Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя болғанын ҳәм Өзбекстан - Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының раўажланыўында әҳмийетли дәўир болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Сапар етиў даўамында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси болып өтти, онда еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери додаланды.
Экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Қазақстан Өзбекстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири екени атап өтилди.
Жыл басынан берли товар алмасыў 15 процентке өсип, дерлик 4 миллиард долларға жетти. Оның көлемин 2030-жылға шекем 10 миллиард долларға жеткериў бойынша комплексли жумыслар алып барылмақта. "Орайлық Азия" халықаралық санаат кооперациясы орайының ашылыўы сапар етиўдиң әҳмийетли ўақыясы болды.
Бул флагман жойбар мәмлекетлеримиз арасында кооперациялық байланысларды тереңлестириў ҳәм заманагөй қосымша қун шынжырларын қәлиплестириўге қаратылған.
Сондай-ақ, тийкарғы тараўларда улыўма баҳасы 1,3 миллиард доллар болған жаңа жойбарларға старт берилди.
Буннан тысқары, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары ҳәр тәреплеме додаланды. Биргеликте заманагөй транспорт коридорларын раўажландырыў, шегараалды инфраструктураның нәтийжелилигин арттырыў, тасыўларды, соның ишинде, Ақтаў ҳәм Қурық портлары арқалы жеделлестириўге келисип алынды.
Энергетика тараўындағы бирге ислесиў, соның ишинде, дәстүрий ҳәм альтернатив энергетика бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыў стратегиялық бағдар сыпатында белгиленген.
Тәреплер, бәринен бурын, Орайлық Азия регионында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырады.
Мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Быйыл Алматы ҳәм Астана қалаларында "Ләзги" балетиниң көргизбеси, художниклер көргизбеси, дөретиўшилер форумы, жаслар фестивалы үлкен табыс пенен өтти. Өзбекстанда өткерилип атырған Қазақстан медицинасы күнлери пуқараларымыз арасында үлкен қызығыўшылық оятты.
Илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик ҳәм жаслар шөлкемлери арасындағы алмасыўларды жеделлестириў, туризм тараўындағы биргеликтеги бағдарламаларды кеңейтиўге келисип алынды.
Тәреплер регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларын және бир мәрте билдирди. Усы мәниде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматының тийкарғы орны атап өтилди.
Ертең Ташкентте болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы пүткил Орайлық Азияда регионаллық интеграция ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў процесслерине жаңа пәт бағышлайтуғыны айрықша атап өтилди.
Көп тәреплеме, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, ҒМДА, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, "Орайлық Азия плюс" форматларында бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмиетли екени атап өтилди.
- Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевичтиң сапар етиўи еллеримиз арасындағы аўқамласлық қатнасықлары жоқары дәрежеде екенин және бир мәрте айқын тастыйықлады, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамалар еки тәреплеме шерикликти анық мазмун менен байытатуғынына, биргеликтеги жойбарлар ушын жаңа шеклерди ашып беретуғынына ҳәм дос мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар жарататуғынына исеним билдирди.