Оқ жайдан оқ атыў бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы Азия кубогинде алтын медалды қолға киргизди.

Жарыстың сайлап алыў басқышында қызларымыз БАӘ, Ҳиндстан, Япония сыяқлы күшли командаларды жеңди.

Финалда болса малайзиялы мергенлер 5:3 есабында жеңилиске ушырады.

Турнирде Зиёдакҳон Абдусатторова, Нилуфар Ҳамроева, Жасмина Нурманова ҳәм Омина Эргашева елимиздиң абырайын мүнәсип қорғады.