баннер
6 Apr 2025
03:07

    Ташкент қаласында турақ жайға инвестициялардың дәраматлылығы төменлеп бармақта

    Усы жылдың январь айында пайтахтта көп қабатлы турақ жайларға инвестициялардың дәраматлылығы 2024-жылдың февраль айындағы орташа 32,4 проценттен 7,6 процентке шекем төменледи.

    Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) қәнигелери тәрепинен Ташкент қаласында көп қабатлы турақ жайларға инвестициялардың дәраматлылығы үйренилди.

    Усы дәўирде көп қабатлы турақ жайға инвестициялардың дәраматлылығы жайласқан аймағы ҳәм ханаларының санына қарай бир-биринен сезилерли дәрежеде парықланады:

    1 ханалы:

    Мирабад -1,7% (2024-жыл февраль - 53,0%),

    Бектемир - 54,3% (46,8%);

    2 ханалы:

    Учтепа - 2,6% (27,0%),

    Яккасарай - 15,1% (24,2%);

    3 ханалы:

    Бектемир - 5,5% (33,7%),

    Яккасарай - 10,4% (22,8%);

    4 ханалы:

    Бектемир -7,3% (37,9%),

    Чиланзар - 16,5% (19,8%).

    Турақ жайлардың баҳасы өзгериўинен алынатуғын дәрамат. 2024-жыл февраль айында турақ жай ҳәм ижара баҳаларының салыстырмалы көтерилиўи (төменлеўи) есабынан алыныўы мүмкин болған пайда Яккасарай, Бектемир ҳәм Чиланзар районларында сәйкес түрде орташа 16,1%, 26,9% ҳәм 15,4%ти қураған болса, 2025-жыл январь айында бул көрсеткишлер 3,0%, 2,8% ҳәм 0,3%ке шекем төменледи.

    Сондай-ақ, Ташкент қаласында турақ жайлардың баҳасының өсиўден дерлик тоқтаўы ҳәм бираз арзанлаўы нәтийжесинде усы жылдың январь айында турақ жайлардың баҳасының өзгериўинен алынатуғын орташа дәрамат Шайхантаҳур (35,8%тен -0,8%ке) ҳәм Юнусабад (30,4%тен -3,4%ке) районларында сезилерли дәрежеде төменлегени бақланды.

    Турақ жайларды ижараға бериўден алынатуғын дәрамат.

    Усы жылдың январь айында турақ жайларды ижарадан алынатуғын жыллық орташа дәрамат:

    Мирабад районында 10,0%ти (2024-жыл февраль айында - 10,4%),

    Мырза Улуғбек районында 9,9% (10,6%),

    Шайхантаҳур районында 9,8% ти (11,6%) қурады.

    Бул көрсеткиш ижара баҳалары салыстырмалы түрде арзан болған районлар:

    Алмазарда 8,9% (9,4%),

    Учтепада 8,9% (8,6%) ҳәм

    Сергелиде 8,9% ти (8,4%) қурады.

    Дәрамат дәрежеси бойынша инвестициялық тартымлылығы жоқары есапланған 1 ҳәм 2 ханалы квартиралардан дәрамат алыў имканиятлары да түсип бармақта. 2024-жылдың февраль айында 1 ҳәм 2 ханалы квартираларға бағдарланған инвестициялардың дәраматлылығы сәйкес түрде 35,6% ҳәм 30,8%ти қураған болса, усы жылдың январь айында бул көрсеткиш 14,3% ҳәм 7,5%ке түсти.

    Усы дәўирде 3 ҳәм 4 ханалы квартиралар ушын дәраматлылық көрсеткиши сезилерли дәрежеде төменледи (сәйкес түрде 5,5% (2024-жыл февральда 33,0%) ҳәм 2,9% (30,3%)).

    2024-жылдың ярымынан баслап турақ жайға инвестициялар дәраматлылығы физикалық шахслардың миллий валютадағы депозитлерден алынатуғын орташа дәраматлылықтан төмен дәрежеде қәлиплесип келмекте.

    2023-2024-жыллары сырт ел валютасындағы банк депозитлери бойынша орташа процент ставкасы 5% әтирапында қәлиплескен болса, миллий валютадағы депозитлер бойынша ставкалар 21-22% әтирапында өзгерип турды.

    Раўажланып атырған мәмлекетлерде халықтың қорларын турақ жайға бағдарлаў қысқа мүддетте социаллық-экономикалық турақлылықты арттырыўы мүмкин. Бирақ узақ мүддетте капитал базарын раўажландырыў ҳәм халық ушын диверсификацияланған инвестициялық имканиятларды усыныў әҳмийетли. Усы жол менен халықтың қорлары тек ғана сақланып қалмай, ал миллий экономиканың ҳәр қыйлы тараўларына инвестиция киргизилгеннен кейин және де жедел раўажланыў имканиятын береди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech