға кириў OneID логин-пароль арқалы әмелге асырылады. Егер пуқарада OneID болмаса, алдын дизимнен өтиўи зәрүр. Буннан кейин өзи ҳәм шаңарағы ҳаққындағы мағлыўматларды системаға киргизеди. Сораўлар тамам болғаннан соң, "сақлаў" түймеси басылады ҳәм процесс жуўмақланады. Бетте болса сораўнама табыслы толтырылғаны ҳаққындағы сертификат пайда болады. Киргизилген мағлыўматларды қайта тексериў ҳәм қәтеликке жол қойылған болса, қайтадан дизимнен өтиў имканияты да бар. Онлайн дизимнен өтиў процеси жуўмақланғаннан соң, система автомат түрде арнаўлы QR кодлы сертификат усынады.

Аўыл хожалығына байланыслы мағлыўматлар не ушын керек?

Сораўнамада аўыл хожалығына байланыслы сораўлар да бар. Мәселен, соңғы 12 айда пуқара қандай мақсетте аўыл хожалығы өнимлерин жетистиргени, егислик майданы ҳәм суўғарыў системалары, шарўа маллары, ҳәттеки, егер болса, пал ҳәрреси, балық сыяқлылардың санына шекем көрсетиўи керек. Усы тәреплер пуқараларда бул сораўлардан гөзленген мақсет топланған мағлыўматлар себепли салыққа тартыў болыўы мүмкин екенлиги ҳәм жеке мағлыўматлардың қәўипсизлиги мәселесине байланыслы ҳақылы сораўларды пайда етпекте.

- Қәўипсизлик мәселесине айрықша итибар қаратылған, бул бойынша барлық зәрүр илажлар көрилген, - дейди Миллий статистика комитетиниң жуўаплы хызметкери Умиджон Сайфуллаев. - Атап айтқанда, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесинде берилген барлық мағлыўмат нызамға тийкарланып сыр сақланады ҳәм салық салыў ямаса тексериў өткериў ушын пайдаланылмайды ҳәм басқа уйымларға берилмейди. Елимиздиң 38 миллионнан аслам халқына тийисли мағлыўмат оғада үлкен база болып, ҳәр бир пуқараның жеке мағлыўматының сырлылығы, қәўипсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы нызам менен толық кепилленеди. Барлық мағлыўматлар тийкарғы базаға шифрланған ҳалда түседи ҳәм олар тек ғана улыўма статистикалық таллаў ушын хызмет етеди. Яғный қанша жер бар, қанша шарўа малы бар - булар айырым шахс ямаса шаңарақ кесиминде емес, улыўмаластырылған ҳалда жәрияланады.

Себеби халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў статистикалық илаж болып, салық салыў менен байланыслы емес. Дизимнен мақсет болса мәмлекетте халықтың саны, турмыс шараяты, аўыл хожалығының жағдайы, яғный қайсы аймақта қанша өним жетистириледи ҳәм бул халықтың талабын қаплай ма, жоқ па, деген сораўларға анық жуўап алыў болып табылады. Алынған мағлыўматлар келешекте мәмлекетлик бағдарламалар, аймақларды раўажландырыў режелери ҳәм мәнзилли социаллық қарарларды ислеп шығыўға тийкар болып хызмет етеди.

Үйсизлер де дизимге алынады

Соңғы күнлерде социаллық тармақлар арқалы көпшилик өзиниң дизимнен өткенин тастыйықлаўшы сертификат сүўрети менен бөлиспекте. Бул адамлардың бул процесске бийпәрўа емеслиги, мәмлекетимиздиң улыўма миллий статистикалық мағлыўматларының қәлиплесиўинде өз қатнасын сезип атырғанынан дәрек береди.

Дизимге алыўдың дәслепки күнинен-ақ жерлеслеримиз арасында жоқары белсендилик бақланды. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, дизимге алыў басланған 15-январьдың биринши минутының өзинде-ақ 1300 ден аслам пуқара веб-сайтқа кирген. Усы күни саат 15:25 жағдайына census.stat.uz порталы арқалы онлайн дизимнен өткен пуқаралардың саны 1 миллионнан асты.

Бул жағдай системада техникалық үзилислерге де себеп болды. Өткен жылы елимизде халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажына үлкен таярлық көрилгенине қарамастан, дәслепки күннен-ақ насазлық жүзеге келгени адамларды қәўетерге салды. Бирақ жуўапкерлер бул процесс тез сапластырылғаны ҳәм ҳәзирги ўақытта мәлимлеме системасы турақлы ислеп атырғанын билдирди.

-Онлайн дизимге алыўдың биринши күни саат 10:45 тен 12:00 ге шекемги дәўирде "census.stat.uz" порталына бир ўақыттың өзинде кириўшилер санының кескин артқаны себепли системаға жаңа пайдаланыўшылардың жалғаныўында айырым қыйыншылықлар бақланды, - дейди Умиджон Сайфуллаев. - Анығырақ етип айтатуғын болсақ, сол саатларда 320 мыңнан аслам пуқара бир ўақытта сайтқа кирген ҳәм жоқары басым себепли платформа жумысында бираз үзилис бақланған. Бирақ Санлы технологиялар министрлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши уйымлардың қәнигелери бул жағдайды жедел сапластырды ҳәм серверлер бир неше есе жақсы ислей баслады. Ҳәзир системаға кириў ҳәмме ушын еркин.

Бундай жағдай халықаралық әмелиятта да көп бақланады ҳәм рәсмий емес түрде "биринши күн ямаса ҳәпте эффекти" деп жүритиледи. Ол сайт ислеў тезлигиниң ўақтынша төменлеўи ямаса платформаға кириўде қысқа мүддетли техникалық қыйыншылықлар менен көриниўи мүмкин. Себеби, халық ҳәм аўыл хожалығын онлайн дизимге алыў илажларының биринши күнинде пайдаланыўшылардың белсендилиги кескин артады. Адамлардың көпшилик бөлеги дәслепки күнде-ақ дизимнен өтиўге умтылыўы нәтийжесинде мәлимлеме системалары ҳәм серверлерге қысқа мүддетли жоқары жүклеме түсиўи мүмкин. Кейинги күнлерде пайдаланыўшылардың белсендилиги бир тегис бөлистириледи ҳәм система жумысы турақласады. Өзбекстанда да "биринши күн эффекти" бақланғаны ўатанласларымыздың бул әҳмийетли илажға жуўапкершилик пенен қатнас жасап атырғанынан дәрек береди.

Ҳақыйқатында да, ўатанласларымыздың онлайн дизимге алыў илажларындағы қатнасыўы күтилгенинен де жедел басланды. Бул белсендилик ақырына шекем даўам етиўи, ҳеш ким оннан шетте қалмаўы керек. Қалаберди, барлық сораўға дурыс жуўап бериў дизимге алыў нәтийжелериниң анық, исенимли ҳәм сапалы болыўын тәмийинлейди.

Онлайн дизимнен өтиў процеси 31-январьға шекем даўам етеди. Февраль айының 1-3-күнлери онлайн дизимнен өткенлердиң үй мәнзили дизими дүзилип, статистика уйымлары ҳәм мағлыўматларды үйме-үй жүрип есапқа киргизетуғын участкаларға жеткериледи. Оннан кейин екинши басқыш - үйлерге барған ҳалда дизимди қәлиплестириў ямаса анық емес мағлыўматларды анықластырыўға өтиледи.

Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың екинши басқышы 4-28-февраль күнлери болып өтеди. Процесс "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының 55 мың ўәкили тәрепинен үйме-үй жүрип әмелге асырылады. Бунда халыққа тап онлайн дизимге алыўдағы сораўлар жанлы түрде бериледи. Барлық мағлыўматты жумысшы топар планшет арқалы статистика базасына киргизеди. Тек онлайн дизимнен өткен адамлардың үйине барылмайды.

- Дизимге алыўшылар 25 күн даўамында саат 9:00 ден 21:00 ге шекем шаңарақларды аралап, сораў өткереди, - дейди Умиджон Сайфуллаев. - Жумысшы топар өз участкасында үйсизлерге дус келсе, оларды да дизимге алады. Онлайн ҳәм үйде мағлыўмат бериўди қәлемейтуғын респондентлер ушын стационар участкалар шөлкемлестириледи. Олар МПЖ имаратындағы участкаға барып, дизимнен өтиўи мүмкин. Фермер ҳәм юридикалық тәрепке қараслы дийқан хожалықлары, аўыл хожалығы тармағындағы шөлкемлер e-Stat 4.0 платформасы арқалы есабатлар жәрдеминде дизимге алынады.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы