2025-жылдағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи ҳәм оны шөлкемлестириў шеңберинде өткерилген 20 ушырасыўда келип түскен 15 мың мүрәжатта көтерилген системалы машқалалардың шешимине қаратылған усыныс ҳәм басламаларды әмелге асырыў және ашықтан-ашық сөйлесиўде белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде қарар етемен:
I. Финанслық ресурслар.
1. 2026-2027-жылларда исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, зәрүр финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятларды жаратыў ушын жәми 270 триллион сум қаратылсын, атап айтқанда:
(а) еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының, сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы ири өндирислик жойбарлардың инфраструктурасын раўажландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 4 триллион сум;
(б) драйвер жойбарлар шеңберинде - 5 триллион сум;
(в) таңлап алынған район ҳәм қалаларды жедел раўажландырыў бағдарламалары ушын - 6 триллион сум;
(г) коммерциялық банклер тәрепинен киши ҳәм орта бизнес ушын - 250 триллион сум, соның ишинде, исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 30 триллион сум;
(д) "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ тәрепинен кеминде 5 мың исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын - 4 триллион сумлық финанслық қоллап-қуўатлаў илажлары.
2. 2026-жыл 1-майдан баслап исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў процесинде олардың төлеў қәбилетин баҳалаў ушын қәрежетлер (салық, коммунал төлемлер, транзакциялық операциялар ҳәм басқа да унамлы көрсеткишлер бойынша мағлыўматларды), товар айланысы, экспорт операциялары сыяқлы мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллеринде қәлиплестирилген мағлыўматлар базаларында бар мағлыўматлар арқалы альтернатив скоринг системасын енгизсин.
II. Сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда қолайлықлар жаратыў ҳәм туризмди раўажландырыў.
3. Сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын устав капиталында мәмлекетлик үлеси болмаған хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыў ҳәм өндириўге 2027-жыл 1-январьға шекем мораторий жәриялансын. Онда мораторий дәўиринде мүддети өткен дебитор қарыздарлық жағдайлары сапластырылғанда қолланылған жәриймалар бийкар етиледи.
4. 2026-жылдан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын Туризмди раўажландырыў бағдарламасы енгизилсин:
(а) 2026-2028-жыллары жайластырыў қуралларын шөлкемлестириў ушын кеминде 5 мың гектар жер участкаларын электрон онлайн аукционға шығарыў. Бунда:
(i) жер участкаларының аукцион саўдаларында қәлиплескен баҳасынан келип шығып, қурылатуғын мийманхана устав капиталының 50 процентинен аспаған бөлеги менен мәмлекетлик үлес пенен шерик болып кириў механизми енгизиледи.
(ii) мәмлекет үлесин 10 жыл даўамында базар баҳасында мүлк қатнасыўшысы яки басқа потенциаллы инвесторларга сатыў имканияты жаратылады;
(б) 2026-2028-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен барлық категориядағы исбилерменлик субъектлерине мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке шекем төмендеги муғдарларда кредитлер ажыратылады:
(i) ўәлаят орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, туризмге қәнигелескен район (қала) ларда қурылып атырған мийманханалар ушын - 30 миллиард сумға шекем;
(ii) басқа аймақларда - 10 миллиард сумға шекем;
(в) ҳәр жылы туристлердиң ең көп итибарына ийе болған ҳәм абырайлы халықаралық платформаларда унамлы тән алынған жайластырыў қуралларын анықлаў ҳәм сыйлықлаў бойынша сыйлық қоры 1 миллион АҚШ долларына тең таңлаў өткериў.
5. Усы Пәрманның 4-бәнти "б" киши бәнтине муўапық "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ тәрепинен:
(а) 30 миллиард сумға шекем кредитлердиң:
(i) 50 процентке, бирақ 10 миллиард сумнан аспаған муғдарға шекем кепиллик бериледи;
(ii) Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 2 есесинен аспаған ставкада миллий валютада ажыратылатуғын кредитлердиң тийкарғы ставкадан 4 процентлик пункт жоқары, бирақ 8 процентлик пунктке шекемги бөлеги қаплап бериледи;
(б) 10 миллиард сумға шекем кредитлердиң:
(i) 50 процентине кепиллик бериледи;
(ii) Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 2 есесинен аспаған ставкада миллий валютада ажыратылатуғын кредитлердиң тийкарғы ставкадан 4 процентлик пункт жоқары, бирақ 10 процентлик пунктке шекемги бөлеги қаплап бериледи;
(в) компенсация төлемлери "2+3" принципи тийкарында дәслеп кредиттиң дәслепки еки жылына усынылады, кейинги үш жыл даўамында мийманхана хызметлерин көрсетиўден түскен жыллық түсим 15 процент ҳәм оннан артық муғдарда болса әмелге асырылады;
(г) илажларды әмелге асырыў ушын Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2026-жылдан баслап Кредит процент қәрежетлерин компенсациялаў қорына қаратыў ушын зәрүр болатуғын қаржыларды Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутып барады.
