Сыртқы ислер министрлиги Ҳиндстан ҳәм Пакистан арасында бақланып атырған кескинлесиў мүнәсибети менен рәсмий баянат берди.

Онда атап өтилиўинше, Өзбекстан бул жағдайдың раўажланыўын қәўетерлениў менен бақламақта.

"Биз еки мәмлекетти салмақлылыққа, тынышлық ҳәм турақлылық мәплерин есапқа алған ҳалда ҳәрекет етиўге шақырамыз. Сондай-ақ, жағдайдың және де жаманласыўының алдын алыў ушын дипломатиялық сөйлесиўге тийкарғы әҳмийет бериў керек," - делинеди билдириўде.

Сыртқы ислер министрлиги, сондай-ақ, Өзбекстан бул бағдардағы ҳәр қандай халықаралық ямаса регионаллық тынышлыққа қаратылған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин мәлим еткен.