Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы авиақатнаўлар саны ҳәптесине 1000 ға жеткериледи

    24 шілде 2025 1653

    Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы авиақатнаўлардың саны үш есеге арттырылып, ҳәптесине мыңға жеткериў бойынша келисимге ерисилди.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Транспорт министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

    Атап өтилиўинше, усы жылы 21-22-июль күнлери Москва қаласында еки мәмлекет авиация ҳүкиметлери арасында ҳаўа қатнаўларын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилди.

    Бул илажда еки мәмлекет Транспорт министрликлери делегациялары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы елшиханасының ўәкиллери қатнасты.

    Сөйлесиўлер ўақтында ҳәзирги күнде әмелдеги авиақатнаўлардың санын арттырыў ҳәм пәрўазлар географиясын кеңейтиў ҳәм тәреплердиң авиакомпанияларына тийисли ҳуқықларды бериў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиўлер нәтийжесине бола төмендеги келисимлерге ерисилди:

    Атап айтқанда, ҳәр бир мәмлекеттиң тайынланған авиакомпаниялары тәрепинен ҳәптесине

    Ташкент - Москва жөнелисинде 50 ден (жәми 100);

    Самарқанд - Москва жөнелисинде 23 тен (жәми 46);

    Бухара - Москва, Үргенш - Москва, Ферғана - Москва, Наманган - Москва жөнелислеринде 14 тен (жәми 112);

    Ташкент - Санкт-Петербург, Ташкент - Красноярск, Ташкент - Сочи жөнелислеринде 14 тен (жәми 42);

    Термиз - Москва жөнелисинде 10 нан (жәми 20);

    басқа барлық қалалар жөнелислеринде 7 ден, яғный Россия авиатасыўшылары ушын олардың 80 халықаралық аэропортынан Өзбекстанның барлық халықаралық аэропортларына жәми 560, Өзбекстан авиатасыўшылары ушын Өзбекстанның барлық халықаралық аэропортларынан жоқарыда атап өтилгенинен тысқары Россияның ең ири 29 халықаралық аэропортларына жәми 203 авиақатнаўларды әмелге асырыў ҳуқықын бериў;

    сондай-ақ, авиақатнаўларды әмелге асырыў ўақтында 3 пәрўаз мәнзилин өзинде бирлестиретуғын "үш мүйеш" тәризли қатнаўларды әмелге асырыў шеңберинде авиакомпаниялардың саны бойынша шеклеўлерди бийкарлап, ҳәр бир компанияға 5 қалаға шекем таңлаў ҳуқықын бериў.

    Бул келисим шеңберинде ҳәр еки мәмлекет авиакомпаниялары барлық пәрўаз қалаларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда ҳәптесине 1000 нан аслам қатнаўларды әмелге асырыў ҳуқықына ийе болды, ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет арасында ҳәптесине жәми 310 нан аслам турақлы авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.

    Ерисилген келисим жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин арттырыў менен бирге, еки мәмлекет арасында туристлердиң еркин ҳәрекетлениўи ушын барлық имканиятларды жаратқан ҳалда еки тәреплеме саўда-экономикалық қатнасықлардың және де раўажланыўына хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates