"Аўғанстан Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы Молла Муҳаммад Ҳасан Охунд Уллы Мәртебели Мырза менен ушырасыўдан қуўанышлымыз, - деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң телеграм-каналында. - Дос ҳәм қоңсы Аўғанстан менен өз-ара қатнасықларды және де тереңлестириўге умтылып атырмыз.
Ушырасыўымыз даўамында саўда, гуманитарлық бирге ислесиў ҳәм регионаллық байланыслылықты раўажландырыў, соның ишинде, "Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан" темир жолы бойынша шекленген келисимди додаладық. Бул регионаллық интеграция жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Өзбекстан ҳүкимети инфраструктура, логистика, энергетика ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди беккемлеўге таяр. Аўғанстан Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында көпир ўазыйпасын атқарыўы керек, деп есаплаймыз".
Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар береди.