Өзбекстан Президенти ҳәм Малайзия Бас министри шерикликти инновациялық раўажландырыў дәўирин баслаўға келисип алды

    5-февраль күни "Пердана Путра" ҳүкимет комплексинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Малайзия Бас министрине шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, табыслы әмелге асырылып атырған "Madani" мәмлекетлик стратегиясының жоқары нәтийжелери менен қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан менен Малайзия арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Малайзия Бас министриниң өткен жылы май айында Өзбекстанға әмелге асырған тарийхый сапары еки мәмлекет арасындағы көп қырлы қатнасықлардың раўажланыўына үлкен пәт бағышлағаны атап өтилди.

    Сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық байланыслар жеделлести. Өз-ара товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалар ҳәм авиақатнаўлар саны артпақта.

    Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди, Исбилерменлер кеңеси дүзилди, бир қатар ири бизнес форумлары шөлкемлестирилди.

    Сапар алдынан аналитикалық орайлардың ушырасыўы, Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрасы презентациялары, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумы өткерилди.

    Бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Сыртқы ислер министрлериниң стратегиялық қарым-қатнасы платформасын шөлкемлестириўге қарар етилди.

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы әмелий бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Товар алмасыўды көбейтиў мақсетинде Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара санаат көргизбелерин өткериў, Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыл етиўге келисип алынды.

    Малайзия ҳүкимети Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын жедел қоллап-қуўатламақта.

    Жетекшилер 2025-2026-жылларды Өзбекстан-Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыў дәўири деп жәриялаўға келисип алды.

    Экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделиниң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Булар - нефть-химия ҳәм химия, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санааты, инновациялық санаат, "ақыллы" аўыл хожалығы, "жасыл" энергетика, зыярат туризми ҳәм басқалар.

    Кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент ўәлаятында Малайзияның жетекши компаниясы басқарыўында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилмекте.

    Мәмлекет басшылары жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы жылы Өзбекстан ҳәм Малайзияда мәденият ҳәптеликлери өткериледи.

    Жетекшилер регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты. Терроризм, радикализм ҳәм исломофобияға қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Сөйлесиўлердиң жуўмағында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н таярлаўға қарар етилди.

    Жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимды рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates