Белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың "Әсирге татыйтуғын күн" романында мәңгүр тутқынға алынған, жансыз қул болып, хожейнине сөзсиз бағынатуғын, естен айырылған адам сыпатында талқыланған. "Мәңгүр" сөзи көшпели мәнисте өз тарийхын, нәсилин, ата-бабаларын умытқан инсанға қарата қолланылады.

Романда мәңгүрлик ҳәдийсеси ҳаққында пикир жүргизилип, ондағы рәўиятқа бола, әййемги заманларда жунгжанглар деген басқыншы халық тутқынға түскен жаўынгерлерди я қул ететуғын, я басқа аймақларға сатып жиберетуғын еди. Оларға оғада аўыр жаза түри тутқынның басына териқалпақ тартыў қыйнаўы болып, әдетте бундай жазаға тутқын жас жигитлер ҳүким етилетуғын болған.

Дәслеп тутқынның шашлары алып тасланады, соң жаңа сойылған түйениң мойын терисинен таярланған қалпақша оның басына жабылады. Әлбетте, бундай азапқа гириптар болған тутқын я өлип кетеди, я бир өмирге есинен айрылып, өтмишин еслей алмайтуғын мәңгүрге айланады екен. Солай етип адамның қәдир-қымбатын аңлай алмайтуғын бундай мақлуқлар тек хожейинге қуллық етиў, ол буйырған тапсырмаларды сөзсиз орынлаўдан басқа нәрсеге жарамас екен.

Есинен айырылған мәңгүрде ўатан туйғысы жоғалып, еркинлик не екенлигин аңлай алмайтуғын жағдайға түсип қалады. Шыңғыс Айтматов: "Мәңгүр тап ийт сыяқлы тек ийесин ғана таныйды. Басқалар менен иси жоқ", дейди.

Бүгин өз келешегин ойлаған ҳәр бир мәмлекет ҳәм жәмийет ушын, бәринен бурын, идеялық бослық пайда болыўына жол қоймаў, ескирген исеним ҳәм жат көзқарасларды бийкарлаў менен бир қатарда алдыңғы пикирлер, уллы ийгиликли мақсетлер ҳәм дөретиўшилик идеяларды инсанлардың қәлби ҳәм санасына сиңдириў әҳмийетли ўазыйпаға айланып бармақта. Ҳәзир дүнья жәмийетшилигин жаслардың виртуал ойынларға берилип кетиўи ҳәм оған бойсынып қалыўы айрықша қәўетерге салмақта. Әсиресе, жаслардың санасына ҳәр қыйлы усыллар менен тәсир етиў, қәлбине жаўыз ҳәм бузғыншы идеяларды сиңдириў арқалы оларды дурыс жолдан аздырыўды мақсет еткен айырым ғәрезли күшлер барған сайын көбейип атырғаны оғада қәўетерли. Бул жағдай әпиўайы компьютер ойынларынан баслап интернет сайтлары, социаллық тармақлар, мобиль байланыс бағдарламалары арқалы да әмелге асырылмақта.

Илимпазлардың атап өтиўинше, қыялый дүньяда көп ўақыт өткериўшилер гипнозға берилиўшең болады. Компьютер ойынларын белгили мақсетлер тийкарында, инсанды "зомбийлестириўге" хызмет ететуғын етип программаластырыў болса қәнигелер ушын қыйын жумыс емес. Ашынарлы тәрепи, бүгин виртуал дүнья жаслар ямаса өспиримлердиң ой пикирин бойсындырыў арқалы өзине бойсындырып, интернет кафени олардың "екинши үйи"не айландырып болды.

Изертлеўлер онлайн ойын ойнаўшылар тийкарынан жас өспиримлер екенин көрсетпекте. Өспиримлик шахстың физиологиялық ҳәм социаллық раўажланыўында өзине тән дәўир. Егер бул дәўирде ул ямаса қыз агрессив руўхтағы онлайн ойынларға берилсе, бул унамсыз ақыбетлерге алып келиўи анық. Компьютер экранында ҳәр қыйлы агрессия, зорлық ҳәм әдепсизликтиң ашықтан-ашық көрсетилиўи балалардың руўхый дүньясына, мәнаўиятына айрықша тәсир етеди.

Заман тезлиги инсан турмысында мәнаўият қаншелли әҳмийетли екенин көрсетпекте. Гөззаллық, әдепсизлик, руўхый жарлылық инсанды туңғыйыққа жетеклеп, жәмийеттиң раўажланыўын изден шығарады, тәртипсизликти пайда етеди. Руўхыйлық жоғалған жерде инсанда жаман қәсийетлер тамыр жайып, жабайылық, жаўызлық күшейеди.

Қайсы бир халықты өзине бойсындырыўды қәлегенлер, бәринен бурын, оны өзлиги, тарийхы, мәнаўияты ҳәм мәдениятынан айырған. Себеби руўхый жақтан басып алынған халықтың мәдений-руўхый раўажланыўын буўып қойыў басқыншылардың тарийхый сынағынан өткен дәстүрий усылларынан бири.

Әййемги Қытай данышпанларынан бири императорға былай нәсият берген екен: "Қағанымыз, егер бир мәмлекетти басып алып, ол жерде узақ ҳүкимдарлық етпекши болсаңыз, дәслеп сол елде жасап атырган халықты өз тарийхы, мәдениятынан айырың, руўхый жарлылыққа ушыраған халық бирлеспейди, ишки келиспеўшиликлер гипнозына оралып, сизге қарсылық көрсете алмайды. Бундай ҳалға келген халықты, мәмлекетти ийелеў аңсат болады".

Демек, мәденияты ҳәм руўхыйлығы жоқ етилген, миллий тили, үрп-әдетлери изден шыққан мәмлекетте халықтың ғалабалығы, сиясий мәңгүрлик, бийпәрўалық ҳәўиж алыўы ақыбетинде халықта миллий қәдириятлар әсте-ақырын ҳәлсирей баслайды.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, бүгинги күнде жат ҳәм бузғыншы ағымлар болажақ ағзасына төрт басқышта тәсир көрсетеди. Биринши басқышта қызықтырыў ҳәм хошаметлеп мақтаўға айрықша итибар қаратылады. Атап айтқанда, өмир, өлим, кеселлик ҳаққындағы қыйын сораўларға шын жүректен сәўбетлесиў даўамында аңсат ҳәм әпиўайы жуўаплар бериў, заманның әҳмийетли машқалаларын додалаў, экология, коррупция, азатлық сыяқлы түсиниклерге итибар қаратыў, хошаметлеў, "сен келискен, ақыллысаң ҳәм уллы ўазыйпаларды орынлаўға мүнәсипсең", деген гәплер менен болажақ ағзаның қәлби ҳәм санасы жаўлап алынады.

Екинши басқышта сын пикирлеў қәбилети ҳәм жеке пазыйлетлерди жоққа шығарыў, шаршаў жағдайына алып келиў, көп саатлы жумыс, лекциялар, үйме-үй жүриў ямаса жәмийетлик орынларға барыў, жаңа тәлиймат бойынша тынымсыз сабақ бериў арқалы ағзаның не ислеп атырғаны ямаса қалай жасап атырғаны ҳаққында ойлаўына тосқынлық ететуғын шараятлар жаратылады. Оны бир майдан да жалғыз қалдырмайды, өзи ҳаққында барлық нәрсе айтып бериледи ҳәм тәўбеге келиўге мәжбүрлейди. Сондай-ақ, сөйлеў сөзлигине өзгерис киргизиў арқалы оннан илимий ямаса диний жақтан қатаң көринетуғын, бирақ мәниси тек топар ишинде түсинилетуғын сөйлеўди үйрениў талап етиледи.

Бул ҳийлели усыл жаңа ағзаны сыртқы дүнья менен барлық байланыслардан айырады ҳәм оның ушын бурынғы байланыслар әҳмийетсиз болып қалады. Нәтийжеде биринши басқышта берилген ўәдеге қарама-қарсылық пайда болады. Усы ўақытта талабан ушын үшинши басқыш әмелге асырылады. Онда топарға болған ағзалық сезимин күшейтиў ҳәм социаллық турмыстан үзилиўди хошаметлеў, оқыўды ямаса жумысты таслаў тилегин пайда етиў, сырт елге кетиў, әскерий соқлығысыўларда қатнасыў, шаңарақ, дослар, жәмәәт пенен қатнасықларды үзиў, сырттан келген ҳәр қандай мағлыўматты гүманлы деп қабыл етиў түсиндириледи.

Усы басқышта топарды сынға алған ҳәр қандай адам адамзат раўажланыўына қарсы қәўипли шахс сыпатында көрсетиледи. Олар менен ушыраспаў, оларға жала жабыў ямаса илажы болса, судқа бериў усыныс етиледи. Гейде болса шаңарақ ағзалары бурын дус келген ямаса дус келип атырған барлық қыйыншылықлар ушын олар жуўапкер деп жәрияланады. Әмелдеги ҳәр қыйлы динлер пүткиллей "жаўыз күшлер"ге тийисли екенлиги, адамларды бахытқа тек өз жетекшиси басшылығындағы топар ғана алып барыўы мүмкин екенлигине айрықша итибар бериледи. Соның менен бирге, топар ағзалары инсанияттың гүналарын жуўыўдай "саўаплы" иске қатнаса алатуғынына исеним пайда еткенде, оларға бундай уллы ислерди әмелге асырыўда сизлерге жәмийетшилик қарсы шығады, жәмийетшиликтиң өзине тән әдетлери, өз мәплери бар, олар сизге исенбейди, сизди қуўдалаўы да мүмкин, деп түсиндириледи. Усының менен болажақ талабан санасына сен бәрқулла ҳақсаң, деген "идея" сиңдириледи.

Қулласы, жүдә уқыплылық пенен келтирилген бул дәлиллер ақыбетинде топар ағзасы сыртқы қарсылыққа қанша көп дус келсе, топарға сонша терең кирип бара баслайды.

Буннан соң төртинши басқыш әмелге асырылады. Яғный талабанда алдынғы турмысқа қайтыў имканияты қалмайды. Дәрамат дәрегиниң жоқлығы, финанслық ғәрезлилик, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм қандай да бир кәсиплик тәжирийбениң жоқлығы қайтыўды қыйынластырады. Орынның тез-тез өзгерип турыўы болса топардан сырттағы дүнья - шаңарақ, дослар, туўысқанлар менен турақлы байланыс орнатыўға тосқынлық етеди.

Шөлкемде белгиленген нызам-қағыйдаларға бола, оған неке тек топар ишинде мүмкин екени ҳәм усы некеден перзентлер барлығы себепли бир өзи кете алмайтуғыны, кетиўди қәлесе, бир ўақыттың өзинде ҳәммеси кетиўи керек екени айтылады. Нәтийжеде қорқыныш, қатаң тәртип, сыртқы дүньядан қәўетерлениў оны топарда қалыўға мәжбүр етеди. Соның менен бирге, топардағы ҳәр қандай басқышта бахыт, еркинлик, жеке байлық, билим ўәде етиледи.

Шөлкемде болажақ талабанды топарға ағза болыўға қызықтырыў ҳәм хошаметлеў арқалы мақтаў, сын көзқарастан пикирлеў қәбилети ҳәм жеке пазыйлетлерди жоққа шығарыў, топарға ағзалық сезимин күшейтиў ҳәм жәмийетлик турмыстан ажыралыўды хошаметлеў сыяқлы факторлар адамды зомбиге айландырады. Топар ағзасы өз басшысына толық бойсына баслаған ўақыттан баслап оғада қәўипли шахсқа айланады.

Бүгинги күнде "мәңгүр" түсинигине мәнилик жақтан жақын болған "зомби" атамасы да қолланылады. Зомби жат биреўдиң күшли уйқы дәри, нәшебентлик затлар, сананы ҳәм пикирлеўди бүлдириўши ямаса басқа тәсир етиўши қураллар жәрдеминде басқаның ерк-ықрарына сөзсиз бағынатуғын, өз бетинше пикирлей алмайтуғын, өз пикирине ийе болмаған шахсқа айланған шахс сыпатында талқыланады.

Ҳәзирги күнде террорист ҳәм экстремистлер тәрепинен тийкарынан жаслар, балалар ҳәм ҳаяллар террористлер таярлайтуғын лагерлерде зомби болып таярлықтан өтпекте. Олар ўатанына, керек болса, ата-анасына қарсы қурал көтерип атыр.

Басып алынған мәмлекетлерди бәрқулла бойсыныўда услап турыў ушын оларды мәңгүрге айландырыў ҳәрекети әзелден колониаллық империялардың тийкарғы қуралы болып келгенин жоқарыда атап өттик.

Абдулла Авлоний "Егер бир адам жаслығында нәпси бузылып, тәрбиясыз, әдепсиз болып ер жетсе, бундай адамлардан жақсылық күтиў жерден турып жулдызларға қол созыўға уқсайды. Дин ҳәм исеними саламат болмаған адамлар ҳақыйқатты батылдан, пайданы зыяннан, ақты қарадан, жақсыны жаманнан ажырата алмайды, бундай адамлардан өзине де, басқа адамларға да, миллетке де ҳеш қандай пайда жоқ", деген еди. Демек, қәлби ҳәм санасы басып алынған инсан еркин пикирлеўден айырылыўы, бағыныўды, қуллықты гүрессиз қабыл етиўи, ўатан тәғдирине бийпәрўа қарайтуғынын барлық ўатанласларымыз терең аңлаўы лазым.


Мансур МУСАЕВ,

сиясий илимлер докторы