6. 2026-жыл 1-январьдан баслап:
(а) республика районлары ҳәм қалаларында (ўәлаятлар орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге киргизилген туризм потенциалы жоқары болған районлар (қалалар) ҳәм туристлик зоналар буған кирмейди) жайластырыў қураллары ушын туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳәм төлеў тәртиби бийкар етилсин;
(б) шаңарақлық мийман үйи сыпатында тән алыў ушын бир ўақыттың өзинде ўақтынша жасаў ҳәм (ямаса) аўқатланыў бойынша хызметлер көрсетилиўи мүмкин болған келиўшилер (туристлер) саны бойынша белгиленген шекленген муғдар 2 есе арттырылсын.
7. 2026-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлик субъектлериниң жаңа мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын кеткен қәрежетлериниң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў системасы мийманхананы қосымша имаратлар ҳәм объектлер қурыў арқалы кеңейтиў ямаса бар имаратлар ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин мийманхана жумысына өзгертиўге де енгизилсин.
8. Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын киргизсин:
(а) санитария, фитосанитария ҳәм ветеринария (SPS) тараўында бирден-бир мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, "даладан дастурханға шекем" принципи тийкарында нәтийжели қадағалаў системасын енгизиў, руқсат бериў ҳүжжетлерин "қәўипти таллаў" системасы тийкарында "бир айна" принципи арқалы рәсмийлестириў, барлық процесслерди санластырыў;
(б) техникалық тәртипке салыў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, халықаралық стандартларға сәйкес техникалық регламентлер ҳәм декларация системасын кеңнен енгизиў, абырайлы халықаралық лабораториялардың жумысын жолға қойыў ушын шараятлар жаратыў.
9. 2026-жылдан баслап:
(а) мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз муғдары аймақта қәлиплескен ижара төлеминиң минимал базар баҳасынан келип шығып белгиленеди;
(б) мәмлекетлик көшпес мүлкти ижараға бериў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем арттырылады.
III. Салық төлеўшилерди хошаметлеў илажлары.
10. 2026-жыл 1-январьдан баслап айланыстан алынатуғын салық төлеминен биринши мәрте қосымша қун салығын төлеўге өткен исбилерменлик субъектлерине төмендеги хошаметлеў илажлары қолланылсын:
(а) бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиў;
(б) бир жыл даўамында қосымша қун салығы төлеўшиси сипатында салық органларында есапқа қойыў тәртибин бузғанлық ушын финанслық жәрийма қолланбаў;
(в) 6 ай даўамында бухгалтерия хызметлери қәрежетлериниң ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3,5 есесинен аспаған бөлегин төлеп атырған салық төлемлери есабынан шегирип таслаў.
11. 2026-жыл 1-январьдан баслап салық миннетлемелерин орынлаўдың төмендеги проактив тәртиби енгизилсин:
(а) юридикалық шахслардан алынатуғын мүлк салығы ҳәм жер салығы, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша салық есабатларын қәлиплестириў ўазыйпасы салық органларына өткериледи ҳәм бул миннетлеме салық төлеўшилер ушын бийкар етиледи;
(б) салық уйымлары тәрепинен қәлиплестирилген салық есабатларына салық төлеўши тәрепинен 5 жумыс күни ишинде зәрүр дүзетиўлерди киргизиў ҳәм дүзетилген салық есабатын усыныў ҳуқықы бериледи.
