Беллесиўлер 4 бағдарда болып өтти. Өзбек мергенлери олардың ең қурамалы екеўинде:

  • комплексли шынығыў (1200 метрдеги 24 нышанды жоқ етиў)
  • қала шараятында бийик имараттан атыў (100-650 м аралықтағы 6 нышана) шәртлеринде рекорд нәтийже менен 1-орынды ийеледи.

Қалған бағдарларда да сыйлы орынларды қолға киргизип, улыўма есапта 8 медаль ҳәм техникалық-тактикалық бағдар бойынша жарыс кубогиниң ийеси болды.