баннер
14 Mar 2025
12:47

    Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў қандай жағдайда?

    Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы (Орай) Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы 2017-2024-жылларға мөлшерленген саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди таллады.

    Қатнасықлардың раўажланыў динамикасы

    Кейинги жыллары Өзбекстан менен Малайзия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланбақта, бул товар алмасыў көлеминиң артып атырғаны ҳәм экономиканың түрли тармақларындағы жедел өз-ара бирге ислесиўде де айқын көзге тасланбақта. 1992-жылы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғаннан берли мәмлекетлер өзлериниң экономикалық байланысларын кеңейтиўге умтылды, бул соңғы жылларда әсиресе сезилерли болды.

    Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы саўда

    2017-2024-жыллар даўамында Өзбекстанның Малайзия менен товар алмасыў көлеми 1,6 есеге 65,5 миллион доллардан 102,4 миллион долларға шекем өсти, экспорт 1,3 есеге, импорт 1,6 есеге артты. Бул санлар еки мәмлекеттиң өз-ара саўданы кеңейтиўге қызығыўшылығы артып баратырғанынан дәрек береди.

    Өткен 8 жыл даўамында Өзбекстанның Малайзияға экспортының тийкарғы товарлары химиялық төгинлер ҳәм хызметлер, импорты болса пальма майы, ҳайўан ҳәм өсимлик майлары, химиялық ҳәм жуўыў қураллары, азық-аўқат өнимлери, таяр өнимлер ҳәм хызметлер болды.

    2024-жылы Өзбекстан экспорты 6 миллион долларды қурады, соннан 41 процентин азық-аўқат өнимлери, соның ишинде, овош, собықлы ҳәм мийўелер, 55 процентин химиялық элементлер, атап айтқанда, төгинлер қурайды.

    Малайзиядан импорт көлеми 96,4 миллион долларды қурады, соннан 23 проценти какао унтағы, кофе экстракты, соуслар ҳәм кондитер өнимлери сыяқлы азық-аўқат өнимлерине туўра келди. Ҳайўан ҳәм өсимлик майлары, соның ишинде, пальма ҳәм какос майы - 44%, жуўыў қураллары ҳәм спиртли араласпалар - 14%. Сондай-ақ, импорттың 9 процентин машина ҳәм транспорт үскенелери, 4 процентин транспорт хызметлери, 2,1 процентин медициналық өнимлер қурайды.

    Инвестициялық шериклик

    Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы инвестициялық бирге ислесиў өсиў ҳәм раўажланыў ушын үлкен потенциалдан дәрек береди. 2025-жыл 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда Малайзия инвестициясының қатнасыўындағы 36 кәрхана дизимге алынған, бул Өзбекстан базарына қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек береди.

    2017-2024-жылларда Малайзиядан Өзбекстанға бағдарланған тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң улыўма көлеми 12,9 миллион долларды қурады.

    Жуўмақ

    Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен потенциалға ийе. Еки мәмлекеттиң өз-ара саўда ҳәм инвестицияларға болған қызығыўшылығы артып атырғаны экономиканың тийкарғы тармақларында байланысларды беккемлеў ушын имканиятлар жаратпақта. Бул экономикалық раўажланыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға жәрдем береди.

    Бирге ислесиўди табыслы раўажландырыў ушын комплексли қатнасты қолланыў ҳәм бар имканиятлардан белсене пайдаланыў зәрүр.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech