Бүгинги күнде дүньяда глобалласыў процесслери, қарама-қарсылық ҳәм қәўип-қәтерлер күшейип баратырғанын бәршемиз көрип турмыз. Бундай қыйын жағдайда мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында сөйлесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўде спорттың орны оғада айрықша.

Биз жасап атырған Азия континенти халықларын, улыўма, пүткил инсаниятты бирлестиретуғын тынышлық ҳәм дослық елшиси сыпатында спорттың әҳмийети ҳәм тәсир күшин жоқары баҳалаў мүмкин емес.

Материгимизде  жасайтуғын 4 миллиард 800 миллионнан аслам халық ўәкиллеринен ибарат Азия Олимпиада кеңеси Олимпиада ҳәрекетиниң улыўма тән алынған гуманистлик принциплери - дослық, өз-ара ҳүрмет, әдиллик ҳәм теңликти жедел алға қоймақта. Сизлер спорт дипломатиясы арқалы "Бирлескен Азия" үлгисин көрсетип, регионымызда болып атырған унамлы өзгерислерге үлкен үлес қоспақтасыз.

Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан Президенти ҳәм Миллий олимпиада комитетиниң басшысы сыпатында кеңес басшыларына бизге жоқары исеним билдирип, Азия Олимпиада кеңесиниң 46-бас ассамблеясын елимизде өткериў ҳаққында қарар қабыл еткени ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Мине, усы гөззал жеримизде, тарийхый әнжуманда сизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Өзбекстанға хош келдиңиз!

Ҳүрметли Ассамблея қатнасыўшылары!

Бүгин сизлер континентимизде өз-ара исеним, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли платформа болған Азия Олимпиада кеңесиниң Бас Ассамблеясы шеңберинде оғада көп мәселелерди көрип шықтыңыз. Ташкентте болып өтип атырған форум күн тәртибинен Кеңес Президенти сайлаўын өткериў мәселеси де орын алғаны, әлбетте, тарийхый ўақыя болды.

Бир даўыстан жоқары лаўазымға сайланған Шайх Жавон бин Ҳамад Ол Соний ҳәзиретлерин шын жүректен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Өткен жылы апрель айында жаңадан сайланған Кеңес президенти менен ушырасыў ўақтында спортты раўажландырыўдың әҳмийети ҳаққында мазмунлы сәўбет өткерген едик.

Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының биринши вице-президенти сыпатында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген көплеген абырайлы спорт илажлары, соның ишинде, Қатарда футбол ҳәм суў спорты бойынша жәҳән чемпионатларының өткерилгени ҳәм бул тараўда үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе екенлиги менен жоқары абырайға ийе. Ол өзиниң бийтәкирар потенциалы ҳәм нәтийжели жумысы менен тек ғана континентимиз емес, ал пүткил дүнья спортының раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.

Азия Олимпиада кеңеси кеңес баслығы лаўазымына мүнәсип талабанды сайлап, ең дурыс қарарды қабыл етти, деп ойлайман.

Шайх Жован Уллы мәртебели мырзаның тиккелей басшылығында Азия Олимпиада кеңесиниң абырайы және де артатуғынына исенемен.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Кейинги жыллары Азия Олимпиада кеңеси менен көп қырлы бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа көтердик. Атап айтқанда, Азия Олимпиада кеңеси Атқарыў комитетиниң 77-сессиясын табыслы өткердик. Бул абырайлы шөлкемниң жәрдеминде Өзбекстан ўәкили биринши мәрте Орайлық Азия регионы бойынша вице-президент етип сайланды.

2029-жылы жаслар арасында өткерилетуғын Азия ойынлары Өзбекстанда болып өтетуғынын мәмлекетимиздиң спорт тараўындағы жуўапкершиликли шерик сыпатында тән алыныўы ҳәм жоқары баҳаланыўы сыпатында қабыл етемиз. Бундай исеним Орайлық Азияның басқа да мәмлекетлери - қоңсыларымыз ҳәм туўысқанларымыз бенен спорт тараўындағы байланысларды және де беккемлеў ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет етеди.

Усы жерде Азия Олимпиада кеңесиниң Бас директоры, «World Aquatics» федерациясының басшысы мырза Ҳусайн ал-Мусаллам өзбек спортының әзелий ҳәм исенимли досты екенин айрықша атап өтпекшимен. Ол 1993-жылдан берли елимизге турақлы келип турады, Өзбекстанға үлкен меҳир қойған, барлық халықаралық спорт басламаларымызды қоллап-қуўатлап келмекте.

Ҳусейн ал-Мусаллам мырза интеллектуаллық потенциалы, принципиаллық ҳәм ерк-ықрарлылық пазыйлетлери, турақлы, салмақлы сөйлесиўди қоллап-қуўатлай алыў шеберлиги менен тек ғана Азияда емес, ал дүньяда да кең спорт жәмийетшилиги арасында мүнәсип абырайға ийе. Буның айқын дәлили - пүткил дүньяда суў спорты түрлерине қызығыўшылық артып бармақта. Атап айтқанда, 2028-жылы Лос-Анжелес қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларында суў спорты бағдарламасы 49 түрден 55 түрге шекем кеңейтилгени, бәринен бурын, раўажланып атырған мәмлекетлер ушын жаңа имканиятлар ашып бермекте.

Күни кеше елимизде «World Aquatics» федерациясы Атқарыў комитетиниң мәжилиси болып өтти ҳәм Орайлық Азия спорт жәмийетшилиги ушын үлкен қоллап-қуўатлаў ҳәм жәрдем болатуғын регионаллық филиалдың шөлкемлестирилетуғыны жәрияланды.

Атап өтиў керек, Азия Олимпиада кеңесиниң жумысы пүткил дүнья спорт жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Халықаралық олимпиада комитети президенти К.Ковентри ханымның Бас Ассамблеяға жоллаған видеомүрәжаты буны айқын дәлиллейди.

Халықаралық Олимпиада комитети ўәкили Жеймс Маклеод ҳәм Бирлескен гүрес дүньясы президенти Ненад Лаловичтиң форумда қатнасып атырғаны да әнжуманымызға үлкен итибар қаратылып атырғанынан дәрек береди.

Пурсаттан пайдаланып, Ассамблеяда қатнасып атырған Жәҳән антидопинг агентлигиниң президенти Витольд Банке, Халықаралық гимнастика федерациясының президенти Моринари Ватанабе, Халықаралық аўыр атлетика федерациясының президенти Муҳаммад Жалуд, «World Boxing» федерациясының президенти Геннадий Головкин, Халықаралық шөп ҳокейи федерациясының президенти Муҳаммад Таяб Икрам, Халықаралық қылышласыў федерациясының вице-президенти Анна Дельгадо, Азия паралимпия комитетиниң баслығы Мажид Рашид, Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының бас хаткери Гунилла Линдберг, Африка олимпиада комитетлери ассоциациясының президенти Мустафа Беррафқа миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, әзиз мийманларымыз - АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Россия Федерациясы спорт министри Михаил Дегтярев, Саудия Арабстаны спорт министри шахзада Абдулазиз бин Түркий ал Сауд, Қатар Мәмлекети Жаслар ҳәм спорт министри Шайх Ҳамад ал Таний, Иордания Олимпиада комитетиниң президенти шахзада Файсал ал-Ҳусайн, Бруней-Даруссалам Миллий олимпиада комитетиниң президенти шахзада Суфри Болкиах, Бутан Олимпиада комитетиниң президенти шахзада Жигьел Угьен Вангчук, Кувейт Миллий олимпиада комитетиниң президенти Шайх Фаҳад Сабах ас-Сабахқа ҳүрметимизди билдиремиз.

Ҳүрметли мийманлар!

Жаңа Өзбекстанда жасларды халықаралық олимпиада ҳәрекетиниң инсаныйлық руўхында тәрбиялаўда биз, бәринен бурын, әййемги тарийхымыз ҳәм бай мәдениятымызға, миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизге сүйенемиз.

Бул ҳаққында сөз болғанда, атақлы миллий дәстанымыз "Алпамыс" ҳәм оның тийкарғы қаҳарманлары - мәрт ҳәм жеңилмес баҳадыр Алпамыс пенен күш-ғайратлы, мәрт Баршынай әсирлер даўамында елимиздеги миллионлаған ул-қызларымыз ушын үлги болып киятырғанын атап өтиў орынлы.

Усы мәнисте, спорт дүньясына, спорт тәрбиясына тән болған жоқары пазыйлетлер халқымыздың генетикалық кодының өзинде белгиленген, десем, қәтелеспеген боламан. Спортшыларымыздың дүнья майданларында көрсетип атырған үлкен тәжирийбеси, шеберлиги ҳәм илҳамының тийкарында мине усындай пазыйлетлер жәмленген.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз халқын ғалабалық спорт пенен қамтып алыў дәрежеси 15 миллионға жетти. Әлбетте, халқының 60 процентин жаслар қурайтуғын мәмлекет ушын бул қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин бәршеңиз жақсы түсинесиз.

Биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен баслап барлық тараўлар қатарында денетәрбия ҳәм спортты да раўажландырыўға үлкен итибар қараттық.

Олимпиада ҳәрекетин және де ғалаба ен жайдырыў ҳәм селекцияны кеңейтиў мақсетинде үш басқышлы "Президентлик олимпиадасы" комплексли спорт жарысларының системасын жолға қойдық. Бул жарыслардың ҳәр бир басқышында халықаралық спорт стандартлары ҳәм талаплары енгизилген.

Өткен жылы 100 гектар майданда абырайлы спорт илажларын өткериў шәртлерине толық жуўап беретуғын Олимпиада қалашасының қурылысы жуўмақланды.

Спорт тараўындағы жетискенликлеримиз жаратылған имканият ҳәм шараятларға қарап өсип бармақта. 2024-жылы Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спортшылары командалық есапта 13-орынды ийеледи. Өткен жылы жәҳән жарыслары, Азия ҳәм Олимпиада ойынларында 50 ден аслам ул-қызларымыз рекорд нәтийжелерди қолға киргизди. 2025-жылы Бахрейнде өткерилген жаслар арасындағы Азия ойынлары ҳәм Саудия Арабстанында болып өткен Ислам тилеклеслиги жарысларында спортшы жасларымыз сыйлы 2-орынды ийеледи.

Кейинги жыллары Өзбекстан аўыр атлетика, бокс, дзюдо, байдарка ескек есиў, волейбол, гимнастика, футзал сыяқлы 10 нан аслам спорт түри бойынша жәҳән чемпионатлары ҳәм Жәҳән кубоги жарысларына мүнәсип басшылық етти.

Биз бул бағдарда Олимпиада ойынларына таярлық көриў ҳәм нәтийжели селекция бойынша жаңа система жараттық. Жоқары маманлықтағы спортшыларды таярлаў жумысларын избе-из даўам еттириў мақсетинде заманагөй спорт инфраструктурасын жаратыў, тараўды кеңнен санластырыў ҳәм инновацияларды өзлестириў, халықаралық стандартларды жедел енгизиў, спорт дипломатиясын күшейтиўге буннан былай да айрықша итибар қаратамыз.

Сондай-ақ, ҳадал спорт принципине әмел еткен ҳалда, допингке қарсы гүресиўдиң исенимли тәрепдары болып қаламыз. Бул бағдарда Жәҳән антидопинг агентлигиниң әдил сиясатын толық қоллап-қуўатлаймыз.

Әҳмийетлиси, бүгин Ташкент қаласында Агентлик тәрепинен Орайлық Азия регионаллық антидопинг шөлкемлери кеңесиниң мәжилиси ҳәм тийисли халықаралық форум өткерилмекте. Әлбетте, бул илаж жергиликли қәнигелерге антидопинг қағыйдаларын қолланыў бойынша тәжирийбе алмасыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, бүгин форумда қатнасып атырған халықаралық спорт шөлкемлеринде мәмлекетимиздиң 50 ден аслам ўәкили нәтийжели жумыс алып барып атырғанын мақтаныш пенен атап өтемиз.

Бүгинги илаж шеңберинде ўәкиллери қатнасқан халықаралық ҳәм Азия спорт шөлкемлери миллий спорт федерацияларымыз бенен өз бағдарлары бойынша 20 дан аслам шәртнамаға қол қойды.

Ҳәр бир бағдар бойынша ҳәр бир аймақта биреўден спорт мектебин таңлап алып, оларды үлгили мектеплерге айландырыўға жәрдемлесетуғыны ушын оларға миннетдаршылық билдиремиз.

Мәселен, Халықаралық аўыр атлетика федерациясы Бостанлық районындағы Акбар Жўраев атындағы аўыр атлетика спорт клубын заманагөй илимий көзқараслар тийкарында раўажландырыўға, Бирлескен гүрес дүньясы Регионаллық спорт гүреслери академиясын шөлкемлестириўге, Азия волейбол конфедерациясы ҳәр бир ўәлаятта волейбол бойынша биреўден спорт клубын ашыўға, Халықаралық хоккей федерациясы Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларында усы спорт түри ушын еки стадионның қурылысына жәрдемлеседи. Қол қойылған келисимлер анық мақсет ҳәм нәтийжелерге қаратылғаны қуўанышлы.

Бул жойбарларды толық әмелге асырыў ушын олардың орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик орынлардағы ўәкиллерим - ҳәкимлерге, сондай-ақ, усы жерде отырған спорт федерацияларының басшыларына жүкленеди.

Халықаралық бирге ислесиўдиң бундай жаңа механизмлери мәмлекетимизде спорттың раўажланыўына үлкен әмелий үлес қосатуғынына исенемен.

Ҳүрметли делегациялар ағзалары!

Енди Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў, әҳмийетли спорт басламаларын алға қойыўға қосқан айрықша үлеси ушын сизлердиң қатнасыўыңызда Шайх Жавон Ол Сонийге Миллий олимпиада комитетиниң "Шон-шараф" орденин тапсырыўға руқсат еткейсиз.

Сөзимниң жуўмағында атап өтпекшимен: Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен спорт тараўында көп қырлы бирге ислесиўге таяр.

Бул мақтанышлы жолда сизлердей жақын досларымыз ушын кеўлимиз бәрқулла ашық.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, әўмет ҳәм жаңа табыслар тилеймен.