Өзбекстанда исбилерменлик белсендилигиниң индекси орташа дәрежеде артпақта

    15 мамыр 2025 869

    Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен баҳаланған Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИФИ) 2025-жыл апрель айында 1099 бирликти қурап, 2025-жыл март айына салыстырғанда 9,9 процентке ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 22,3 процентке сезилерли дәрежеде артқан.

    Хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлериндеги операциялар саны 17,2 процентке артқан. Товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў жеделлиги 9,6 процентке артқан. Жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 2,8 процентке азайған. Товар белгилери бойынша компонент 21,8 процентке артқан.

    Исбилерменлик белсендилиги индекси 13 аймақта өткен айға салыстырғанда өсиўи бақланған. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы (33,8 процент), Наўайы (26,9 процент), Самарқанд (18,2 процент), Хорезм (15,6 процент) ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында (15,3 процент) сезилерли дәрежеде өсиў бақланған. Бирақ Исбилерменлик белсендилиги индекси Қашқадәря ўәлаятында (1,8 процент) төменлеген.

    14 аймақта юридикалық шахслар арасындағы банк айланысларының саны өткен айға салыстырғанда артқан. Атап айтқанда, Ташкент қаласы (19,1 процент), Қарақалпақстан Республикасы (16,3 процент), Жиззақ (16 процент), Наўайы ҳәм Сурхандәря (14,8 процент) ўәлаятларында сезилерли дәрежеде өсиў бақланған.

    Республикалық товар-шийки зат биржасында товарлар саўдасының улыўма айланысының көлеми 2025-жыл апрель айында 8 030,5 млрд. сумды қурап, бул көрсеткиш өткен айға салыстырғанда 8,7 процентке артқан.

    Жумыс алып барып атырған хожалық субъектлери бойынша компонент 2025-жыл апрель айында 0,9723 бирликти қурап, өткен айға салыстырғанда 2,8 процентке, сондай-ақ, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 4,4 процентке азайған.

    2025-жылдың апрель айында барлық түрде жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң саны өткен айға (469 296 бирлик) салыстырғанда 4 561 бирликке артып, 473 857 бирликти қураған.

    Ири исбилерменлик пенен шуғылланыўшы кәрханалардың саны болса 627 ге азайған.

    Есап бериў дәўиринде, киши кәрханалардың саны 372 887 ден 377 833 ке артқан (өсиў 4 946). Сондай-ақ, фермер хожалықларының саны 91 725 тен 91 967 ге (+242) артқан. Ири исбилерменлик пенен шуғылланып атырған субъектлердиң саны 4 057 ди қурап, 2025-жылдың март айына салыстырғанда 627 ге азайған.

    Саўда белгилерин қорғаў бойынша индекс 1,2183 бирликти қурап, бул көрсеткиш 2025-жылдың март айына салыстырғанда 21,8 процентке артқан. Юридикалық тәреплер тәрепинен 413 товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен өткерилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates