Өзбекстан АҚШтың мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин турақлы қоллап-қуўатлаўға қаратылған сиясатын жоқары баҳалайды ҳәм айрықша қәдирлейди.

"Сизиң биринши Президентлик дәўиринде Өзбекстан-АҚШ арасында жаңа дәўирдеги стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғанын ҳәм көп қырлы байланысларымыз жоқары басқышқа көтерилгенин қәлер едим. Биз буннан былай да еки ҳәм көп тәреплеме платформалар шеңберинде узақ мүддетли бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдармыз", - делинеди Президентимиз хатында.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Дональд Трампты сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.