12. Төмендегилер:
(а) пайда салығы бойынша ҳәр айлық аванс төлемлерин төлеўи керек болған исбилерменлик субъектлериниң дәраматының шекленген муғдары 10 миллиард сумнан 20 миллиард сумға арттырылады;
(б) исбилерменлик субъектлери өз қаржылары есабынан социаллық инфраструктура тармақларын қурып, бийғәрез тапсырғанда, усы объектлер ушын исленген қәрежетлер пайда салығы базасынан азайтылады;
(в) 2025-жыл 1-ноябрьден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўши кәрханалар ушын белгиленген физикалық шахслардан аўыл хожалығы өнимлерин нақ пулға сатып алыўда, усы товарлар ушын кириў ҳүжжетлерин электрон тәризде рәсмийлестириў тәртиби барлық исбилерменлик субъектлерине енгизиледи;
(г) исбилерменлик субъектлериниң салық аудити нәтийжелери бойинша финанслық санкцияларды 6 ай ишинде тең үлеслерде төлеў ҳуқықы көшпели салық тексериўи нәтийжелери бойинша финанслық санкцияларға да тарқалады;
(д) 2025-жыл 1-август ҳалатына бола "Салық қәўипин анықлаў, таллаў ҳәм баҳалаў" системасы арқалы салық тексериўлерине талабан сыпатында қәлиплескен ҳәм салық қәўпи 16 триллион сум болған 20 мыңнан аслам субъектке салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгилерин ықтыярлы сапластырыў имканияты берилген ҳалда, бул дизим 2025-жыл 1-ноябрь ҳалатына қайта қәлиплестириледи;
(ж) 2026-жыл 1-январьдан баслап көшпели салық тексериўин өткериўде:
(i) мобил видеокамерадан пайдаланыў мәжбүрий есапланады;
(ii) мобил видеокамерадан пайдаланбастан өткерилген тексериўлер нызамсыз есапланады.
13. Салық комитети еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
(а) салық есабатын өз ўақтында усынбағаны ушын ҳәкимшилик жәрийма муғдарын киши исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахсларына базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 3 есесине, пуқаралар ушын базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 1 есесине азайтыў;
(б) есап бериў дәўиринде бирнеше салық түрлери бойынша салық есабатлары усынылмаған жағдайда, барлық усынылмаған есабатлар бойынша улыўма бир жәрийма қолланыў;
(в) ақырғы 3 айда салық есабатларын өз ўақтында усынған исбилерменлик субъектлерине салық есабатын өз ўақтында усынбағаны ушын ҳәкимшилик жәрийманы 5 күнге шекем қолланбаў.
14. Салық комитети Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-июльден баслап салықлар бойынша төлемлерди әмелге асырыў, артықша төлем ҳәм қарыздарлық суммаларын бирден-бир ғазна есап бети арқалы өз-ара есапқа алыў системасын енгизсин.
15. Жоқарғы суд Бизнес-омбудсман менен биргеликте 2025-жылдың ақырына шекем исбилерменлик субъектлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға экстерриториал тәртипте мүрәжат етиў имканиятын жаратыў бойынша нызам жойбарын киргизсин.
IV. Пәрман орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде төмендегилер:
(а) ислеп шығылатуғын нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының дизими (кейинги орынларда - Дизим) 1-қосымшаға муўапық;
(б) әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
17. Усы Пәрманға 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық:
(а) нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўы, келисилиўи ҳәм белгиленген тәртипте киргизилиўи, сондай-ақ илажлардың сөзсиз орынланыўы бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин;
(б) тапсырмаларды толық орынламаған, кешиктирип орынлаған ямаса орынланыўын тәмийинлемеген министрликлер ҳәм уйымлардың басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлерине тапсырма орынланыў мүддети тамамланған күннен баслап орынланыўы тәмийинленгенге шекемги болған мүддетте барлық хошаметлеў төлемлери тоқтатылатуғыны белгиленсин.
18. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
(а) Әдиллик министрлиги ҳәр ҳәптеде Дизим ҳәм әмелий илажлар режесиндеги ўазыйпалардың орынланыў жағдайы ҳаққында оператив мағлыўматты, ҳәр айда - толық мәлимлемени Есап палатасы ҳәм Министрлер Кабинетине усынады, сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымларға орынланбаған тапсырмалар бойынша мағлыўматлар киргизип барады.
(б) Дизим ҳәм әмелий илажлар режесинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў жағдайы ҳәр айда Министрлер Кабинети Президиумы мәжилислеринде көрип шығылады, жүзеге келип атырған машқалалардың шешими бойынша ҳәм де жол қойылған кемшиликлер ушын тийисли жуўапкерлерге шаралар көрилип барылады;
(в) Есап палатасы ҳәм Министрлер Кабинети Дизим ҳәм әмелий илажлар режесиндеги ўазыйпалардың орынланыў жағдайы ҳаққында ҳәр ҳәптеде оператив мағлыўматты, ҳәр айда - толық мағлыўматты және тапсырмалардың орынланыўында жүзеге келип атырған мәселелер шешими бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизеди.
19. Мәмлекетлик уйымлар тийисли нызам асты ҳүжжетлери ҳәм уйымлық көрсетпелердиң қабыл етилиўин күтпестен усы Пәрманның нормалары күшке кирген ўақыттан баслап сөзсиз ҳәм тиккелей әмелде қолланылыўын тәмийинлесин.
20. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Саўда-санаат палатасы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
21. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.А.Ходжаев белгиленсин.
22. Пәрманның орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш. Мирзиёев