Өзбекстан Миллий гвардиясы - "Өткир тиғ-2025" жарысы жеңимпазы болды

    21 шілде 2025 7499

    Миллий гвардия мергенлери Қытайда өткен "Өткир тиғ-2025" халықаралық снайперлер жарысында 25 мәмлекет арасында жеңимпазлықты қолға киргизди.

    Беллесиўлер 4 бағдарда болып өтти. Өзбек мергенлери олардың ең қурамалы екеўинде:

    • комплексли шынығыў (1200 метрдеги 24 нышанды жоқ етиў)
    • қала шараятында бийик имараттан атыў (100-650 м аралықтағы 6 нышана) шәртлеринде рекорд нәтийже менен 1-орынды ийеледи.

    Қалған бағдарларда да сыйлы орынларды қолға киргизип, улыўма есапта 8 медаль ҳәм техникалық-тактикалық бағдар бойынша жарыс кубогиниң ийеси болды.