баннер
21 Mar 2025
21:07

    Қытайлы инвесторлар Өзбекстанға қәўип туўдырмайды - Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги

    Социаллық тармақларда тарқалған Өзбекстан жерлери Қытай компаниялары тәрепинен "ийелеп алынғаны" ҳаққындағы хабарларға Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Илзат Қосимов түсиник берди.

    "Қытай Өзбекстан экономикасына ең ири инвестициялар киргизип атырған мәмлекетлерден бири. Бирақ мәлимлеме майданында ўақты-ўақты менен Қытай компаниялары "Өзбекстан жерлерин ийелеп атырғаны" ҳаққында тийкарсыз даўалар тарқалмақта", - деп жазады өзиниң фейсбуктағы бетинде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Илзат Қосимов.

    Ол жағдай бойынша дурыс жуўмақ шығарыў ушын фактлер ҳәм реал мағлыўматларды усынған.

    1. Өзбекстанның инвестиция сиясаты.

    Барлық инвесторлар, келип шыққан мәмлекетине қарамастан, Өзбекстанда теңдей шараятларда ҳәм нызам талапларына муўапық жумыс алып барады.

    Олардың жумысы мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик институтлар тәрепинен тәртипке салынады, бул болса инвестиция процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлейди.

    Қытайдан тысқары, Өзбекстан экономикасына Саудия Арабстаны, БАӘ, Түркия, Россия, Франция, Германия, Қубла Корея ҳәм басқа да көплеген мәмлекетлер инвестиция киргизбекте. Мәмлекетимиз аз санлы шериклер менен шекленип қалмастан, инвестицияларды ҳәр қыйлы дәреклерден тартпақта.

    2. Қытай инвестицияларының тийкаргы бағдарлары.

    Соңғы үш жылда Қытай инвестициялары төмендегише бөлистирилген:

    62% - санаатқа;

    11% - жанылғы-энергетика секторына;

    4% - аўыл хожалығына;

    Қалған бөлеги - басқа тараўларға.

    Көринип турғанындай, инвестициялардың ең үлкен бөлеги санаатқа бағдарланған, аўыл хожалығы ямаса жер ресурсларына емес.

    3. Тоқымашылық санааты - табыслы инвестициялардың үлгиси есапланады.

    Қытай инвестициялары белсене тартылып атырған тийкарғы тараўлардан бири бул тоқымашылық санааты болып есапланады. Бүгинги күнде Өзбекстанда 7600 ден аслам текстиль кәрханасы бар болып, олар жылына 123,2 триллион сумлық өним ислеп шығарады. Олардан тек ғана 57 си Қытай капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген, яғный Қытай компанияларының үлеси сезилерли емес.

    Қытай қатнасыўындағы табыслы текстиль жойбарларының мысаллары төмендегише:

    Жиншенг Гроуп - $115 млн инвестиция киргизип, LT Textile International кластерин шөлкемлестирди, 700 жумыс орны жаратылды;

    Mulanhua Group - 33,2 млн доллар инвестиция менен Nanyang M&F ҳәм Bobur M&F М&Ф ҳәм Бобур М&Ф кәрханаларын шөлкемлестирди, 450 жумыс орны жаратылды;

    Chang Liang Textiles - 5,5 млн доллар инвестициялар, 120 жумыс орны;

    Hebei Evershine Textile - 3,7 млн инвестициялар, 100 жумыс орны.

    Буннан тысқары, Өзбекстан текстиль өнимлери Қытайға төмендеги үш саўда үйи арқалы экспорт етиледи:

    Nanyang Red Cotton Angel Textile FE,

    Posso International Textile FE,

    Vodiy Toshloq Textile.

    Бул Өзбекстан Қытайдан инвестицияларды тартыў менен бирге, экспорт потенциалын да кеңейтип атырғанын көрсетеди.

    4. Аўыл хожалығында да жерге емес, технологияларға инвестицияларға итибар бериледи.

    Кең тарқалған надурыс пикирлерге қарамастан, Қытай инвестицияларының тек ғана 4 проценти аўыл хожалығына туўра келеди. Өзбекстанда сырт ел инвесторларына жер сатыў қадаған етилген - оны тек 25 жылға ижараға алыў мүмкин ҳәм бул тек ашық аукцион арқалы әмелге асырылады.

    Мысал: Lihua Group Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында пахта жетистириў ҳәм туқымгершилик бойынша жойбарды әмелге асырмақта. Компанияға өнимдарлығын заманагөй агротехнологиялар жәрдеминде арттырыў шәрти менен суўғарылмайтуғын ҳәм өнимдарлығы төмен болған жерлер берилген.

    5. Алдынғы технологиялар ҳәм инновациялар киргизилмекте.

    Қытай инвестициялары Өзбекстанның технологиялық раўажланыўына да хызмет етпекте. Мысал ушын Жиззақ ўәлаятындағы BYD автомобиль заводын келтириў мүмкин. Бул жерде 1500 жумыс орны жаратылған, олардың көпшилигин өзбек қәнигелери ийелеген. 2024-жылы 200 өзбекстанлы қәниге Қытайда BYD заводларында тәжирийбе арттырды.

    6. Энергетика тараўында альтернатив дереклерге инвестициялар киргизилмекте.

    Өзбекстан қайта тиклениўши энергетиканы жедел раўажландырмақта. 2,7 ГВт қуяш электр станциялары, 752 МВт самал электр станциялары, 169 МВт микро ГЭСлер, 1,4 ГВт энергия сақлаў қуўатлықлары иске қосылмақта.

    Қытай қуяш ҳәм самал электр үскенелерин ислеп шығарыўда дүнья жетекшиси болып есапланады. Өзбекстанда 9 млрд долларлық 20 дан аслам энергетика жойбарлары Қытай компанияларының қатнасыўында әмелге асырылмақта ҳәм оларда тийкарынан жергиликли қәнигелер ислемекте.

    7. Жоқарыдағы фактлер тийкарында төмендеги жуўмақларды шығарыў мүмкин:

    Қытай инвестицияларының тийкарғы бөлеги санаат, технология ҳәм энергетикаға бағдарланған;

    Сырт ел инвесторлары Өзбекстанда жер сатып ала алмайды;

    Жойбарларда жумыс орынларының көпшилигин өзбекстанлылар ийелейди.

    Бирге ислесиў тек ғана инвестицияларды тартыў емес, ал жаңа технологиялар ҳәм жумыс орынларын жаратыўға да хызмет етеди.

    "Биз кең жәмийетшиликти тек ғана исенимли фактлерге сүйениўге шақырамыз! Барлық инвестициялық жойбарлар Өзбекстан мәплерине муўапық ҳәм миллий нызамшылық шеңберинде әмелге асырылмақта", деп жазады министр орынбасары.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech