Күни кеше мәмлекет басшылары Самарқандтың дыққатқа ылайық орынларына барды. Бүгин болып өткен нәтийжели сөйлесиўлерде бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы ҳәм перспективалы бағдарлары белгиленди, еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўға келисип алынды.
Илажлар жуўмақланғаннан соң, Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев шығарып салды.
Соның менен мәмлекетимиз басшысы Самарқандқа сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтып келди.