Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенконың басшылығында болып өткен ушырасыўда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, бақлаўшы статусында Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-Канель, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён (видео мүрәжат жоллады) ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегиясының баслығы Бакитжан Сағинтаев та қатнасты. Мийман сыпатында Абу-Даби мийрасқор шахзадасы Шайх Холид Ол Наҳаян, Монголия Бас министриниң биринши орынбасары Нам-Осорин Учрал ҳәм ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.

Өзбекстан Президенти сөзиниң басында ЕАЭК мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәмлекетимиз сыртқы экономикалық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Шөлкемге ағза мәмлекетлерге олардың делегациялары усы жылы Өзбекстанда өткерилген "Иннопром. Орайлық Азия" халықаралық санаат көргизбеси ҳәм төртинши Ташкент инвестициялық форумында белсене қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирилди.

Бул илажлардың жуўмағында әҳмийетли келисимлерге ерисилгени, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ҳәм перспективалы жойбарлары белгилеп алынғаны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис қатнасыўшыларына Өзбекстан менен Евроазия экономикалық аўқамы арасындағы көп қырлы бирге ислесиў қай дәрежеде раўажланып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, бақлаўшы мәмлекет статусындағы бирге ислесиў дәўиринде Өзбекстанның Аўқам мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы 80 процентке артып, өткен жылдың жуўмағына бола 18 миллиард долларды қурады.

Усы жылдың март айында биргеликтеги Жумысшы топардың төртинши мәжилиси табыслы өткерилди, оның жуўмағында техникалық тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм исбилерменлик басламаларын хошаметлеў бойынша илажлар ислеп шығылды.

Дерлик 40 анық илажды қамтып алған жаңа үш жыллық Режени әмелге асырыў басланды. Өзбекстан ЕАЭКның әҳмийетли басламалары, соның ишинде, "Евроазия агроэкспресс," электрон саўданы раўажландырыў, жүк тасыўды санластырыў ҳәм климат күн тәртиби сыяқлы жойбар ҳәм бағдарламаларында да белсене қатнаспақта.

Буннан тысқары, апрель айында мәмлекетимиздиң Евроазия раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қосылыў процесслери жуўмақланды. Банк пенен биргеликте инфраструктураны модернизациялаў, металлургия, тоқымашылық, химия ҳәм басқа да стратегиялық тармақларда перспективалы жойбарлар портфели ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы ЕАЭК менен шерикликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша өз көзқарасын билдирди.

Өз-ара товар алмасыўды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди. Өзбекстан мәмлекетлеримиз арасындағы еркин саўда зонасының жумысын тәмийинлеўге байланыслы барлық келисимлерди толық орынлап киятырғаны атап өтилди.

Усы мәнисте, мәмлекетимиздиң саўда операцияларын техникалық тәртипке салыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм системаларын жақынластырыўға қаратылған бир қатар усынысларын экспертлер дәрежесинде ислеп шығыўды жеделлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан саўданы қоллап-қуўатлаў қураллары ҳәм механизмлеринде - ЕАЭК техникалық жақтан тәртипке салыўдың санлы системасы ҳәм санлы транспорт коридорлары екосистемасы, Евроазия қайта қамсызландырыў компаниясы сыяқлыларда қатнасыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект жедел раўажланып атырғанын есапқа алып, санластырыў тараўындағы көп тәреплеме бирге ислесиў перспективалары көрсетип өтилди. Бул бағдарда электрон саўда, товарларды санлы маркировкалаў, жаңа әўлад логистика платформаларын жаратыў, белгили тармақларда жасалма интеллект технологияларын енгизиў сыяқлы бағдарларды қамтып алған айрықша бағдарлама қабыл етиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан өткериў пунктлериниң бирден-бир интеграцияласқан мәлимлеме системасында қатнасыўы мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул шегаралардан өтиўди тезлестириў, мониторинг нәтийжелилиги ҳәм барлық тәртип-қағыйдалардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў имканиятын береди.

Кооперациялық байланысларды раўажландырыўды хошаметлеў мақсетинде киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша жолға қойылған бағдарламалар шеңберинде, соның ишинде, ЕАЭК Исбилерменлер кеңеси менен биргеликте әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге таярлық билдирилди.

Өзбекстан санаат жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаў механизми және Санаат кооперациясы ҳәм технологиялар трансфери бойынша Евроазия тармағы платформасының имканиятларынан пайдаланыўдан мәпдар екени айтылды.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылары ушын бирге ислесиў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған илажларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстанның ЕАЭК мәмлекетлери менен Агрокооперация бағдарламасын қабыл етиў ҳаққындағы басламаны әмелге асырыў солардың қатарына киреди. Бул бағдарлама алдыңғы технологияларды енгизиў, аўыл хожалығы өнимлерин тасыў қағыйдаларын әпиўайыластырыў, "жасыл" коридордың нәтийжели ислеўи ҳәм кеңейтилиўин нәзерде тутады.

Буннан тысқары, ЕАЭК бойынша бирге ислесиўшилер менен тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм мийнет ресурсларының ҳәрекетшеңлигин арттырыў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта. Усы мүнәсибет пенен мийнет базарында талап жоқары болған тараўларда кәсиплик стандартлар ҳәм маманлық талапларын жақынластырыў мәселелери бойынша экспертлердиң мәсләҳәтлесиўин өткериў усыныс етилди.

Сондай-ақ, шөлкем шеңберинде иске қосылған "Шегарасыз мийнет" интеграцияласқан платформасына қосылыўға таярлық та билдирилди.

Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның ЕАЭК шеңбериндеги көп тәреплеме бағдарлама ҳәм жойбарларда қатнасыўы экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге және мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.