Өзбекстан оқ жайшылары Азия кубогинде алтын медалды қолға киргизди

    Тайландтың Бангкок қаласында оқ жайдан оқ атыў бойынша Азия кубогиниң I басқышы өз жуўмағына жетти.

    Оқ жайдан оқ атыў бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы Азия кубогинде алтын медалды қолға киргизди.

    Жарыстың сайлап алыў басқышында қызларымыз БАӘ, Ҳиндстан, Япония сыяқлы күшли командаларды жеңди.

    Финалда болса малайзиялы мергенлер 5:3 есабында жеңилиске ушырады.

    Турнирде Зиёдакҳон Абдусатторова, Нилуфар Ҳамроева, Жасмина Нурманова ҳәм Омина Эргашева елимиздиң абырайын мүнәсип қорғады.