Илажда Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Европа инвестициялық банкиниң басшылары қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм товар алмасыўды көбейтиў, инновациялар, "жасыл" энергетика, таў-кән, аўыл хожалығы, транспорт, логистика ҳәм санластырыў тараўларында қоспа бағдарлама ҳәм кооперация жойбарларын алға қойыў, мәденият, туризм, илим, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жедел алмасыўларды даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы илажды ашып, Орайлық Азия ҳәм Европа арасындағы терең тарийхый тамырларға ийе қатнасықлар жедел раўажланып, беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Саммит алдынан болып өткен конструктивлик ҳәм нәтийжели ушырасыўлар еки регионның мәплери жолында шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге болған сиясий ерк-ықрар ҳәм исенимди көрсетти.

Президентимиз Европа Аўқамының тийкарғы сиясий ҳәм экономикалық институтларының басшыларына Орайлық Азияда интеграция ҳәм турақлы раўажланыў процесслерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, улыўма сиясий ерк-ықрар себепли Орайлық Азиядағы терең трансформация процесслери турақлы ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енди. Исеним ҳәм жақсы қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм кооперация байланыслары кеңеймекте.

- Буннан жети-сегиз жыл бурын буның ушын ҳәтте шараят та жоқ еди. Айырым мәмлекетлер арасындағы шегаралар жабық еди. Я саўда, я транзит, я бизнес болсын, ҳеш қандай гуманитарлық алмасыўлар жоқ еди. Қатнасықлар тек ғана музлатып қойылған еди, - деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жыл сентябрь айында Ташкентте региондағы мәмлекет басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы өткериледи. Бул бирге ислесиў форматы улыўма күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли ўазыйпаларды ашық ҳәм конструктивлик шешиўге хызмет етпекте.

Өзбекстан жетекшиси күни кеше тарийхый ўақыя - Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасындағы Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў мәселелери толық тәртипке салынғаны ҳәм келисимлерге қол қойылғанын айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде регионда ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар биргеликте әмелге асырылып атырғаны, оларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық фондлар ҳәм компаниялар жумыс алып барып атырғаны атап өтилди. Регион ишиндеги саўда көбеймекте, шегара алды саўда зоналары шөлкемлестирилмекте. Булардың барлығы регионның турақлы экономикалық раўажланыўына хызмет етпекте.

ЕТРБ прогнозларына бола, усы жылы регионаллық жалпы ишки өнимниң көлеми 6 процентке шекем артады, бул басқа регионлардағы орташа көрсеткишлерден сезилерли дәрежеде жоқары.

Улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў алмасыўын қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жумыслар айрықша атап өтилди. Мәмлекетлеримизде жетекши миллий билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ашылмақта. Сырт елли туристлер ушын бирден-бир Орайлық Азия визасы жойбары алға қойылмақта.

Регион ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени бақланбақта. Кейинги жети жылда мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў көлеми бир неше есеге өсип, 54 миллиард евроны қурады. Нәтийжели бирге ислесиў платформалары иске қосылды. Барлық әҳмийетли бағдарлар бойынша министрлер мәжилислери, форумлар ҳәм саммитлер турақлы өткерилип келинбекте.

Өзбекстан жетекшиси орта ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша өз көзқарасын билдирди.

Бәринен бурын, сиясий сөйлесиўди, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында қабыл етилип атырған ҳүжжеттиң қағыйдаларын әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Стратегиялық шерикликти анық қарарлар, жойбар ҳәм бағдарламалар менен байытыў мақсетинде еки регионымыз арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў бойынша толық Келисимге қол қойыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша улыўма позицияларды ислеп шығыў ушын сыртқы сиясат уйымлары басшыларының ушырасыўларын турақлы өткерип барыў; парламентлераралық байланысларды жеделлестириў ҳәм "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" парламентлераралық бирге ислесиў форумын шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки илажын усы жылы гүзде Өзбекстанда өткериў; жетекши таллаў орайларының бирге ислесиўин кеңейтиўди усыныс етемиз.

Келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша системалы ислесиў мақсетинде гезектеги мәжилиске шекем саммит секретарьиатының функциясын Өзбекстан өз мойнына алыўға таяр екени билдирилди.

Экономика ҳәм технологиялық модернизацияға инвестициялар киргизиў өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы өлшеми сыпатында белгиленди.

Бүгинги күнде Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен әмелге асырылып атырған жойбарлар портфели 30 миллиард евродан артты.

Гезектеги Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде еки регионның инвестициялық имканиятларына бағышланған өз алдына сессия өткериў ҳәм Европа компаниялары ушын Өзбекстанда Регионаллық санаат парки концепциясын таныстырыў усыныс етилди.

Күни кеше Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң офисин ашыў ҳаққында келисимге қол қойылғаны, бул ЕА мәмлекетлеринен Орайлық Азияға тиккелей инвестициялар ағымын хошаметлеўге хызмет ететуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы "жасыл" энергетика, инновациялар, транспорт, инфраструктура ҳәм аграр тараўдағы ири регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын Инвестициялық платформаны иске қосыў басламасын алға қойды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Президенти бир қатар басламаларды айтты. Инвестицияларды қорғаў ҳәм хошаметлеў ҳаққында көп тәреплеме келисимге қол қойыў, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" қоспа саўда палатасын иске қосыў, Киши ҳәм орта бизнес, ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги регионаллық бағдарламаны қабыл етиў солардың қатарына киреди.

Усы жылы Өзбекстан Транспорт байланыслылығы бойынша гезектеги экономикалық форум ҳәм Инвесторлар форумын өткериўге таяр.

Экспортшыларымыздың потенциалын арттырыў, стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў лабораториялары менен орайларын шөлкемлестириў ушын Европа Аўқамының техникалық жәрдемин кеңейтиў мәселелерине де итибар қаратылды.

Стратегиялық минерал ресурслар тараўында бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды тереңлестириў өз-ара пайдалы шерикликтиң және бир перспективалы бағдары сыпатында атап өтилди.

Өзбекстан бул бағдарда Европаның жетекши компаниялары менен бирге ислесиў бойынша унамлы тәжирийбеге ийе. Соның менен бирге, бул өнимлерди, сондай-ақ, таяр санаат ҳәм аўыл хожалығы товарларын Европа базарына жеткерип бериў ушын нәтийжели транспорт коридорларының жоқ екенлиги бул бағдардағы шерикликти кеңейтиўге тосқынлық етпекте.

Усы мәниде, Транскаспий транспорт коридорын кеңейтиў ҳәм оннан пайдаланыў ушын муўапықластырылған илажлар ҳәм қолайлы шараятларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

- Бул ўазыйпалар "Глобал дәрўаза" улыўма европа бағдарламасының мақсетлерине толық сәйкес келеди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте Евроаўқамның қәўендерлигинде бул бағдарда жайласқан мәмлекетлер транспорт министрлериниң ушырасыўын шақырып, өз-ара келисилген көзқарасларды ислеп шығыў усыныс етилди.

"Жасыл" энергетика ҳәм экологиялық турақлылыққа инвестиция киргизиў стратегиялық әҳмиетке ийе.

Өзбекстан Орайлық Азиядан Европаға электр энергиясын жеткерип бериў бойынша халықаралық жойбарды толық қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимизде 2030-жылға шекем энергия балансында қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериў, 24 мың мегаватт "жасыл" қуўатлықларды иске қосыў режелестирилген.

"Таза" энергия бойынша "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" шериклигиниң жолға қойылыўы менен өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли платформасы жаратылыўы мүмкин.

Жойбарларды қаржыландырыў ҳәм "углерод кредитлери" базарын раўажландырыў мәселелерин ислеп шығыў ушын тийисли уйымлардың басшылары дәрежесинде жумысшы топар дүзиў усыныс етилди.

Инсан капиталына бағдарланып атырған инвестициялар еки регион бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли орын иелейди.

Жоқары маман қәнигелер таярлаў бойынша "Эразмус плюс" бағдарламасы шеңберинде регион мәмлекетлери ушын арнаўлы квоталар енгизилиўи усы мақсетке ерисиўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, Орайлық Азия мәмлекетлери менен илимий-билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстанда "Уфқ - Европа" бағдарламасының офисин ашыўға таяр.

Жасалма интеллект, "үлкен мағлыўматлар", санластырыў ҳәм космослық изертлеўлер тараўында илимий-технологиялық алмасыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығыў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан Президенти регион мәмлекетлерин Европаның санлы билимлендириў тараўындағы Ҳәрекетлер бағдарламасына киргизиў, сондай-ақ, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы шерикликтиң "жол картасы"н әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирди.

Европалы қәнигелердиң қатнасыўында "Ләзги" миллий балети сахналастырылғаны, сондай-ақ, Европаның ең ири музейлеринде Орайлық Азияның тарийхый мийрасы көргизбелери шөлкемлестирилгени мәденият тараўындағы бирге ислесиўдиң айқын үлгиси болып есапланады.

Дүнья аудиториясын регионымыздың бай мәденияты менен таныстырыў бағдарындағы ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясынан Орайлық Азия халықларының көркем өнерин үгит-нәсиятлаўда белсене пайдаланыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Усы жылы Бухарада "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши туризм форумын өткериў де режелестирилген.

- Европа Аўқамы мәмлекетлериниң тәжирийбесин енгизиў тийкарында "Бир тур - пүткил регион" концепциясын әмелге асырыў, сондай-ақ, регионымыз туристлери ушын виза режимин әпиўайыластырыў мәселесин көрип шығыўда европалы шериклеримиздиң жәрдемине сүйенемиз, - деди Шавкат Мирзиёев.

Терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе.

Европалы бирге ислесиўшилердиң терроризмге қарсы гүресиў мәселелери бойынша сөйлесиўди жолға қойыў усынысы қоллап-қуўатланды.

“BOMCA” ҳәм “CADAP” бағдарламалары шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди, сондай-ақ, Аўғанстанда тыныш раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы алға қойылған баслама ҳәм келисимлерди әмелге асырыў механизмлерин енгизиў мақсетинде Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде "Орайлық Азия - ЕА" форматында Шериклик комитетин шөлкемлестириў ҳәм ҳәр жылы ушырасыўлар өткериўди усыныс етти.

Саммит жуўмағында еки регион арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыўды нәзерде тутатуғын Биргеликтеги декларация қабыл етилди.