Қәдирли туўысқаным Қатар Әмири Уллы Мәртебели Мырза Шайх Тамим Ол Танийге шын жүректен миймандослық көрсеткени ҳәм Жәҳән саммитин жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Бул форумды өткериўге қосқан үлкен жеке үлеси ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Уллы мәртебели мырзаға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Глобал социаллық раўажланыўдың әҳмийетли платформасы болған саммиттиң әйне Доха қаласында өткерилип атырғаны терең рәмзий мәниге ийе.
Кейинги жылларда Қатар мәмлекети социаллық инклюзивлик ҳәм жедел раўажланыўдың глобаллық орайына айланбақта. Қатар халқын мине усындай уллы жетискенлик пенен шын жүректен қутлықлайман.
Ҳәзирги ўақытта социаллық абаданлықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмысын жақсылаў бойынша дүнья жәмийетшилиги ҳәм миллий ҳүкиметлер биргеликте ҳәрекет етип атырғаны дыққатқа ылайық.
Өзбекстан турақлы раўажланыўға қаратылған халықаралық бирге ислесиўдиң барлық форматлары ҳәм басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлайды.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Кейинги жылларда биз Жаңа Өзбекстанда "Инсан қәдири ушын" деген тийкарғы принцип орнатылып, социаллық әдиллик, жәрдемге мүтәж халықты нәтийжели қорғаў тәмийинленетуғын жәмийет қурып атырмыз. Жаңаланған Конституциямызда бул жолдағы исенимли позициямыз беккемленип, мәмлекетимиздиң социаллық мәмлекет сыпатындағы статусы жәрияланды.
Бурын бөлек-бөлек болған социаллық қорғаў бағдарламалары бирден-бир системаға - Социаллық қорғаў миллий агентлигине бирлестирилди. Социаллық қорғаўдың жаңа модели жәмийеттиң төменги буўыны - мәҳәлледен баслап, ҳәр бир шаңарақ ҳәм үйди қамтып алады.
Кейинги жылларда кәмбағаллықты 35 проценттен 6,6 процентке қысқартыўға еристик. Биз бул бағдардағы реформаларды даўам еттиремиз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Дүньяда жүз берип атырған қурамалы социаллық-экономикалық процесслер шараятында бир қатар усынысларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў әҳмийетли.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүньяда 1 миллиард 100 миллион адам кәмбағаллықта жасамақта.
Раўажланып атырған мәмлекетлердиң социаллық бағдарламаларына ресурсларды тартатуғын кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасын жаратыў ўақты келди, деп есаплаймыз.
Усы мақсетте социаллық теңсизликти қысқартыў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде әмелий жәрдем көрсетиў ушын Социаллық әдиллик глобаллық қорын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Екиншиден, бәнтлик мәселелерин нәтийжели шешиўде жаңа заманагөй механизмлерди иске қосыў үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық мийнет шөлкеминиң есабатына бола, 2024-жылы глобал жумыссызлық дәрежеси 5 процентти қураған. Жоқары технологиялар, жасалма интеллекттиң жедел енгизилиўи дүнья бойынша миллионлаған жумыс орынларының жоғалтылыўына себеп болмақта.
Бундай шараятта ҳүкимет ҳәм бизнес социаллық шериклер сыпатында хызметкерлерди қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратыўы керек. Социаллық жуўапкершилик ҳәм мүнәсип мийнет ҳаққындағы глобал басламаны ислеп шығыў ҳаққындағы усынысымызды қоллап-қуўатлайтуғыныңызға исенемен.
Үшиншиден, ҳәмме ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў арқалы социаллық машқалаларға нәтийжели шешим табыў мүмкин.
Бүгинги күнде саўатсызлықтан көрилетуғын жыллық экономикалық зыян 1,4 триллион АҚШ долларына баҳаланбақта. Бул жас әўлад ушын социаллық турмыста ҳәм мийнет базарында өз орнын табыўды қыйынластырады, теңсизликтиң кескин артыўына алып келеди.
Биз Ашлық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў глобаллық альянсының кеше өткен биринши ушырасыўында қабыл етилген қарарларды толық қоллап-қуўатлаймыз. Болажақ саммитлерден бирин Өзбекстанда өткериўди, онда билимлендириў мәселесин күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе етип қойыўды усыныс етемиз.
Төртиншиден, мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын системалы қорғаў зәрүрлиги артпақта.
Ҳәзирги ўақытта дүнья бойынша 300 миллионнан аслам мигрант сырт еллерде мийнет етпекте. Тилекке қарсы, олардың ҳуқықлары бузылып атырған жағдайлар оғада көп.
Келеси жылы Өзбекстанда халықаралық мийнет ҳәм миграция шөлкемлери менен биргеликте Мигрантлар ҳәм олардың шаңарақларын социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў бойынша халықаралық форум өткериўди ҳәм Глобал бағдарламаны қабыл етиўди усыныс етемен.
Бесиншиден, климат өзгериўиниң жәмийетлик турмысқа тәсирин барған сайын көбирек сезип атырмыз.
Экстремал ҳаўа-райы, шөллениў ҳәм биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болып кетиўи, бәринен бурын, халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары, фермерлер, мәўсимлик жумысшылар ҳәм экологиялық аўыр жағдайдағы аймақлар халқының турмысына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Климат өзгериўине қарсы гүресиўди бәнтлик бағдарламалары менен үйлестириў бойынша комплексли илажларды көриў оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Усы мүнәсибет пенен биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюциясы менен "Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы" деп жәрияланған Аралбойы регионын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жаңа моделин иске қосыў нийетиндемиз.
Биз бул бағдардағы тәжирийбелеримизди халықаралық жәмийетшилик пенен бөлисиўге таярмыз.
Ҳүрметли делегациялардың басшылары!
Биз бүгин қабыл ететуғын қарарлар, әлбетте, дүньядағы миллионлаған инсанларға исеним ҳәм үмит бағышлап, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге үлкен үлес қосады.
Халықаралық раўажланыў жолында жәмийетлик келисимди тиклеў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс дәрежесин жаратыў тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.
Усы мәниде, бүгин қабыл етилип атырған Доха сиясий декларациясын толық қоллап-қуўатлаймыз. Онда белгиленген принциплерди толық әмелге асырыўға таярмыз. Бул тарийхый Декларация, сөзсиз, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолындағы биргеликтеги ҳәрекетлеримизди беккемлейди.
Сөзимниң жуўмағында ҳәммеңизге жәҳән саммитинде табыслар ҳәм нәтийжели жумыслар тилеймен.








